А.Тажиев 1947-жыл 12-апрельде Төрткүл районында туўылды. Орта мектепти тамамлағаннан соң Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлери институты (ҳәзирги Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлери институты миллий изертлеў университети) да оқып, инженер-механик қәнигелигин алған. Мийнет жолын 1968-жылы Төрткүл районындағы Әл-Хорезмий атындағы колхозда қәўипсизлик техникасы бойынша инженер лаўазымынан баслаған. Төрткүл, Елликқала, Әмиўдәря районларында басшылық лаўазымларында ислеген.

Үлкен шөлкемлестириўшилик қәбилетине ийе болған А.Тажиев Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, аўыл хожалығы министри, Тоғай хожалығы басқармасының баслығы, Өзбекстан Республикасы Агросанаат комитети баслығының биринши орынбасары сыяқлы жуўапкерли лаўазымларда пидәкерлик пенен мийнет етти.

А.Тажиев 50 жылдан аслам мийнет жолы даўамында Аралбойы регионының қыйын шараятында аймақты социаллық-экономикалық раўажландырыў, инфраструктура тармақларын жаратыў, адамлардың турмыс дәрежесин арттырыў бойынша көплеген жумысларды әмелге асырды.

Суў жетиспеўшилигиниң алдын алыў мақсетинде "Түйемойын - Нөкис - Тахтакөпир" суў тармағын қурыў, социаллық ҳәм мәдений объектлерди қурыўда пидәкерлик пенен мийнет етти.

Пенсияға шыққанынан соң Қарақалпақстан Республикасының жәмийетлик турмысында да белсене қатнасып, өзиниң бай турмыслық тәжирийбеси ҳәм билимлерин экологиялық орталықты жақсылаў, халық ушын қолайлы шараятлар жаратыў, кең көлемли қурылыс, абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумысларын әмелге асырыў, кексе әўлад ўәкиллериниң мәплерин қорғаў, жасларды Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық руўхында тәрбиялаўға бағышлаған.

А.Тажиевтиң мәмлекетимизди раўажландырыў бағдарындағы хызметлери мәмлекетимиз тәрепинен жоқары баҳаланды. Ол "Эл-юрт ҳурмати", "Дўстлик" ҳәм "Меҳнат шуҳрати" орденлери, “Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген механизатор” ҳүрметли атағы менен сыйлықланған еди.

Белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер, жаслардың меҳрийбан устазы, кеңпейил ҳәм кишипейил инсан Амин Ҳамраевич Тажиевтиң естелиги кеўиллеримизде мәңги сақланып қалады.

 

 

Ш.Мирзиёев, Т.Норбоева, Н.Исмоилов,

 А.Арипов, А.Орынбаев, Ф.Эрмонов, С.Турдиев