Жақында бир шығарма оқыдым. Бас қаҳарман орта жаслардағы саламат, физикалық жақтан күшли, билеклери күшке толы, ақылы пүтин еркек болыўына қарамастан, бәрқулла материаллық қыйыншылықлар ийриминде жасайды. Жақсы ғана қәлеми бар, бирақ тек редакциялардан алатуғын гонорар есабынан күн көреди. Анығырағы, күн көриў ушын жазып турады. Бәрқулла үлкен әрманлар менен жасайды. Бирақ шығарма ақырына шекем жарлылығы менен қалады.

Сырттан қарағанда, булардың ҳәммесине қаҳарманның өзи ямаса тәғдир айыплы сыяқлы. Ол бәрқулла бул ийримнен шығыўға урынса да, жәмийеттиң бийпәрўалығы, әтираптағылардың суўық қанлылығы, қол созатуғын адамның жоқлығы себепли кәмбағаллық шырмаўына барған сайын терең кирип барады. Ҳеш ким оған жәрдем бергиси келмеди. Ҳәммениң нәзеринде ол бийшара адам еди.

Кәмбағаллықтың тамыры көбинесе мине усындай бийпәрўалыққа барып тақалады. Бийшара, жумыссыз адам жәмийеттен ажыралып қалады, өзин әтирапқа жат сыяқлы сезеди. Жәрдем беретуғын бир неше адамды айтпаса, адамлар да оннан қашықласыўға тырысады. Өйткени қолдан бергенге қус тоймас. Жумыссыз, турақлы дәраматқа ийе болмаған адам өзин-өзи дурыслап алыўы бәрибир қыйын. Қолында өнери, кәсиби болмаған адам дурыслы жумыс табыўы да мүмкин емес. Нәтийжеде кәмбағаллық тек материаллық жетиспеўшилик емес, ал руўхый түскинлик, өзин керексиз сезиниўине алып келеди.

Буннан бир неше жыл бурын жаңа Өзбекстанда кәмбағаллыққа қарсы гүрес басланған дәслепки күнлерден-ақ, мине усындай басы берк көшеге түсип қалған инсанларға жәрдем қолы узатылды. Бул тек ғана материаллық жәрдем емес, ал реал ҳәм турақлы дәраматқа ийе болыў, абадан турмыс кешириў, жәмийеттиң тең ҳуқықлы ағзасы сыпатында барлық қолайлықлардан пайдаланыў ушын берилип атырған имканиятлар менен жеңилликлер еди.

Усы тәризде елимизде кәмбағаллықты қысқартыў миллий ҳәрекетке айланды. Өткен дәўирде бул ҳәрекет бир заман болса да тоқтамады. Жылдан-жылға жеделлесип, жетилисип бармақта. Соған жараса кәмбағаллық көрсеткиши де төменлемекте. Өткен жылы кәмбағаллық 8,9 проценттен 5,8 процентке түсирилди. 2026-жылдың ақырында болса 2,8 процентке түсиўи, 2030-жылға барып болса мәмлекетимизде кәмбағаллықты толық сапластырыў ўазыйпасы қойылған.

Бул жумыслар өз-өзинен болып атырған жоқ. Олардың артында шаңарақлардың абаданлығын арттырыўға қаратылған ҳәрекетлер, илажлар тур. Бағдарлар, ҳәрекетлер көлеми оғада кең. Елимиздеги дерлик ҳәр бир тараў әне усы ўазыйпаға бағдарланған. Бир ғана бәнтлик бағдарын алайық. Мағлыўматларға бола, өткен жылы 5,4 миллион ўатанласымыздың бәнтлиги тәмийинленип, миллионлаған адам турақлы жумыс орны, исбилерменлик ҳәм жаңа экономикалық имканиятлар арқалы дәрамат дәрегине ийе болды. Сондай-ақ, ҳәким жәрдемшилериниң жәрдеминде мәҳәллелерде 410 мыңға шамалас микрожойбар иске қосылыўы нәтийжесинде 840 мың адамның рәсмий бәнтлиги тәмийинленди.

Ҳәр бир шаңарақтан пуқараға шекем

Халықтың бәнтлигин тәмийинлеў кәмбағаллықты қысқартыўдың тийкарғы ҳәм ең әҳмийетли бөлеги. Себеби кәмбағал шаңарақ ағзаларына қаншелли материаллық жәрдем берилмесин, турақлы жумыс орны болмаса, турмысын жолға қойып алыўы қыйын болады. Бул түсиникли. Бирақ мәселениң басқа тәрепи бар. Гәп сонда, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў барлық мәмлекетте әҳмийетли мәселелерден.

- Бүгин дүнья тән алып атырған, керек болса, үлги алып атырған жаңа раўажланыў моделиниң өзине тәнлиги де сонда - халықтың жумыссыз қатламы ушын түрли бағдарларда турақлы дәрамат дәрегин жаратыўға қаратылған. Соның ишинде, Өзбекстанда кәмбағаллықты қысқартыўда тийкарғы жети принцип таңлап алынған. Бул тек ғана финанслық ямаса социаллық хызметлер менен шекленип қалмайды, - дейди кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министриниң биринши орынбасары Марат Жураев. - Онда халықтың билим алыў, медициналық хызметлерден пайдаланыў, жасаў шараяты, мәҳәлле инфраструктурасын жақсылаў, мәмлекетлик уйымлар менен тиккелей сөйлесиўин тәмийинлеў сыяқлылар қамтып алынады. Мине, усы бағдарлар бойынша кәмбағал шаңарақларға 200 ден аслам хызмет көрсетилип келинбекте. Турақлы бәнтлик бағдарында шаңарақларды хызметлер менен қамтып алыў, жоқары дәрамат табыўға қаратылған ҳәрекетлер усылардың қатарына киреди. Бул бағдарда 50 ден аслам хызмет бар болып, олар кәсип-өнерге оқытыў, турақлы жумысқа жайластырыў ҳәм исбилерменликке тартыў сыяқлыларды қамтып алады. 2025-жылы кәмбағал шаңарақлар реестрине киргизилген 523 мың шаңараққа "индивидуал режелер" тийкарында дәраматын арттырыўға қаратылған дерлик 951 мың хызмет көрсетилди.

Нәтийжеде 369 мың адам турақлы жумысқа жайластырылды, 132 мың пуқараға кредит ҳәм субсидия ажыратылды, 395 мың ўатанласымыз исбилерменликке тартылды, 54 мыңы кәсип-өнерге оқытылды. Усы тәризде 2 миллион адамның материаллық жағдайы жақсыланып, кәмбағаллықтан шығарылды. Буннан тысқары, кәмбағаллықты қысқартыў бойынша 32 бағдарда пилот жойбарлар әмелге асырылып, 120 мың кәмбағал шаңарақтың дәраматын көбейтиў есабынан реестрден шығарыўға ерисилди.

Елимизде кәмбағаллықты қысқартыў бойынша Қытай ҳәм басқа да раўажланған мәмлекетлердиң тәжирийбеси тийкар етип алынғанынан хабардармыз. Бирақ бул дәслепки ҳәрекетлер ушын зәрүр тәжирийбе еди. Кейинги қәдемлер жеделлесип кетти. Бул бағдарда жаратылған қала берсе, халықтың бәнтлигин тәмийинлеўдеги көплеген бағдарлар тек ғана мәмлекетимизге тән сийрек ушырасатуғын әмелиятқа айланды. Шаңарақлардағы қыйтақ жерди дәрамат дәрегине айландырыўдан баслап, бос жерлерди кәмбағал шаңарақлар, жасларға жеңиллетилген шәртлерде ажыратып бериў, исбилерменлер ушын шөлкемлестирилип атырған үлкен-киши санаат зоналары сөзимиздиң тастыйығы болып есапланады.

Бул бағдарда ең үлкен нәтийже берген тәжирийбелерден бири мәҳәлле кесиминде ислесиў системасы ҳәм "мәҳәлле жетилиги" жумысының жолға қойылғаны болып есапланады. Ол тек ғана елимиз емес, ал дүнья әмелиятында уқсасы жоқ, сийрек ушырасатуғын тәжирийбе. Жаңаша қатнас ҳәр бир шаңарақты финанслық инструментлер менен қамтып алыў имканиятын берди. Бүгин көпшилик жойбар ҳәм ҳәрекетлер мәҳәлледе әмелге асырылмақта. Кәмбағаллықты сапластырыў илажлары да мәҳәллелердиң өзинде көрилмекте. Мағлыўматларға қарағанда, өткен жылы елимиздеги 1435 мәҳәлле кәмбағаллықтан жырақ аймаққа айландырылды. Усы жылы бул санды 3500 ге жеткериў мөлшерленген.

Шараяты аўыр аймақларға қосымша қаржы ажыратылады

Бир қарағанда мәҳәлле шеңберинде адамларды дәраматлы етиў мүмкин еместей көринеди. Ақыры, киши аймақта қанша жумыс орнын ашыў мүмкин, деп ойлайтуғын едик. Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен алға қойылған идея ҳәм басламалар буның керисин көрсетти. Бир ғана қыйтақ жер жетистириў бағдарын алайық. Бурынлары үйиндеги қыйтақ жерден тек ғана өз мүтәжлиги ушын пайдаланған адамлар бүгин кишигирим майданнан жақсы дәрамат таппақта. Жылына бир неше мәрте зүрәәт жетистирип атырған айырым шаңарақлар соның өзинен-ақ хожалық жүргизип, кем-кемин толықтырып атыр. Мәселен, 10 сотих жерден айырым шаңарақлар жылына 5-10 миллион сум дәрамат таўып атырған бир ўақытта тап сондай майданнан 150-200 миллион сум пул ислеп атырған шаңарақлар бар. Мәмлекетимиз басшысының тапсырмасы менен мине усындай алдыңғы тәжирийбелер түрли аймақларда ғалаба ен жайдырылмақта. Шаңарақларда қыйтақ жер мектеплери шөлкемлестирилип, халықтың дийқаншылық көнликпелерин арттырыў бойынша жумыслар орынланбақта. Усы жылы 84 көргизбели оқыў-тәжирийбе майданын қурыў нәзерде тутылған.

Қалаберди, бир түрдеги өнимди жетистирип, үлкен муғдарда экспорт етип атырған қәнигелескен мәҳәллелер пайда болды. Өткен жылы "Бир мәҳәлле - бир өним" бағдарламасы шеңберинде 1944 мәҳәлледе әйне усы принцип жолға қойылған болса, быйыл олардың санын кеминде 2500 ге жеткериў мақсет етилген. Жаксы тәрепи, бир аймақта бир түрдеги өнимлерди егиў агротехникалық жақтан тәрбиялаў, жыйнап алып сатыў көзқарасынан да бирдей қатнасты тәмийинлеп, экспортта үлкен қолайлық жаратады. Бул тәжирийбе үлкен майданларда қолланылып атырғанының себеби де сонда. Усы жылы 117 районда кеминде 50 гектар майданда санаатласқан плантациялар шөлкемлестирип, "бир контур - бир өним" принципи тийкарындағы жумысларды 145 мың гектарға жеткериў нәзерде тутылған.

- Мәҳәллелерди терең қәнигелестириў нәтийже берип атыр, - дейди кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министриниң биринши орынбасары Марат Жураев. - Бундай мәҳәлледе жумыссызлар, мигрантлар ҳәм машқалалы кредитлер аз болады. Себеби дерлик ҳәр бир шаңарақ белгили бир бағдарда бәнт болады. Бүгин елимизде 8992 мәҳәлле болса, соннан 3207 си терең қәнигелескен. Бул мине усы мәҳәллелердиң ҳәр биринде 50 проценттен аслам шаңарақ әйне бир түрдеги бағдарда жумыс алып барады, дегени. Бул бағдарлар ҳәр бир мәҳәллениң өзине тән тәреплери, салыстырмалы үстинлиги ҳәм басқа да факторлар тийкарында таңлап алынып, өз алдына бағдарлама ислеп шығылған. Оның орынланыўы да қатаң қадағалаўға алынған.

Ферғана ўәлаяты Учкўприк районындағы Бешкапа мәҳәллесине барсаңыз, дерлик ҳәр бир шаңарақ ийесин арқан тоқып атырған ҳалда ушыратасыз. Себеби бул мәнзил "Бир мәҳәлле - бир өним" принципи тийкарында жип ислеп шығарыўға қәнигелескен болып, 300 ден аслам шаңарақ усы өнер арқалы дәрамат таўып атыр. Бурын қолда, шекленген көлемде таярланған өнимлер бүгин заманагөй үскенелер жәрдеминде ислеп шығарылмақта. Арқан тоқыў, ат-көлик әнжамлары, шынжыр ҳәм сақыйна таярлаў процеси механизацияласқан. Мәҳәлле әмелде киши санаат кластерине айланды. Соның ушын, бул жерди көпшилик арқаншылар мәҳәллеси сыпатында жақсы биледи.

Адамлар менен сөйлессеңиз, дәраматы жақсы екенин айтады. Шаңарағында төртке шекем станогы бар жумысты үйге алып ислеўшилер 12 миллион сумға шекем дәрамат алады екен. Айырым шаңарақларда тигиў-трикотаж цехлары ушын белбеў, безек, аяқ кийим ислеп шығарыў кәрханалары ушын баў ислеп шығарылады. Оның ушын орташа 15-20 заманагөй үскене орнатылған. Жумысты үйге алып ислеўшилер базарды турақлы анализлейди. Тутыныўшылардың талабына қарап өнимлердиң түри ҳәм дизайнын турақлы түрде жаңалап барады. Айырым шаңарақларда жумыс көлеми бираз кеңейип, үлкенирек орынға талап пайда болған. Сол себепли, мәҳәлледе 5 гектар майданда киши санаат зонасын шөлкемлестириў режелестирилген. Хожалықлардағы өндирис процеси усы аймаққа көшириледи.

Гәп санларда емес, нәтийжеде. Мәҳәллелердиң өзинде жумыс орынларын ашыў оғада үлкен ҳәрекет ҳәм үлкен нәтийжеге ийе имканият болып есапланады. Бирақ буның ушын шараятлар зәрүр. Мәселен, қыйтақ жерден өнимли пайдаланыў ушын суў тәмийнаты керек. Исбилерменликти раўажландырыў, санаат зоналарын шөлкемлестириў ушын жоллар инфраструктурасы, электр энергиясы ҳәм көшелерди жақтыландырыў системасын жақсылаў талап етиледи. - Өткен жылы мәмлекетимиз бойлап ең аўыр жағдайдағы мәҳәллелерди таңлап алып, оларда инфраструктура, суў тәмийнаты, ишки жоллар, көшелерди жақтыландырыў бойынша жойбарлардың әмелге асырылғаны үлкен нәтийже берди, - дейди Марат Жураев. - Себеби кәмбағаллық тийкарынан шараяты аўыр аймақларда көп болады. Бул аймақларды раўажландырыў арқалы халықтың дәраматын арттырыў мүмкин. 2025-жылы жәми 1024 мәҳәлле таңлап алынып, соннан суў тәмийнаты аўыр 864 мәҳәлледеги шаңарақлар суўғарыў суўы менен тәмийинленди. Айырым шаңарақларға биринши мәрте турмыс суўы кирип барды. Нәтийжеде 80 мың гектарға шамалас жер өзлестирилип, адамларға дәрамат келтиретуғын активке айланды. 954 мәҳәллениң электр энергиясы тәмийнаты жақсыланды. Быйыл да шараяты аўыр 37 район ҳәм 915 мәҳәллени таңлап алғанбыз. Бул қаржы, биринши гезекте, сол район ҳәм мәҳәллелердеги инфраструктураны жақсылаў, адамлардың исбилерменлик жойбарларын әмелге асырыўға бағдарланады.

* * *

Мағлыўматларға қарағанда, бүгинги күнде елимизде мийнет жасындағы 21 миллионнан аслам пуқара бар. Ҳәзирги ўақытта 38 миллион пуқараға ийе Өзбекстан ушын бул үлкен мийнет ресурсы. Усы жылдың басында елимиздеги жумыссызлық дәрежеси 4,8 процентти қураған ҳалда жылдың ақырына шекем оны 4,5 процентке түсириў режелестирилген. 2026-жыл ушын Бәнтлик бағдарламасы да тастыйықланған.

Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлигиниң мағлыўматына бола, бул бағдарлама структуралық жақтан үш бөлимге бөлинеди. Бириншиси, жыл ақырына шекем 1 миллион пуқараны турақлы жумысқа жайластырыў режеси болса, екиншиси, 4 миллион адамның дәраматын арттырыўға қаратылған. Онда халықтың қыйтақ жеринен үнемли пайдаланыў, жумысты үйге алып ислеў, микрожойбарларды жолға қойыў жумыслары жедел даўам еттириледи. Үшинши реже болса рәсмий емес жумыс орынларын саядан шығарыў бойынша көрсеткишти 1 миллионға жеткериўге қаратылған. Бул өткен жыллардағыдан 2 есеге көп екени айтылмақта.

Бәнтлик бағдарламасын әмелге асырыў ушын дерлик 165 триллион сум ажыратылады. Бул пулды 30 дан аслам жойбарға бағдарлаў нәзерде тутылған. Атап айтқанда, "Бәнтлик уйымлары - жумыс бериўшилердиң шериги", "Турақлы келешек жолында", "Мәҳәлледе исбилерменликти раўажландырыў", "Мийнет сүйгиш ҳаял", "Тең имканият" сыяқлы жаңа бағдарламалар иске қосылады. Бул жойбарлардың ҳәр бири арқалы онлаған, жүзлеген пуқаралар кәсип-өнерли, жумыслы болады. Мақсет те сол - жойбарларды реже артынан қуўып емес, ал ақыл менен, заманагөй көзқараслар тийкарында әмелге асырыўға қаратылған.

Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги иске қосқан "Аңсат жумыс" платформасы да усы мақсетке хызмет етеди. Жойбар адамларға заманагөй, санластырылған система арқалы жумыс табыўға жәрдемлеседи. Система жумысы жасалма интеллектке тийкарланады. Жумыс излеўши ҳәм жумыс бериўшиге сәйкес жумыс орынлары бойынша мағлыўматларды сайлап, автоматикалық дизимди қәлиплестирип береди. Таңлап алыў модули маманлық, қәнигелик, аймақ, мийнет ҳақы сыяқлы бес бағдар бойынша таңлайды. Сайлап алынған жумыс орынлары талабан ямаса жумыс бериўшиге неше процентке шекем сәйкес келиўин көрсетип береди. Яғный бул платформа электрон мийнет базары болып, жумыс излеў ҳәм табыўды тезлестириў, ашық-айдын механизм сыпатында нәтийжелиликти арттырыўға хызмет етеди.

Ирода ТАШМАТОВА,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы