Бул ҳаққында Аўыл хожалығы министрлиги хабар берди.
Жәми 848 мың тонна пахта қолда, және 2,6 миллион тонна жоқары өнимли пахта териў машиналары жәрдеминде жыйнап алынды. Солай етип, механизация жәрдеминде жыйнап алынған өним улыўма көлеминиң шама менен 75% ин қурайды.
Қолда терилген пахтаның 174 мың тоннасы атыз шетлериндеги терим машиналарының ислеўи ушын таярланыўы керек болған жерлерге туўра келди. Фермер хожалықлары ҳәм агрокластерлер хызметкерлери тәрепинен техника кирип барыўы мүмкин болмаған киши майданларда және 674 мың тонна өним жыйналған. Келешекте бундай майданларды кеңейтиў нәзерде тутылған.
Терим мапазына 3 мыңға шамалас жоқары өнимли пахта териў машиналары тартылған. Ҳәзирги ўақытта олардың барлығы атызларда жумыс алып бармақта. Быйыл фермер хожалықлары ҳәм агрокластерлерге лизинг бағдарламалары тийкарында 1 мыңнан аслам заманагөй пахта териў машиналары жеткерип берилди.
Механизацияласқан жыйын-терим жумысларының пәти елеге шекем жоқары. Атап айтқанда, 12-октябрь күни пахта териў машиналары жәрдеминде 147 мың тонна пахта шийки заты жыйнап алынды. Бир күнде ҳәр бир машинаға орташа 50 тоннаға шамалас өним туўра келген.
Теримди механизацияластырыў пахта теримин тезлестириў ҳәм мәўсимди белгиленген мүддетте жуўмақлаў имканиятын береди.