Мәселен, бир ўақытлары өгиз ҳәм ешек қосып жер сүрген, туқымды қол менен сепкен, зүрәәтти орақ пенен орып, қырман көтерген бабалар дәўири бүгин техника шаўқымы артында қалды. Жер адымлап өлшенген, мийнет болса тийкарынан физикалық күшке сүйенген дәўирди тракторлар, комбайнлар ҳәм анық есап-санақларға тийкарланған заманагөй технологиялар ийеледи. Инсанның мийнети жеңиллести, ўақты үнемленди, зүрәәтлилик артты.

Бирақ раўажланыў тек ғана қолайлық дегени емес. Тәбият пенен мүнәсибет те түп-тийкарынан өзгермекте. Бурынғы дизе бойы қарлар, жаўын-шашынлы бәҳәрлер ҳәм турақлы мәўсимлер енди сийрек ушырасатуғын ҳәдийсеге айланып бармақта. Ыссылық жыл сайын көтерилмекте, суў тамтарыслығы күшеймекте, жердиң өнимдарлығы төменлемекте. Нәтийжеде азық-аўқат қәўипсизлиги тек ғана аймақлар емес, ал пүткил дүнья көлеминдеги машқалаға айланды. Енди жасалма жаўын жаўдырыў технологиялары, топырақ қурамын анық өлшейтуғын үскенелер, жоқары зүрәәтли сортлар ҳәм санлы бақлаў системалары ислеп шығылмақта. Булардың барлығы өзгериўшең климат шараятында турақлылықты сақлаўға қаратылған.

Усы жыл 23-февраль күни мәмлекетимиз басшысы аўыл хожалығын арнаўлы техника менен тәмийинлеў ҳәм тараўға санлы технологияларды кеңнен енгизиў бойынша презентация менен танысты. Аўыл хожалығы тараўындағы өзгерислер елимизде де кең көлемде енгизилмекте. Бүгин Өзбекстан аўыл хожалығында механизацияласыў дәрежеси 81 процентти қурап, тармақтағы әҳмийетли трансформацияның айқын көринисине айланды. Бул көрсеткиш өндирис нәтийжелилигин арттырыў, фермерлердиң мийнетин жеңиллетиў ҳәм жер ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыўда да тийкарғы фактор болып есапланады. Тараўдағы избе-из реформалар тарийхый өзгерислерден илҳамланып, инсан ҳәм техника арасындағы теңсалмақлылықты беккемлеўге қаратылған.

Соның ишинде, соңғы жыллары 1756 пахта териў машинасының сатып алынғаны ҳәм пахта теримин механизациялаў дәрежеси 52 процентке жеткени аўыл хожалығы тарийхындағы әҳмийетли басқыш болып есапланады. Өткен мәўсимде машина жәрдеминде 2,1 миллион тонна пахта жыйнап алынған. Бул кейинги бес жылда қол мийнетинен пайдаланыўдың 1,8 есеге қысқарыўына хызмет етти. Бул көрсеткишлер өндиристе технологиядан пайдаланыўдың әҳмийетин ҳәм инсан мийнетин нәтийжели системаға айландырыў зәрүрлигин және де айқын көрсетеди.

Гезектеги ўазыйпа пахтаны машинада териў үлесин кеминде 70 процентке жеткериў болып табылады. Бул мақсет ушын 2026-жылы 800 пахта териў машинасы, сондай-ақ, 6000 сеялка, трактор ҳәм комбайн сатып алыныўы режелестирилген. Улыўма, жыл даўамында 10 мың жаңа техника сатып алынып, аўыл хожалығы техникаларын 292 мыңға жеткериў нәзерде тутылмақта. Бул өнимдарлықты арттырыў, технология ҳәм билим тийкарында нәтийжели өндиристи шөлкемлестириўде үлкен әҳмийетке ийе.

Жаңа техникаларды фермерлерге қолайлы шәртлерде усыныў мақсетинде халықаралық финанс институтларынан 400 миллион доллар тартылады. Бул қаржы арқалы техника миллий валютада 2 жыллық жеңиллетилген дәўир менен 10 жылға 18 процент ставкада бериледи. Кредит ставкасының 8 проценти мәмлекетлик бюджет есабынан қапланады. Бул механизм фермерлердиң финанслық жүгин жеңиллестирип, заманагөй техникадан нәтийжели пайдаланыўға илҳамландырыў менен бирге, аўыл хожалығында технологиялық ҳәм экономикалық турақлылықты тәмийинлейди.

Презентацияда мәмлекетимизде аўыл хожалығы машина қурылысын раўажландырыў, жергиликли өндирис ҳәм хызмет көрсетиўди кеңейтиў тийкарғы ўазыйпа екени атап өтилди. Бул тек ғана экономикалық нәтийжелилик емес, ал технология ҳәм билимге тийкарланған раўажланыўдың әҳмиетли белгиси сыпатында көринбекте.

2026-2028-жылларда жергиликли ислеп шығарылатуғын техника ҳәм агрегатлардың көлемин бес есеге арттырыў, локализациялаў дәрежесин болса қосымша 10 процентке көтериў режелестирилген. Бул илажлар жергиликли өндирис потенциалын беккемлейди, ишки базарды қоллап-қуўатлайды ҳәм миллий экономикада өзин-өзи тәмийинлейтуғын система жаратыўға хызмет етеди. Атап айтқанда, 2026-жылы өндирис көлемин 6000 ға шекем, 2028-жылға шекем локализациялаў көрсеткишин өзи жүретуғын техникада 30-35 процентке, аспа ҳәм тиркемели техникада болса 60-65 процентке жеткериў режелестирилген.

Техника ҳәм агрегатларды сатып алыўдағы субсидиялаў системасы болса локализациялаў дәрежеси 25 проценттен жоқары болған техникаларға енгизилмекте. Бул механизм фермерлердиң финанслық жүгин жеңиллестириў менен бирге, жергиликли өндирисшилерди де қоллап-қуўатлаўға хызмет етеди.

Сондай-ақ, презентацияда талап жоқары болған 3 түрдеги импорт техника ушын да субсидия ажыратыў усынысы киргизилди. Улыўма етип айтқанда, усы жылы техника баҳасының 15 процентин қаплаў ушын 660 миллиард сум субсидия қаратылыўы нәзерде тутылған. Бул ҳәрекетлер аўыл хожалығында инвестициялардың нәтийжели жумсалыўы ҳәм фермерлер ушын заманагөй техникадан қолайлы пайдаланыў имканиятын тәмийинлейди.

Соның менен бирге, Ташкент трактор заводының жумысын раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў илажлары да додаланды. Бул баслама жергиликли машина қурылысы потенциалын арттырыў, өндиристиң турақлылығын тәмийинлеў ҳәм миллий техника парклерин заманагөй стандартлар тийкарында раўажландырыў имканиятын береди. Жергиликли заводлардың жумысын қоллап-қуўатлаў арқалы мәмлекетимиз технология ҳәм инновация тийкарында экономикалық еркинликке ерисиўде әҳмийетли қәдемлер тасламақта.

Аўыл хожалығын модернизациялаў процесинде тек ғана техника ҳәм агрегатлар емес, ал финанслық хызметлер де орайлық әҳмийетке ийе. Презентацияда тараўда заманагөй банк хызметлерин жолға қойыў, санлы технологиялар ҳәм жасалма интеллект тийкарында шешимлерди енгизиў жумыслары да додаланды.

2025-жылы "Агробанк" АКБ тәрепинен аўыл хожалығы техникасы ушын 1,6 триллион сумлық кредитлер ажыратылған болса, усы жылы бул көрсеткиш 3,9 триллион сумға жеткерилиўи нәзерде тутылмақта. Кредитлеў процесин автоматластырыў нәтийжесинде фермерлерге кредит бериў мүддети 3 күннен 3 саатқа шекем қысқарады. Бул болса финанслық хызметлердиң пәти ҳәм нәтийжелилигин арттырыў менен бирге өндирис процесинде фермерлердиң ўақты ҳәм ресурсларын үнемлеў имканиятын береди.

Заманагөй санлы ҳәм жасалма интеллектке тийкарланған платформалар фермерлердиң комплексли хызметлерден пайдаланыў имканиятын кеңейтеди. Олар банк, консалтинг, мониторинг, топырақ анализи, нәл жеткерип бериў, агроном мәсләҳәтлесиўи ҳәм оқыў курслары сыяқлы хызметлерден бир жерде пайдаланыўы мүмкин. Бул система фермерлердиң билимин ҳәм маманлығын арттырыў менен бирге аўыл хожалығы тараўында нәтийжели ҳәм турақлы өндиристи тәмийинлейди.

Сардор ТОЛЛИБОЕВ,

“Янги Ўзбекистон” хабаршысы