Бул, өз гезегинде, исбилерменлик ушын жаратылып атырған орталыққа да жаңа талап қоймақта. Бурын тийкарғы мақсет бизнести баслаўға шараят жаратыў болған болса, енди оның тез өсиўи, жаңа қуўатлықлар жаратыўы ҳәм аймақ экономикасына күшли түртки бериўи ушын зәрүр орталықты қәлиплестириў әҳмийетли. 18-август күни мәмлекетимиз басшысының исбилерменлер менен ашықтан-ашық сөйлесиўинде көтерилген мәселелерди де мине усы жаңа басқыш көзқарасынан баҳалаў керек. 

Бес жыл алдын исбилерменлер менен ашық сөйлесиўлер жолға қойылғанынан берли бизнестиң раўажланыўына тосқынлық еткен мыңлаған мәселелер бойынша 84 нызам, 861 пәрман ҳәм қарар қабыл етилди. Усы дәўирде бизнес ушын ажыратылған кредит портфели дерлик үш есеге артып, 450 триллион сумға жетти, кәрханалардың тийкарғы капиталға инвестициялары үш есеге көбейди. Бул процесстиң турмыстағы көриниси болса иске қосылған кәрханалар, жаратылған жумыс орынлары ҳәм кеңейген өндирис қуўатлықларында көринеди.

Ең әҳмийетлиси, экономикалық белсендиликтиң географиясы өзгермекте. Санааттағы үлеси 100 миллион доллардан асқан районлардың саны 66 дан 116 ға, хызметлер көлеми 1 триллион сумнан асқан районлар 41 ден 152 ге жетти. Халықаралық маркетплейслер менен ислеп атырған кәрханалар 3,5 мыңға, бизнесин мәҳәлледе баслап, кейин ала филиаллар шөлкемлестирген исбилерменлер 550 ге, миллий брендин жаратқанлар болса 300 ден асты. Экономикалық активлик картада қанша кеңейсе, оның жерге мүтәжлиги сонша артады. Демек, исбилерменлик географиясының кеңейиўи жер сиясатына да жаңа талап қоймақта.

Бул жерде мәселениң және бир әҳмийетли тәрепи бар. Исбилермен жерди алған күни жойбар иске қосылмайды. Жерди аукционда қолға киргизиў процесстиң жуўмағы емес, керисинше, қурылыс, жойбарластырыў, инфраструктураға жалғаныў ҳәм өндиристи жолға қойыўдың басланыўы болып есапланады. Егер усы басқышлар созылса, исбилерменниң қаржысы да күтеди, жумыс орны да кешиктириледи, өндирис те кейинге сүриледи. Бүгин экономикада ҳәр бир күнниң баҳасы артып баратырған бир шараятта жерди алыў менен жойбарды иске қосыў арасындағы ўақыт та экономикалық ресурсқа айланбақта.

Соның ушын исбилермен ушын жерди қолға киргизиў үлкен жолдың басланыўы болып есапланады. Бул жолда инфраструктура, электр, газ, жол, логистика ҳәм қаржы менен бир қатарда ўақыт та шешиўши ресурсқа айланады. Мине, усы жерде Президентимиздиң исбилерменлер менен ашықтан-ашық сөйлесиўинде көтерилген бир мәселе айрықша әҳмийетке ийе. Әмелде исбилермен жерди аукцион арқалы қолға киргизгеннен кейин де қурылысты баслаў ушын зәрүр ҳүжжетлерди рәсмийлестириўге 6 айдан 1 жылға шекем ўақыт жумсамақта. Яғный жер бар, жойбар бар, инвестиция бар, исбилерменниң нийети бар, бирақ жумысты баслаў ушын ўақыт керек. Бизнес ушын болса ўақыттың созылыўы капиталдың ҳәрекетсиз қалыўы, базардағы имканиятты қолдан шығарыў ҳәм жаңа жумыс орынлары кешигиўи дегени.

Сол себепли жер участкаларын архитектура-режелестириў тапсырмасы ҳәм жойбары менен "таяр пакет" түринде аукционға шығарыў усыныс етилди. Бул басламаның мазмуны әпиўайы сыяқлы көринсе де, оның экономикалық тәсири бираз кең. Исбилермен жерди алғаннан кейин, және айлап ҳүжжет жыйнаў менен емес, өз жойбарын иске қосыў менен шуғылланады. Қурылыс тезирек басланады, инвестиция тезирек айланысқа киреди, жумыс орынлары тезирек жаратылады.

Мәселениң және бир әҳмийетли тәрепи сонда, исбилерменниң дәслепки қәрежетлери қаншелли жеңил болса, оның жойбарды ҳәрекетке келтириў имканияты соншелли артады. Усы көзқарастан, инфраструктура жыйымы бойынша аванс төлемин 20 проценттен 5 процентке түсириў басламасы итибарлы. Босап қалған қаржы исбилерменниң қолында қалып, үскене сатып алыў, қурылысты жеделлестириў ямаса айланыс қаржыны толықтырыўға бағдарланыўы мүмкин.

Жердиң экономикалық ҳәрекетке келиўи ҳаққында сөз болғанда, бул процести мәмлекетлик активлерден бөлек көз алдымызға келтирип болмайды. Мәмлекетте исбилерменлик ушын пайдаланыў мүмкин болған ҳәр бир имарат, қурылма ҳәм басқа да активтиң тәғдири де экономикалық нәтийже көзқарасынан қараўды талап етеди. Себеби пайдаланылмай атырған объект экономика ушын өз имканиятын жоғалтып атырған ресурс болып есапланады.

Мәмлекет активин жеке секторға өткериўдиң мәниси усы жерде көринеди. Объекттиң кимгедур сатылыўы менен процесс тамамланбайды. Ең әҳмийетли нәтийже оның кейинги өмиринде - өндиристиң басланыўында, хызмет көрсетиўдиң жолға қойылыўында, жаңа жумыс орынларының жаратылыўында көринеди. Соның ушын мәмлекетлик мүлкти меншиклестириўге әпиўайы алды-сатты процеси емес, экономикалық ресурсларды қайта ҳәрекетке келтириў қуралы сыпатында қараў әҳмийетли.

Ашықтан-ашық сөйлесиўде усыныс етилген жаңа шәртлер де усы мақсетке қаратылған. Мәмлекетлик активти сатып алыўда аванс төлемин 30 проценттен 15 процентке түсириў, алты ай даўамында төлемлерди толық әмелге асырған исбилерменлерге 25 процент шегирме бериў, жәми сумманың ярымын төлегенлерге қалған бөлегин 7 жыл даўамында процентсиз бөлип төлеў имканиятын жаратыў нәзерде тутылмақта. Үш айда сатылмаған мәмлекетлик мүлктиң басланғыш баҳасын басқышпа-басқыш 10 процентке шекем азайтыў, аукцион мүддетлерин қысқартыў да объектлерди тезирек экономикалық айланысқа киргизиўге хызмет етеди.

Яғный исбилерменниң дәслепки финанслық жүги қаншелли жеңил болса, оның объектти иске қосыў ушын қалатуғын имканияты соншелли кеңееди. Авансқа кетпеген қаржы үскене сатып алыўға, оңлаўға, өндиристи жолға қойыўға ямаса айланба қаржыны толтырыўға жумсалады. Нәтийжеде меншиклестириўден түскен қаржы менен бирге, объекттиң кейинги экономикалық жумысынан келетуғын баҳа да артады.

Мәселениң көлемин банклер балансындағи активлер мысалында да көриў мүмкин. Ҳәзир банклерде 9 триллион сумлық 2,5 мың мүлк бар. Оларды шегирме баҳада, басланғыш төлемсиз ҳәм процентсиз бөлип-бөлип төлеў шәрти менен сатыўға рухсат берилиўи, сатып алған исбилерменлерди бир жыл даўамында жер ҳәм мүлк салығынан азат етиў усыныс етилмекте.

Бундай қатнастың әҳмийети санның өзинде емес, оның артында турған имканиятта. Банк балансында турған объект бүгин дәрамат келтирмей атырған болыўы мүмкин. Ертең усы имарат өндирис цехына, хызмет көрсетиў орнына ямаса жаңа бизнес майданына айланса, ол жерде жумыс орынлары пайда болады, өним ҳәм хызметлер жаратылады, салық түсимлери қәлиплеседи. Яғный "музлап турған" актив және ҳәрекетке келеди.

Усы жағынан жер ҳәм мәмлекетлик активлерге байланыслы басламаларды бир ноқатта бирлестириў мүмкин: экономикаға керек болған ресурсты ҳәрекетсиз жағдайда услап турмаў. Жер аукционнан кейин иске қосылыўы, мәмлекетлик мүлк жеке меншик сектор қолында жаңа қун жаратыўы, исбилерменниң инвестициясы болса имканы болғанынша тезирек ислей баслаўы керек. Бүгинги реформалардың экономикалық мазмуны да барған сайын усы норма менен өлшенбекте.

Демек, бүгинги ўазыйпа жер ҳәм басқа да экономикалық ресурсларды ҳәрекетке келтириў менен шекленбейди. Олардың қалай ислеп атырғанын, жойбарлар қай дәрежеде әмелге асырылып атырғанын ҳәм ажыратылған ресурс қандай нәтийже берип атырғанын анық көрип барыў керек. Бул болса жер қатнасықларында санлы технологиялардың әҳмийетин және де арттырады.

Бүгин жасалма интеллект ҳәм заманагөй санлы технологиялар турмысымыздың көплеген тараўларына кирип атырған бир ўақытта жерден пайдаланыў системасы да бул процесстен шетте қалмаўы керек. Ашықтан-ашық сөйлесиўде келтирилген санлар бул имканияттың экономикалық нәтийжесин көрсетеди. Жасалма интеллекттен пайдаланған кәрханалардың 54 процентинде өнимге талап кескин артқан, 25 процентинде өзине түсер баҳасы сезилерли азайған, 40 процентинде дәрамат артқаны есабынан жумысшылардың айлығы 10 проценттен жоқары көтерилген.

Усы тийкарда "10 мың кәрхана ушын - жасалма интеллект шерик" бағдарламасын жолға қойыў усыныс етилди. Бағдарлама шеңберинде жасалма интеллектти енгизиў қәрежетлериниң 50 процентин компенсациялаў, жаңа өнимлер ушын жасалма интеллект модельлерин жаратыўда суперкомпьютер имканиятларынан бийпул пайдаланыў имканиятын бериў нәзерде тутылмақта. Бул мақсетлер ушын дәслепки басқышта 100 миллион доллар ажыратылыўы белгиленген.

Мәселен, жасалма жолдас мағлыўматлары ҳәм жасалма интеллект жәрдеминде пайдаланылмай атырған жерлерди анықлаў, егинлердиң жағдайын баҳалаў, жер деградациясын бақлаў мүмкин. Аукционда сатылған жер бойынша болса "исбилермен қурылысты баслады ма", "жойбар белгиленген пәтте кетпекте ме", "объект иске қосылды ма" сыяқлы процесслерди аралықтан бақлаў имканияты кеңейеди.

Санластырыўдың ең әҳмийетли тәрепи қадағалаўдың өзи мақсет болып қалмаўында. Технология арқалы топланған мағлыўмат кейинги қарарлар ушын экономикалық тийкарға айланады. Санлы система қайсы аймақта жер тез өзлестирилип атырғаны, қайсы жойбарлар көбирек инвестиция тартып атырғаны, қайсы жерлер узақ ўақыт иске қосылмай турғаны ҳәм қайсы аймақта жерден пайдаланыў жоқары баҳа жаратып атырғанын анық көрсетип береди.

Усы мәнисте келешекте санлы кадастрды тек ғана жердиң қай жерде жайласқанын ҳәм кимге тийисли екенин көрсететуғын мағлыўматлар базасы сыпатында көз алдымызға келтириў жетерли болмайды. Ол жердиң экономикалық турмысын да көрсететуғын системаға айланыўы мүмкин. Жер қашан аукционға шығарылған, қаншаға сатылған, оған қанша инвестиция киргизилген, неше жумыс орны жаратылған, қанша өним ислеп шығарылған - булардың барлығы бирден-бир санлы көринисте сәўлеленсе, жер сиясаты да анық мағлыўматларға сүйенеди.

Санлар жерден пайдаланыў процесин көриў имканиятын берсе, енди нәўбет оларды экономикалық нәтийже менен байланыстырыўға келеди. Себеби мәмлекеттиң раўажланыўы алдына қойылып атырған үлкен мақсетлер ҳәр бир ресурстан нәтийжели пайдаланыўды талап етеди. Ашықтан-ашық сөйлесиўде 2026-жылы жалпы ишки өнимди 180 миллиард доллардан, экспортты 40 миллиард доллардан арттырыў ўазыйпасы белгиленди.

Бундай мақсетлерге ерисиўде инвестиция, санаат, экспорт, технология ҳәм инсан капиталы менен бир қатарда жер ресурсларынан қалай пайдаланылып атырғаны да үлкен әҳмийетке ийе. Себеби жаңа кәрхана ушын жер өндирис майданы, инвестор ушын капитал қойылма, аймақ ушын жаңа жумыс орны ҳәм дәрамат дәреги, мәмлекет ушын болса экономикалық өсиўдиң бир бөлегине айланатуғын ресурс болып есапланады.

Усы көзқарастан, жер реформаларының кейинги басқышында аукционның өзине итибар қаратыў менен шекленип қалыў жетерли болмайды. Жер қаншаға сатылғаны әҳмийетли, бирақ оннан кейин оған қанша инвестиция киргизилгени, қанша жумыс орны жаратылғаны, қандай өним ислеп шығарылғаны, қанша экспорт етилгени ҳәм аймақтың экономикасына қандай үлес қосылғаны және де әҳмийетли нәтийже болып есапланады.

Буның ушын жерден пайдаланыў нәтийжелилигин баҳалайтуғын анық өлшемлер системасы қәлиплестирилиўи мүмкин. Жер майданына туўра келетуғын инвестиция көлеми, жаратылған жумыс орынлары, өндирис баҳасы, экспорт түсими, бюджетке түскен қаржы сыяқлы көрсеткишлер жердиң экономикалық қайтыўын баҳалаўда әҳмийетли тийкар болады. Бундай қатнас қайсы аймақта қайсы жойбарлар нәтийжели ислеп атырғанын, қайсы жерлер жоқары қун жаратып атырғанын көрсетип береди.

Сонда жер сиясатындағы мәселениң өзи де тәбийий түрде өзгереди. Жер кимге берилди, қаншаға сатылды, деген сораўлар менен бирге, ол жерде не жаратылды, қанша қун жаратылды ҳәм аймақ турмысында қандай өзгерис пайда болды, деген сораўлар да биринши орынға шығады.

Жер - әўладтан-әўладқа өтип киятырған байлық. Оның имканияты шекленген, соның ушын ҳәр бир қарысынан өнимли пайдаланыў әҳмийетли. Жер реформасының нәтийжеси оны қаншаға сатыўда емес, онда қанша жумыс орны жаратылғаны, қанша өним ислеп шығарылғаны ҳәм адамлардың турмысына қандай пайда келтирип атырғанында көринеди. Жаңа қатнастың мәниси де сонда. 

Нуриддин АЗИЗОВ,

Макроэкономикалық ҳәм аймақлық изертлеўлер институты

Жер реформалары орайы жетекши қәнигеси