Күтилмеген шығын, нәтийжелилиги тастыйықланбаған препаратлар ҳәм өзбасымшалық пенен ишилген дәрилердиң унамсыз ақыбетлери усылар қатарына киреди.
Ысытпа, бас аўырыўы, мурын питиўи әдетте көп жағдайларда өткир респиратор вируслы инфекциядан дерек берсе де, бул клиникалық белгилер басқа кеселлик белгиси болыўы да мүмкин. Ҳеш бир адам белгили бир белгиниң себебин шыпакер көригисиз, өз бетинше анықлай алмайды. Мысал ушын, грипп оғада жуқпалы. Аўыр асқыныўлар, соның ишинде, бронхит, пневмония, менингит, энцефалит сыяқлыларды келтирип шығарыў итималы бар. Сол себепли ҳәр қандай кеселликти емлеўде қырағылық талап етиледи. Өзбасымшалық пенен дәри қабыл етиў денсаўлық ушын оғада қәўипли ақыбетлерге алып келиўи мүмкин.
Ҳәр қандай дәрини ишиў ямаса укол алыўда шыпакер көриги ҳәм қадағалаўы әҳмийетли. Дәрилерди тайынлаўда жас, созылмалы кеселликлер ҳәм басқа препаратлар менен сәйкеслиги есапқа алынўы зәрүр. Медициналық тексериў, анализлер нәтийжесине бола шыпакер емлеў режесин дүзеди. Дәрилердиң дозасы ҳәм емлеў даўамы терапия нәтийжелилигинде үлкен әҳмийетке ийе.
Надурыс доза тиклениў итималын кемейтеди яки токсик тәсирге алып келеди. Мәселен, антибиотиклердиң жүдә қысқа курсы көбинесе пүткил бактериялар популяциясын жоқ ете алмайды. Бул болса аман қалған формалардың препаратқа сезиўшеңлигин кемейттирип барады. Өзбасымшалық пенен ишилген дәрилер бактериялардың шыдамлылығын күшейтеди ҳәм келешекте емлеўди қыйынластырады. Антибиотик бактерияларга қарсы гүреседи, бирақ вирусларга тәсир етпейди. Соның ушын антибиотикти "ҳәр итималға қарсы" ишиў дурыс көзқарас емес.
Оның басқа барлық дәри-дәрмақлар сыяқлы кери тәсирлер келтирип шығарыў итималын нәзерде тутыў керек. Емлеў нәтийжелилиги антибиотиктиң түри, дозасы, ишиў даўамлылығы ҳәм наўқастың индивидуал өзгешеликлерине байланыслы.
Айырым дәрилер ишек микробиотасы теңсалмақлылығын бузыўы нәтийжесинде ас сиңириў системасында өзгерислер жүз бериўи мүмкин. Ишекте инсан организми менен өз ара тең салмақлықта жасайтуғын көплеген микроорганизмлер бар. Олар ас сиңириў процеси, иммун системасы жумысы ҳәм организмниң улыўма гомеостазында жүдә әҳмийетли.
Бул топардағы дәрилер кеселлик қозғатыўшы бактерияларды жоқ етиў мақсетинде ишиледи. Бирақ айырым антибиотиклер зыянлы бактериялар менен бирге ас синириў трактындағы микрофлораға да тәсир етиўи мүмкин. Микрофлора биз бенен бирге мәңги жасайтуғын бактериялар. Иммунитетимизди сақлаўда түрли белоклар, ферментлер ислеп шыгарыўы себепли организмдеги биохимиялық реакциялардың дурыс, тегис өтиўинде қатнасады. Антибиотикти көп ишиў себепли ишек микробиотасындағы тәбийий теңсалмақлық өзгерип, айырым кери жағдайлар бақланады. Соның ушын антибиотиклер бәрқулла шыпакер рецептиниң тийкарында бериледи ҳәм инекциялық түрдеги дәрилерди илажы болғанынша шыпакер қадағалаўында алыў усыныс етиледи.
Айырым антибиотиклер организмде 8, айырымлары 12 ҳәм 24 саатқа шекем тәсир шеңберинде турыўы мүмкин. Соның ушын наўқасларға дәрини ишиў қағыйдасы, яғный бир күнде бир ямаса еки-үш, төрт мезгилге бөлип бериледи. Бул қағыйдаларға әмел етпеў наўқасларда дисбактериоз жағдайларын келтирип шығарады ҳәм дәри-дәрмақларға сезгирликти азайтады. Инфекция толық емленбеўи, кеселликтиң қайта аўырыўы, емлеў нәтийжелилигиниң төменлеўи, қолайсыз тәсирлер қәўипи артыўы, антибиотиклерге шыдамлы бактериялардың қәлиплесиўи ҳәм тарқалыўы сыяқлы жағдайлар да бақланыў итималы бар. Әсиресе, наўқас дозаны өзбасымшалық пенен өзгертсе, ишиў интервалын бузса ямаса антибиотикти басқа адам менен бөлиссе, бул қәўипти арттырыўы мүмкин.
Соның менен бирге, "антибиотик курсын ҳәр қандай жағдайда да наўқас ақырына шекем ишиўи шәрт" деген универсал қағыйда да дурыс емес. Заманагөй медицинада емлеў даўамлылығы анық инфекция, антибиотик түри ҳәм клиник жағдайға қарап белгиленеди.
Наўқас антибиотикти ишиўди өзбасымшалық пенен басламаслығы, дозаны өзгертпеўи, ишиў интервалына әмел етиўи, басқа да дәри-дәрмақ ҳәм қосымшаларды қабыл етип атырған болса, шыпакер ямаса фармацевтке хабар бериўи, алдын антибиотикке аллергиялық реакция бақланған болса, бул ҳаққында, әлбетте, мәлим етиўи, қолайсыз тәсир бақланса, оны жасырмаўы ҳәм қәнигеге хабар бериўи шәрт. Қолайсыз тәсирин азайтыў мақсетинде дәри ишиўди өзбасымшалық пенен тоқтатыў, басқа антибиотикке алмастырыў яки дозаны азайтыў да дурыс емес. Бундай қарарды шыпакер қабыл етиўи керек.
Зәрүр болмаған ўақытта ишилген дәри менен наўқас ҳақыйқый кеселлигин нықаплап, дурыс диагноз қойылыўын кешиктириўи мүмкин. Дәри-дәрмақтан пайдаланыў ҳәм инсан саламатлығына зыян жеткериў арасында себеп-нәтийжели байланыс бар екенлигин умытпаў керек. Ең нәтийжели илаж - антибиотикти өзбасымшалық пенен емес, тек ғана шыпакер қадағалаўында, медициналық көрсетпе тийкарында ҳәм белгиленген тәртипте ишиў. Соның ушын "қоңсыма жәрдем берген антибиотик маған да пайда береди" ямаса "өткен сапары усы антибиотикти ишкенмен, және ише беремен" деген қатнас надурыс.
Дәри-дәрманды сатып алыўдан алдын препарат рәсмий дизимнен өткенлиги ҳәм тастыйықланған сапаға ийе екенин тексериў әҳмийетли. Бул дәриниң мәмлекет қадағалаўында екенин билдиреди. Рәсмий дизимнен өтпеген болса, лаборатория тексериўинен өтпеген ҳәм ишиўге жарамсыз болады.
Өзбасымшалық пенен емлениў аўыр кеселликти жасырыў ҳәм дурыс емлениў ушын қымбатлы ўақыт жоғалтылыўына алып келиўи мүмкин. Бундай жағдайларға бир неше жыллық жумысымда көп гүўа болдым. Баўыр трансплантологиясына мүтәж наўқаслардың көпшилиги В ҳәм С гепатити менен аўырған болады. Көп жағдайларда созылмалы бул кеселлик баўыр циррозы менен тамамланады. Кеселликке өз ўақтында дурыс диагноз қойыў ҳәм шыпакер қадағалаўында емленип барыў бундай аўыр асқыныўлардың алдын алыўға хызмет етеди.
Усы жерде интернет ҳәм социаллық тармақлар, ҒХҚда берилип атырған дәри-дәрмақ рекламаларына абайлы болыўды усыныс етемен. Себеби бул дәрилердиң нәтийжелилиги көп жағдайларда тастыйықланбаған болады. Ҳәр қандай дәрини ишиўден алдын қәниге менен мәсләҳәтлесиў шәрт. Қурамы, қарсы көрсетпелери менен танысып шығыў мақсетке муўапық.
Элёр ТУРҒУНБОЕВ,
Миллий медицина орайы бөлим баслығы