И.Ғафуров 1937-жылы 27-декабрьде Ташкент қаласында туўылды. Орта мектепти тамамлағаннан соң Ташкент мәмлекетлик университети (ҳәзирги Өзбекстан Миллий университети)н филолог – өзбек тили ҳәм әдебияты оқытыўшысы қәнигелиги бойынша тамамлады. Мийнет жолын 1961-жылы Мәмлекетлик көркем әдебият баспасында редактор сыпатында баслап, соңынан узақ жыллар Ғафур Ғулам атындағы Әдебият ҳәм көркем өнер баспасында бөлим баслығы, бас редактор орынбасары лаўазымларында хызмет етти.

И.Ғафуровтың жоқары дөретиўшилик потенциалы, белсенди жәмийетлик позициясы ҳәм ағартыўшылық жолындағы пидайылығы, әсиресе, “Ўзбекистон адабиёти ва санъати” газетасы бас редакторының орынбасары ҳәм "Миллий тикланиш" газетасы бас редакторы лаўазымларында ислеген жылларында айқын көринди. Ол филология илимлериниң кандидаты сыпатында көп жыллар даўамында әдебий ҳәм жәмийетлик жумысты оқытыўшылық пенен бирге алып барып, филолог ҳәм журналист кадрларды таярлаў, Өзбекстан Миллий университети ҳәм Өзбекстан мәмлекетлик жәҳән тиллери университети студентлерине өз билим ҳәм тәжирийбесин үйретиўге үлкен үлес қосты.

И.Ғафуров елимизде көппартиялылық ҳәм парламентаризм принциплерин раўажландырыўға да мүнәсип үлес қосты. Ол Өзбекстан "Миллий тикланиш" демократиялық партиясы Орайлық кеңесиниң баслығы, Олий Мажлис депутаты, Баспасөз ҳәм мәлимлеме комитети баслығының орынбасары сыпатында нәтийжели жумыс алып барды.

И.Ғафуров өзиниң жарқын таланты, терең билими ҳәм заманагөй пикирлеўи менен бай илимий ҳәм әдебий-көркем мийрас қалдырған.

Ол өзиниң 60 жылдан аслам мийнет жолы даўамында өзбек әдебиятының әҳмийетли теориялық ҳәм әмелий мәселелерине, соның ишинде, Абдулла Қадирий, Айбек, Усман Насыр, Мақсуд Шайхзада, Миртемир, Зульфия, Саид Аҳмад, Эркин Ваҳидов, Абдулла Арипов сыяқлы белгили жазыўшы ҳәм шайырлардың шығармаларының көркем таллаўына бағышланған көплеген мақалалар, китап ҳәм монографиялар, ғалаба хабар қуралларындағы шығып сөйлеўлери миллий руўхыйлығымыз ғәзийнесинен орын алды.

И.Ғафуров инсанның кеўил кеширмелерин, жоқары гуманистлик идеяларды жырлайтуғын көркем ҳәм публицистикалық шығармалары, әдебий-ағартыўшылық темадағы фильмлер ушын жазған сценарийлери менен де әдебиятымызда өшпес из қалдырды. Ол дүнья әдебиятының онлаған классикалық үлгилерин, атап айтқанда, Ф.Достоевский, Г.Мопассан, Е.Хемингуэй, Г.Г.Маркес, Дж.Джойс, Ш.Айтматов сыяқлы жазыўшылардың белгили шығармаларын өзбек тилине жоқары шеберлик пенен аўдарып, көркем аўдармашылық тараўында өзине тән дөретиўшилик мектеп жаратты.

Бул ҳақыйқый сөз шебериниң көп қырлы таланты Жаңа Өзбекстан шараятында және де айқын көринди. Өмириниң ақырына шекем мәмлекетимиздиң жәмийетлик ҳәм руўхый турмысында, жас талант ийелерин қоллап-қуўатлаў, миллий әдебият ҳәм көркем өнеримизди раўажландырыўға қаратылған реформалар процесинде белсене қатнасты.

И.Ғафуровтың халқымыз ҳәм Ўатанымыз алдындағы үлкен хызметлери мәмлекетимиз тәрепинен жоқары баҳаланды. Ол "Өзбекстан Қаҳарманы" жоқары атағы, “Өзбекстан Республикасы көркем өнер ғайраткери” ҳүрметли атағы, "Дўстлик" ҳәм "Меҳнат шуҳрати" орденлери менен сыйлықланды.

Белгили илимпаз ҳәм жазыўшы, жаслардың меҳрийбан устазы, ҳақ кеўил ҳәм кишипейил инсан Иброҳим Усмонович Ғафуровтың жарқын естелиги кеўиллеримизде мәңги сақланып қалады.

 

Ш.Мирзиёев, Т.Норбоева, Н.Исмоилов,

А.Арипов, С.Саидов, С.Турдиев