Тийкарғы мақсетлер:
базар механизмлерин басқышпа-басқыш енгизиў тийкарында халыққа жетерли
муғдардағы суйылтырылған газди өз ўақтында жеткерип бериўди жолға қойыў;
тараўға инвестициялар ҳәм жеке меншик секторды тартыў имканиятларын
кеңейтиў;
суйылтырылған газ жеткерип бериўде заманагөй технологиялық үскенелерди
енгизиў, шығынларды қысқартыў ҳәм системаны толық санластырыў.
Ҳүжжетте халықты суйылтырылған газ бенен тәмийинлеў функцияларын
қәнигелестириў ушын «Худудгазтаъминот»
АЖ шөлкемлестириўинде «LPG-Trade»
ЖШЖ шөлкемлестирилиўи нәзерде тутылған.
Базар механизмлерин басқышпа-басқыш енгизиў шеңберинде:
халыққа суйылтырылған газ жеткерип бериўдиң үстинлиги тәмийинленеди;
республика
кәрханалары тәрепинен ислеп шығарылып атырған ҳәм импорт етилип атырған
суйылтырылған газ тек ғана биржа саўдалары арқалы сатылады (өз станцияларында
сатылатуғын көлемлер буннан тысқары). Онда, суйылтырылған газди биржа арқалы
сатыў баҳасының оны биржа саўдаларына шығарыў баҳасына салыстырғанда өсиў
шегарасын (спред) белгилеў бийкар етиледи;
халыққа
суйылтырылған газ жеткерип бериў менен шуғылланатуғын кәрханалар өнимлерди
биржадан ҳәм импорт арқалы тиккелей сатып алады. Онда, «LPG-Trade» жуўапкершилиги
шекленген жәмийетине суйылтырылған газ импортын әмелге асырыўға рухсат
етилмейди;
кросс-субсидиялаў
әмелияты басқышпа-басқыш бийкар етиледи;
социаллық
қорғаўға мүтәж халық қатламларына мәмлекет тәрепинен материаллық жәрдем
көрсетиледи.
Баҳалар
арасындағы парық, сондай-ақ, халыққа суйылтырылған газди тәртипке салынатуғын
усақлап сатыў баҳаларында жеткерип бериўге байланыслы экономикалық тийкарланған
қәрежетлер «LPG-Trade» ЖШЖ тәрепинен республикалық бюджет қаржылары есабынан
қаплап бериледи.
2026-жыл
1-октябрьден баслап тәжирийбе тәризинде исбилерменлик субъектлери тәрепинен
импорт етилетуғын суйылтырылған газди турмыслық газ баллонларында еркин
баҳаларда тутыныўшыларға тиккелей жеткерип бериў бойынша Әндижан жойбары әмелге
асырылады.
Онда оператор
тутыныўшыларға суйылтырылған газди өзине тийисли болған, идентификациялаў
имканиятын беретуғын (бар-код, логотип, рең ҳәм басқа да белгилер бойынша) ҳәр
қыйлы көлемдеги турмыслық газ баллонларында шекленбеген муғдарда жеткерип
береди.
Ҳүжжет Нызамшылық
мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 15.09.2026-жылдан күшке кирди,
деп жазады «Norma».