Елимиз экономикасында кең көлемли реформаларды әмелге асырыў, тийкарғы тармақлардағы әҳмийетли бағдарламаларды турмысқа енгизиўде көп тәреплемели ҳәм нәтийжели бирге ислесиўди қәлиплестириў ҳәм беккемлеўге, социаллық-экономикалық тараўлардағы түпкиликли өзгерислер процесине мүнәсип  қосып атырған үлеси, сондай-ақ, ири инвестициялық ҳәм инфраструктуралық жойбарларды әмелге асырыў бағдарындағы белсене қатнасыўы, Жаңа Өзбекстанның халықаралық көлемдеги абырайы ҳәм статусын арттырыў жолындағы үлкен ис-ҳәрекетлери және дослық ҳәм өз-ара пайдалы шерикликти раўажландырыўға қаратылған басламаларды қоллап-қуўатлап киятырғаны ушын төмендегилер сыйлықлансын:

“Дўстлик” ордени менен

Иван Цао – “BYD Auto” компаниясының Европа сатыў бөлими бас директоры орынбасары

Клод Имовен – Францияның “MEDEF International” ҳәрекетиниң Өзбекстан – Франция Исбилерменлер кеңесиниң баслығы

Масаёши Фужимото – “Sojitz” компаниясының директоры

Сабине Махл – БМШның Өзбекстандағы турақлы координаторы

Тураман Синан – Шайхантаҳур районындағы “Outdoor Factory Tashkent” жуўапкершилиги шекленген жәмийети бақлаў кеңесиниң баслығы, Ташкент қаласы

 II дәрежели “Саломатлик” ордени менен

Қаҳорова Нилуфар Ҳамроевна – АҚШ тың Гарвард университети жанындағы Бостон балалар емлеўханасының жойбар менеджери

Юлдашева Нодира Мухамедовна – Канаданың Торонто қаласындағы Канададағы өзбекстанлылар ассоциациясының тийкарын салыўшысы, “Саламат жол” медициналық ҳәм диагностикалық орайының басшысы

 “Шуҳрат” медалы менен

Абдуллаева Шаҳло Абдирашидовна -Корея Республикасының Квангжу қаласындағы Мигрант ҳаял-қызлардың ҳуқықларын қорғаў ҳәм билимлендириў орайының басшысы

 Өзбекстан Республикасы Президенти

Ш.МИРЗИЁЕВ