Мақсетлер:

2026-жылдың ақырына шекем жалпы аймақлық өнимниң 11,7 процентке, санаат өнимлерин ислеп шығарыў көлеминиң 8,5 процентке, базар хызметлери көлеминиң 19 процентке ҳәм қурылыс жумыслары көлеминиң 17,3 процентке артыўын тәмийинлесин;

2026-жылы 9 миллиард доллар ҳәм 2027-жылы 10 миллиард доллар муғдарында тиккелей сырт ел инвестицияларын тартыў;

тарийхый, мәдений ҳәм кеўил ашар орынларды шөлкемлестириў есабынан туристлер ағымын көбейтиў.

Ҳүжжетте исбилерменликти раўажландырыў, қала инфраструктурасын жетилистириў ҳәм экономикалық белсендиликти, соның ишинде, жаслардың белсендилигин арттырыў бойынша комплексли илажларды әмелге асырыў нәзерде тутылған.

2031-жылдың басына шекем эксперимент тәризинде пайтахтымыздың ҳәр бир районына арнаўлы экономикалық ҳәм санаат зоналарынан жойбарларды жайластырыў ушын жер участкалары қала ҳәкиминиң қарары менен бириктириледи. Бул арқалы еркин экономикалық зоналар ҳәм районлар арасындағы байланысларды беккемлеў, имканиятларды кеңейтиў, жаңа жойбарларды көбейтиў мүмкин.

Алмазар районындағы Жаслар орайы имаратында Жаслар креатив бағы шөлкемлестирилип, онда стартап жойбарлар қоллап-қуўатланады, жасларға шет тиллери ҳәм заманагөй кәсип-өнерлер үйретиледи, китапқумарлық мәденияты раўажландырылады.

Ҳүжжетте китап тараўын қоллап-қуўатлаў бойынша жаңа илажлар да нәзерде тутылмақта. Ташкент китап саўдасы ассоциациясына киретуғын исбилерменлерге адамлар көп өтетуғын орынларда киши китап дүканларын ашыўға рухсат бериледи. Олар базарларда, ири саўда ҳәм кеўил ашар орайларында, қаланың орайлық көшелеринде шөлкемлестириледи.

Сондай-ақ, күни-түни жумыс ислейтуғын бағларда китап кафелерин ҳәм "Китап көшелери"н шөлкемлестириў режелестирилген.

Майданы 5 мың квадрат метрден аслам болған саўда орайларында кеминде бир дана китап дүканы ашылады.

Ташкент қаласы суў ресурсларын заманагөй көзқарас тийкарында басқарыў, суў балансын сақлаў ҳәм олардан нәтийжели пайдаланыў, соның ишинде, қайта пайдаланыў мақсетинде қала ҳәкимлиги жанында Ташкент қаласын раўажландырыў қорынан қаржыландырылатуғын мәмлекетлик мәкеме түринде Суў ресурсларын басқарыў орайы шөлкемлестирилмекте.

Тастыйықланған:

2026-2027-жыллары Ташкент қаласында жалпы аймақлық өним көлеми ҳәм структурасының прогноз параметрлери;

"Ташкент қаласы санаат зоналары дирекциясы" ҳәм "Санаат аймақларын басқарыў дирекциясы" мәмлекетлик мәкемелери менен биргеликте "Ташкент инвестиция компаниясы" АЖ тәрепинен жаңа механизм тийкарында қурылатуғын көп қабатлы санаат объектлериниң дизими.

Ҳүжжет Нызам ҳүжжетлери мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 29.07.2026-жылдан күшке кирди, деп хабар береди «Norma» порталы.