Арзалар, усыныслар ҳәм шағымлар нызамда белгиленген тәртипте ҳәм мүддетлерде көрип шығылыўы шәрт" деп белгилеп қойылған. Демек, мүрәжатлар пуқаралардың тек ғана сиясий ҳуқықы емес. Ҳәр бир мүрәжат артында инсан тәғдири турыпты.

Көпшилигимиздиң бул конституциялық нормадан хабарымыз бар. Бирақ Президентимиз жақында болып өткен мәжилисте атап өткениндей, биз кейинги ўақытта адамлар менен пикирлесиўди умытып кеттик. Олардың арасына кирип, ашық ҳәм шын кеўилден сөйлесиў, дәртин тыңлаў жумысымызда, тилекке қарсы, ақырғы орынға түсип қалды.

Соңғы жыллары, анығырағы, жаңа Өзбекстанды қурыў сиясаты алға қойылған дәслепки дәўирде халық пенен пикирлесиў инсан мәплерин ҳәр тәреплеме тәмийинлеўдиң баслы өлшеми етип белгиленген еди.

Мәмлекетимиз жетекшисиниң халық пенен пикирлесиў сиясатын мәмлекетлик дәрежеге алып шығыўы тек ғана мәўсимлик илаж емес еди. Буның әҳмийетли социаллық-экономикалық ҳәм сиясий себеби бар еди. Есиңизде болса, буннан 10 жыл бурын, 2016-жыл сентябрьде интернет тармағында Бас министрдиң электрон қабыллаўханасы шөлкемлестирилген еди. Бул қабыллаўханаға қысқа дәўирде халықтан 218 мыңнан аслам мүрәжат келип түскени ҳәм олардан 59 процентине унамлы шешим табылып, және 41 проценти үйренилгени, сол ўақытлардағы реформаларға қарамастан, бир қанша үлкен машқалалар бар екенинен дәрек беретуғын еди. Президентимиз Өзбекстан Конституциясының 24 жыллығы мүнәсибети менен шығып сөйлеген сөзинде атап өткениндей, бул мүрәжатларды таллаўдан көп нәрсе белгили болды. Айтып өтиў орынлы болса, олар турмысымыздағы бар өткир машқалаларға көзимизди ашты.

Халық мәмлекетлик уйымларға емес, мәмлекетлик уйымлар халыққа хызмет етиўи керек, деген белгили сөз сол ўақытта алға қойылғаны да бийкарға емес еди. Жыллар даўамында жыйналып қалған ҳәм шешимин күтип турған мәселелерге айрықша итибар қаратыў ушын 2017-жыл елимизде "Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылы" деп жәрияланды. Буннан мақсет мәмлекетлик уйымлардың пуқаралар менен өз-ара қатнасықларындағы қатнасты түп-тийкарынан қайта қурыў, халық пенен турақлы пикирлесиўде болыў, оларды қыйнап атырған машқалаларды шешиўдиң жаңа механизми ҳәм нәтийжели усылларын енгизиў еди.

2017-жылдан берли барлық дәрежедеги ҳәкимлер, прокуратура ҳәм ишки ислер уйымлары басшыларының халық алдында есап бериў системасы енгизилгени мәмлекетлик ҳәкимияттың бирден-бир дәреги халық, деген конституциялық норманы әмелиятқа енгизиў жолындағы үлкен қәдем болды. Әлбетте, онда мәмлекетимиз жетекшисиниң қатаң сиясаты ҳәм халықты разы етиў жолындағы жеке басламасы үлкен әҳмийетке ийе болды.

Өткен жыллары халық пенен пикирлесиў системасы турақлы жетилисип барды. Оның елимиздиң социаллық-экономикалық ҳәм сиясий турмысында тутқан орнына айрықша итибар берилди. Президенттиң Виртуал қабыллаўханасы ҳәм Халық қабыллаўханасы машқалаларды тиккелей шешиўде халыққа нәтийжели хызмет көрсетти. Әйне усы система арқалы орынларда көшпели ушырасыўлар ҳәм қабыллаўлар шөлкемлестирилип, алыс орынларда да адамларды тиккелей жуўапкер басшылар тәрепинен қабыллаў әмелияты жолға қойылды.

Мағлыўматларға бола, 2025-жылы Президент Виртуал қабыллаўханасына 1 миллион 216 мың мүрәжат келип түскен ҳәм олардың 579 мыңы унамлы шешилген. Бул орынларда машқалалар өз шешимин күтип турғанынан дәрек, әлбетте. Соның ушын быйыл 13-март күни мәмлекетимиз басшысының басшылығында халықтың мүрәжатлары менен ислесиў системасын жаңа дәрежеге көтериў ҳәм жәмийетшиликтиң пикирин терең таллаў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Мәжилисте өткен жылларда халық пенен нәтийжели пикирлесиў системасының жаратылғаны ҳәм келешекте мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстың барлық тараўларында болып атырған кең көлемли жаңаланыўлар процесинде халықтың мүрәжатлары менен ислесиў системасын буннан былай да жетилистириў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы халық пенен пикирлесиў мәдениятын избе-из арттырыў, пуқараларды тыңлаў, пикир-усынысларын есапқа алған ҳалда қарар қабыл етиў мәмлекетлик уйымлардың жумысында баслы норма болыўы шәрт екенлигин атап өтти. Сондай-ақ, халықтан келип түсип атырған мүрәжатларға тек ғана оператив жуўап бериў емес, ал оларды системалы таллап, социаллық изертлеў нәтийжелери менен салыстырыў арқалы тийисли шешимлерди усыныс етиў зәрүрлигин билдирди.

Жоқарыдағылардан келип шығатуғын жуўмақ сонда, "Ҳәр бир инсан ҳәм шаңарақтың машқаласын билип, ўақтында жәрдем бериўим керек", деген сүрен ҳәр бир район, қала, ўәлаят ҳәкими, министр, оның аймақлық шөлкем басшыларының бас қағыйдасы болыўы зәрүр. Буннан 10 жыл бурын басланған "халық пенен пикирлесиў" тек ғана мәўсимлик илаж емес, ал халықты разы етиў жолындағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдары болып есапланады.

Халық пенен пикирлесиўдиң жаңа тәртибине бола, енди Халық қабыллаўханалары тек ғана арзаларды қабыл етиў ҳәм оларды тийисли тәртипте жуўапкерлерге жибериў менен шекленбейди. Бар машқалаларды таллап, олардың келип шығыў себеплерин анықлайды ҳәм тийисли уйымлар менен биргеликте ҳуқықый шешимин табыўға байланыслы әмелий усынысларды береди. Ең әҳмийетлиси, мүрәжатлар менен ислесиўде мәҳәлле системасының жуўапкершилиги және де арттырылады.

Ҳәр бир мүрәжаттың артында инсан тәғдири турған екен, демек, мүрәжатқа мүнәсибет инсан тәғдирине мүнәсибет болып табылады. Мүрәжатларға бийпарўалық болса сиясатымызға қыянет сыпатында қабыл етилиўи керек!

Абдуманноб РАҲИМОВ,

Конституциялық суд судьясы,

юридика илимлери докторы