Атап айтқанда, Мәмлекетимиз басшысының 2026-жыл
8-майдағы "Ғаўаша ҳәм бийдай жетистириўшилерди қаржылай қоллап-қуўатлаўдың
қосымша илажлары ҳаққында"ғы Пәрманы менен фермерлер ҳәм кластерлерге бир
қатар жеңилликлер берилди.
Бириншиден, шәртнамада белгиленген мүддетте
қайтарған хожалықларға усы кредитлер бойынша төленген процент төлеминиң 2,5
процентин, өним жылы жуўмағына шекем (тийисли жылдың 31-декабрьине шекем)
қайтарған хожалықларға усы кредитлер бойынша төленген процент төлемлериниң 5
процентин ҳәм бийдай жетистириў қәрежетлери ушын ажыратылған жеңиллетилген
кредитлерди өним жылы 1-августына шекем толық қайтарған хожалықларға усы
кредитлер бойынша төленген процент төлеминиң 4 процентлик пункт қаржылары
фермер хожалықларына қайтарып бериледи яғный, фермерлердиң қаржылары үнемленип
ҳәм экономикалық имканиятлары артады.
Екиншиден, дизель жанылғысын сатып алыўға байланыслы
қәрежетлердиң бир бөлегин қаплаў мақсетинде 2026-жыл 1-апрельден 2026-жыл 1-июльға
шекем аўыл хожалығы кәрханалары тәрепинен биржа саўдалары арқалы сатып алынған
ҳәр бир тонна дизель жанылғысының баҳасының 13 миллион сумнан асқан бөлеги
ушын, бирақ 2 миллион сумнан көп болмаған муғдарда Өзбекстан Республикасы
республикалық бюджети есабынан Агентлик арқалы субсидия ажыратылады.
Үшиншиден, пахта шийки затын сатып алыў ушын
пахта-тоқымашылық кластерлери және пахта шийки затын қайта ислеў ҳәм ийирилген
жип ислеп шығарыў шынжырына ийе тоқымашылық кәрханаларына ажыратылған
коммерциялық кредитлер бойынша төленген процент төлеминиң 8 процентлик пункттен
жоқары, бирақ 16 процентлик пункттен артпаған бөлегин қаплап бериў бойынша
кластерлерге жеңилликлер берилди.
- Пахташылықта жоқары зүрәәт алыў, бәринен бурын,
дийқан ҳәм фермерлер, пахта кластерлери және тараў пидайыларының күни-түни
исленген машақатлы мийнетиниң, сондай-ақ, пуқта ойланған реформалар ҳәм илимий
қатнаслар тийкарында өз нәтийжесин беретуғынын ҳәммемиз сезип турмыз, - дейди
Қарақалпақстан фермерлер кеңеси баслығының ўазыйпасын атқарыўшысы Пахратдин
Беканов. - Соның ишинде, быйылғы жылы Қарақалпақстан бойынша 80 мың гектар
майданларда соннан, 21 мың гектардан асламы Шинжон усылында шигит егилип,
жоқары зүрәәт алыў бойынша атызларда күш-ғайрат пенен жумыс алып барылмақта.
Бәршемиз жақсы түсинемиз, ҳәзирги оғада қыйын климат
шараятында көплеген сынақ ҳәм қыйыншылықларға қарамастан дийқан-фермерлер ҳәм
кластер кәрханалары тәрепинен ҳәр қашанғыдан да көбирек жуўапкершилик пенен
мийнет етиўди дәўир талап етпекте. Елимиздиң раўажланыўы ушын "Әҳмийетли
30 күнлик" даўамында агротехникалық илажларды шын кеўилден әмелге асырып,
жоқары зүрәәт ҳәм жоқары дәрамат ушын пуқта тийкар жаратылмақта. Әлбетте, буның
ушын ҳәр бир фермер хожалығы өз атызында ғаўашаны қайта ислеў, тәрбиялаў
бойынша тараў илимпазлары, қәнигелери ҳәм тәжирийбели устаз фермерлердиң
усынысы тийкарында системалы жумысларды шөлкемлестирмекте.
- Ҳәзирги күнде бар болған 803 дана терең жумсартқыш
ҳәм 1 мың 588 дана культиваторлар толық атызға мобилизацияланған болып, олардың
жумыс өнимдарлығын арттырыў ушын механизаторларға атыздың өзинде қолайлы
шараятлар жаратып берилген, - дейди Қарақалпақстан фермерлер кеңеси баслығының
ўазыйпасын атқарыўшысы Пахратдин Беканов. - Ғаўаша майданларын азотлы минерал
төгинлер менен гектарына 250 кг нан екинши азықландырыў жумысларын әмелге
асырыў усыныс етилген. Сондай-ақ, ғаўаша майданларын гектарына 200 кг нан
азотлы минерал төгинлер менен азықландырыў жақсы нәтийже береди. Суўдың
жетиспеўшилигин есапқа алған ҳалда ҳәр бес гектар майданға бир шербет ураларын
қазыў, гектарына 5 тоннадан жәми 400 мың тонна жергиликли төгинлерди атызға
шығарып, тек ғана шербет усылында суўғарыў жумыслары да әмелге асырылады.
Сондай-ақ, ҳәр бир фермер хожалығының басшысы
пахташылық кластер кәрханалары менен биргеликте жумысларды және де
жеделлестирип, быйылғы жылы ғаўаша өнимин 50 центнерден жоқары алыў нийетинде.
Быйыл аўыл хожалығы тармақларында жоқары зүрәәт жетистириў
ушын пуқта тийкар жаратылған. Жоқарыда атап өткенимиздей, ғаўаша атызларында
агротехникалық илажларды қысқа мүддетлерде, сапалы етип жуўмақлаў илажларын
көриў усы күнниң әҳмийетли ўазыйпасы есапланады. Бул Қарақалпақстанның
экономикалық раўажланыўына, халықтың абаданлығын арттырыўға хызмет етеди.
Минажатдин
ҚУТЛЫМУРАТОВ,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы.