Конференция инклюзив билимлендириўди раўажландырыў, айрықша билимлендириўге мүтәж болған балаларға сапалы билим ҳәм тәрбия бериўдиң нәтийжели механизмлерин ислеп шығыў, алдынғы педагогикалық тәжирийбелерди кең ен жайдырыў, халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиў мақсетинде өткерилди.

Оған Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги, Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының ўәкиллери, институттың және республикамыздың алдынғы жоқары оқыў орынлары, илимий орайлары менен бирге Россия Федерациясы А.И.Герцен атындағы Россия мәмлекетлик педагогикалық университети, Москва халықаралық мектепке шекемги педагогикалық академиясы, К.Д.Ушинский атындағы Ярославл мәмлекетлик педагогикалық университети, Қазақстан Республикасы Абай атындағы Қазақ миллий педагогикалық университетинен профессор-оқытыўшылар, илимпазлар қатнасып, өз баянатларын оқыды.

Конференцияда инклюзив билимлендириўди енгизиўдиң әҳмийетли мәселелери, арнаўлы педагогика ҳәм дефектология тараўындағы заманагөй қатнаслар, санлы технологиялардың билимлендириў процесине интеграциясы, сондай-ақ, психологиялық-педагогикалық қоллап-қуўатлаў системасын жетилистириў мәселелери кең додаланды.

Сондай-ақ, конференция шеңберинде секция мәжилислери шөлкемлестирилип, онда қатнасыўшылар өз ара тәжирийбе алмасыў, инновациялық метод ҳәм технологияларды әмелиятқа енгизиў бойынша пикир-усыныслар билдирди.

Илаж жуўмағында конференция резолюциясы қабыл етилип, онда айрықша билимлендириўге мүтәж болған балалар ушын оқытыўдың сапасын арттырыў, олардың социаллық бейимлесиўин қоллап-қуўатлаў, педагог кадрлардың қәнигелигин жетилистириў және илимий-изертлеў жумысларын буннан былай да раўажландырыўға бағдарланған әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп алынды.

 

Минажатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ,

«Янги Ўзбекистон» хабаршысы.