Президентимиз айрықша атап өткениндей, Ўатанымыз тек ғана Шығыс емес, ал, улыўма жер жүзилик цивилизацияның бесиклеринен бири болғанын пүткил дүнья тән алмақта. Бул әййемги ҳәм теберик топырақтан уллы алымлар, пазыйлетли адамлар, илимпазлар, сәркардалар, сиясатшылар жетисип шыққан. Диний ҳәм дүньялық илимлер тийкарлары мине усы жерде жаратылған, жетилискен. Эрамызға шекем ҳәм оннан кейин қурылған қурамалы суў қурылмалары, усы ўақытқа шекем көрк-әжайыбын, саўлатын жоғалтпаған естеликлеримиз әййемги заманлардан елимизде дийқаншылық, өнерментшилик мәденияты, архитектура ҳәм қала қурылысы көркем өнери жоқары болғанынан дәрек береди.
Қатал дәўир сынақларынан аман қалған ең әййемги тас жазыўлар, жазыўлардан баслап бүгин китапханаларымыз ғәзийнесинде сақланып атырған мыңлаған қолжазбалар, оларда жәмленген тарийх, әдебият, көркем өнер, сиясат, әдеп-икрамлылық, философия, медицина, математика, физика, химия, астрономия, архитектура, дийқаншылыққа байланыслы он мыңлаған шығармалар бийтәкирар руўхый байлығымыз, мақтанышымыз болып есапланады. Бундай үлкен мийрасқа ийе халық дүньяда аз табылады. Соның ушын бул бағдарда дүньяның санаўлы мәмлекетлери ғана биз бенен бәсекилесе алады.
Бүгин адамзаттың раўажланыўы еки қарама-қарсы күш - ағартыўшылық ҳәм жаўызлық арасында болып атырған қурамалы гүрес майданына айланды. Мәлимлеме ағымлары тезлескен, қәдириятлар шалысқан, тарийхый яд ҳәлсиреп атырған бир ўақытта ҳәр бир миллет өз тамырларына қайтып, өзлигин аңлаўға мәжбүр. Мине, усындай шешиўши дәўирде Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайының ашылыўы әпиўайы мәдений ўақыя емес, ал руўхый ғәрезсизлик декларациясы сыпатында тарийх бетлерине мөрленди.
Мәмлекетимиз басшысының орайдың ашылыўындағы шығып сөйлеген сөзи болса тек ғана салтанатлы сөз емес, ал жаңа Өзбекстанның руўхый стратегиясы, тарийхый яд ҳәм келешек арасындағы үзликсиз байланысты сәўлелендиретуғын концептуаллық бағдарлама болып есапланады. Орай "жанланған тарийх" болып табылады. Ол музей емес, ал миллеттиң көп әсирлик тәжирийбеси, руўхый излениўлери ҳәм интеллектуаллық пәрўазын жәмлеген тири организм болып есапланады.
Президентимиздиң атап өткениндей, бул комплекс "жети емес, жетпис мәрте ойлап, узақты гөзлеп, тынымсыз излениў" нәтийжесинде қурылды. Бул сөз тек ғана метафора емес, ал ҳәр бир гербишине жуўапкершилик, ҳәр бир мүйешине мәни жүкленген үлкен жойбардың мазмуны болып есапланады. 10 гектар майданда қурылған, гүмбези 65 метрге созылған бул имарат заманагөй архитектура менен миллий руўхтың үнлеслигиниң айқын көриниси болып есапланады.
Орайдың экспозицияларында жәмленген 1,5 мыңнан аслам экспонат, 800 ден аслам қолжазба миллет ядының тири ҳүжжетлери болып есапланады. Олар арасында саманийлерден темурийлерге шекемги дәўирлерди қамтып алған бийбаҳа дәреклер бар. Мәселен, насх хатында көширилген, XII–XIII әсирлерге тийисли Қуран, XVII әсир сафавийлер дәўириниң нусқалары ямаса 1589-жылы жаратылған "Бозубанд" қолжазбасы тек ғана тарийх емес, ал көркем өнер, илим ҳәм исенимниң үнлеслигиниң үлгиси есапланады.
Орайдың "қәлби" есапланған Қуран залы болса айрықша таллаўға ийе. Бул зал Президентимиз тәрепинен алға қойылған авторлық идея тийкарында қурылды. Залдың улыўма майданы 1200 квадрат метр, бийиклиги болса 64 метрди қурайды. Зал қызғыш реңли баҳалы мрамор менен қапланған болып, ең баҳалы гәўҳары, әлбетте, ҳүрметли ҳәм муқаддес Қураны кәрим - Усман (р.а.) Қураны болып есапланады.
Бул сийрек ушырасатуғын нусқа үшинши халифа Усман (р.а.) ның тиккелей пәрманы тийкарында жаратылған. Ҳәзирги күнде ол ЮНЕСКОның Дүнья мийрасы дизимине киргизилген. Усы муқаддес Қуран әтирапында Қуранның және 114 сийрек ушырасатуғын нусқалары сақланбақта - олар арасында саманийлер, қараханийлер, селжукийлер, ғазнаўийлер, темурийлер, шайбанийлер дәўиринде көширилген сийрек ушырасатуғын китаплар бар.
Усман Мушафи тек ғана ислам дүньясы емес, ал пүткил адамзат цивилизациясының бийбаҳа естеликлериниң бири болып есапланады. Гүмбез астындағы жулдызлар картасы, 90 “Swarovski” тасы менен безелген композиция - бул аспан ҳәм жер, иләҳият ҳәм инсан ой-пикири арасындағы символикалық қарым-қатнасты сәўлелендиреди.
Орайдың және бир өзине тән тәрепи - заманагөй технологиялық шешимлер тийкарында үскенеленгени. Экспонатлардың санластырылыўы, QR-кодлар, аудио ҳәм видеоқолланбалар, ҳәттеки көзи әззи инсанлар ушын мөлшерленген арнаўлы системалар "ҳәмме ушын ашық музей" концепциясы турмысқа енгизилип атырғанын көрсетеди.
Және бир әҳмийетли тәрепи - орайдың илимий платформасы. Бул жерде халықаралық шөлкемлер, соның ишинде, ҳәр қыйлы изертлеў орайлары менен бирге ислесиў жолға қойылғаны оны глобаллық илим орайына айландырмақта. Китапханадағы 45 мыңнан аслам китап, 350 мың электрон дәрек келешек әўлад ушын билим ғәзийнеси болып есапланады.
Елимизде раўажланған мәмлекет ҳәм еркин жәмийет тийкарын қурыў ушын "Ең дәслеп, илим ҳәм билимлендириў" деген уллы мақсет турмысқа енгизилмекте. Себеби, муқаддес ислам дини де инсанды бәрқулла илим ҳәм ағартыўшылыққа шақырады. Сонлықтан, Ислам цивилизациясы орайының Улуғбек дәрўазасы алдына Қураны кәримниң "Иқра!" - "Оқы!" деген мүбәрек аяты мөрлеп қойылғаны рәмзий ҳәм терең мәниге ийе.
Ислам цивилизациясы орайы жаңа Өзбекстанның руўхый жүреги, тарийхый естелиги ҳәм интеллектуаллық компасы болып есапланады. Ол өтмишти сақлаў менен шекленбей, келешекти қәлиплестириўге хызмет етип атырған бийбаҳа мәкан болып есапланады.
Анваржон АЛИЕВ,
тарийх илимлери бойынша философия докторы,
Өзбекстан Журналистлер аўқамы ағзасы