АҚШ әскерий министрлиги 2 мыңға жақын десантшыны Жақын Шығыс аймағына көшириў ҳаққында буйрық берди. Бул ҳаққында The New York Times газетасы баянат жасады.
Оның мағлыўматларына бола, Жақын Шығысқа элита 82-ҳаўа-десант дивизиясының "тез жуўап бериў күшлери" әскерий хызметкерлери жибериледи. Атап өтилиўинше, десантшылар "Иранға тиккелей жақын жерде" жайласады, деп жазбақта tass.ru.
Өткен ҳәптеде Fox News телеканалы USS Boxer универсал десант кемеси ҳәм АҚШтың 11-теңиз пияда әскерлери экспедициялық отряды басшылығында 4,5 мыңға шамалас теңизшилер ҳәм теңиз пияда әскерлеринен ибарат амфибия-десант топары Жақын Шығысқа жөнеп кеткени ҳаққында хабар берген еди.