Транспорт министрлигинен мәлим етиўинше, брутто-шәртнама тийкарында
ҳәрекетленип атырған барлық қала автобусларында төлем қағыйдаларының
күшейтилиўи мүнәсибети менен билетсиз жолаўшыларды анықлаў бойынша қадағалаў
илажлары да күшейтиледи.
Транспорт тараўында қадағалаў инспекциясы, сондай-ақ, қалалық жолаўшы
тасыўларды мониторинг етиў ҳәм қадағалаў мәмлекетлик уйымының хызметкерлери
енди қадағалаў илажларын тиккелей автобус салонларында өткереди.
Әмелдеги тәртипке бола, жолаўшының автобуста билетсиз жүриўи БЕМның оннан
бир бөлеги муғдарында жәрийма салыўға себеп болады (ҳәзирги күнде 41 мың 200
сум).