Экономиканың санластырылыўы, санаат өндирисиниң кеңейиўи, электр транспортының раўажланыўы, халықтың турмыс дәрежесиниң артыўы ҳәм экологиялық талаплардың күшейиўи энергияға болған талапты турақлы арттырмақта. Сонлықтан, раўажланған мәмлекетлер дәстүрий энергетика моделин қайта көрип шығып, энергия нәтийжелилиги, қайта тикленетуғын энергия дәреклери, энергия сақлаў системалары, интеллектуаллық тармақлар ҳәм санлы басқарыў технологияларына тийкарланған жаңа энергетикалық системаны қәлиплестирмекте.
Өзбекстанда да энергетика тараўы экономикалық раўажланыўдың шешиўши инфраструктуралық тийкарларынан бири сыпатында жедел раўажланбақта. Кейинги жыллары электр энергетикасында жаңа өндирис қуўатлықларын жаратыў, электр ҳәм газ тармақларын модернизациялаў, жеке меншик ҳәм сырт ел инвестицияларын тартыў және қайта тиклениўши энергия дәреклерин кеңнен енгизиў бойынша үлкен көлемдеги жумыслар әмелге асырылды. Қысқа ўақытта тараўға дерлик 23 миллиард АҚШ доллары муғдарында тиккелей сырт ел инвестициясы тартылды. Улыўма қуўатлылығы 9,5 гигаватт болған электр станциялары иске қосылды, электр ҳәм газ тармақлары, подстанциялар, трансформаторлар және газ бөлистириў қурылмаларын жаңалаўға 30 триллион сум қаратылды.
Нәтийжеде 2016-2025-жылларда Өзбекстанда электр энергиясын ислеп шығарыў көлеми турақлы өсиў тенденциясын көрсетти. Атап айтқанда, 2016-жылы республикада 59,0 миллиард кВт/саат электр энергиясы ислеп шығарылған болса, 2020-жылы 66,4 миллиард кВт/саатқа, 2022-жылы 74,3 миллиард кВт/саатқа, 2024-жылы 81,5 миллиард кВт/саатқа ҳәм 2025-жылға келип 86,7 миллиард кВт/саатқа жетти. Яғный он жыл даўамында электр энергиясын ислеп шығарыў көлеми 27,7 миллиард кВт/саат ямаса дерлик 46 процентке артты. Бул динамика экономика ҳәм халықтың электр энергиясына талапларын тәмийинлеў мақсетинде энергетика тараўында жаңа өндирис қуўатлықларын қурыў ҳәм бар қуўатлықларды раўажландырыў бойынша орынланған кең көлемли жумыслардың нәтийжеси болып есапланады.
Әне усы шараятта қайта тиклениўши энергетиканы раўажландырыў айрықша әҳмийетке ийе болмақта. Мәмлекетимизде қуяш ҳәм самал энергетикасы жедел пәтлерде кеңеймекте. Бүгинги күнде улыўма қуўатлылығы 5 602 мегаватт болған 21 "жасыл" электр станциясы, соның ишинде, 15 қуяш ҳәм 6 самал электр станциясы иске қосылды.
Таңлаў, басқарыў ҳәм раўажландырыў
Энергетика тараўында ерисилип атырған бундай нәтийжелер экономика ушын жаңа имканиятлар ашады. Бирақ энергетика системасы қаншелли үлкен ҳәм технологиялық жақтан қурамалы болып барса, оның қандай технологияларға таяныўы мәселеси соншелли үлкен әҳмийетке ийе болады. Себеби заманагөй энергетика тек ғана электр станциясының өзи емес. Ол қуяш модульлери, самал турбиналары, инверторлар, энергия сақлаў қурылмалары, күш электроникасы, трансформатор ҳәм коммутация үскенелери, санлы қорғаныў, автоматластырыў, мониторинг, диспетчерлик ҳәм жасалма интеллектке тийкарланған басқарыў системаларынан ибарат үлкен технологиялық шынжыр болып есапланады.
Усы көзқарастан, Өзбекстан энергетикасын раўажландырыўдың гезектеги басқышында тек ғана жаңа генерация қуўатлықларын иске қосыўдың өзи жетерли емес. Енди тийкарғы мәселелерден бири бул қуўатлықлардың технологиялық тийкары қай дәрежеде миллий экономика, жергиликли санаат, илим ҳәм инженерлик потенциалына таянып атырғанын тәмийинлеў болып есапланады. Энергетика экономиканың таяныш тараўы екен, оның критикалық технологиялар бойынша узақ мүддетли сыртқы ғәрезлилиги мәмлекеттиң энергетикалық қәўипсизлиги ҳәм экономикалық турақлылығына тиккелей тәсир көрсетиўи мүмкин.
Бүгин Өзбекстанда қурылып атырған көплеген заманагөй "жасыл" энергетика объектлеринде сырт ел инвестициясы, технологиялары ҳәм үскенелери әҳмийетли орын ийелемекте. Бул процесс энергетика системасын қысқа мүддетте модернизациялаў, алдынғы жәҳән тәжирийбесин алып кириў ҳәм жаңа қуўатлықларды тез иске қосыў ушын үлкен имканият жаратты. Бирақ узақ мүддетли келешекте мәмлекет тек ғана таяр технологиялық шешимлерди тутыныўшы емес, ал оларды өзлестире алатуғын, жергиликли шараятқа бейимлестире алатуғын, ислеп шығаратуғын ҳәм жаңа әўладын жарататуғын мәмлекетке айланыўы зәрүр.
Усы мәнисте, энергетикада технологиялық ғәрезсизлик сыртқы дүньядан технологиялық жақтан үзилиў ямаса барлық үскенелерди толық мәмлекеттиң ишинде ислеп шығарыў дегени емес. Ол, бәринен бурын, стратегиялық ҳәм әҳмийетли технологиялар бойынша миллий компетенцияларды қәлиплестириў, сырт ел технологияларын өзлестириў ҳәм локализациялаў, зәрүр үскенелерди жойбарлаў, ислеп шығарыў, эксплуатациялаў, оңлаў ҳәм модернизациялаў қәбилетине ийе болыўды аңлатады. Яғный ҳақыйқый технологиялық ғәрезсизлик таңлаў, басқарыў ҳәм раўажландырыў имканиятының мәмлекеттиң өзинде болыўы болып табылады.
Санлы еркинлик
Сырт ел технологиялары ҳәм инвестициялары энергетика раўажланыўы ушын әҳмийетли ресурс. Бирақ критик үскенелер, аўысық бөлеклер, программалық тәмийнат ҳәм сервис хызметлери бойынша абсолют сыртқы ғәрезлилик бир қатар қәўиплерди келтирип шығарыўы мүмкин. Глобал базардағы баҳалардың өзгериўи, логистика шынжырларының үзилиўи, геосиясий жағдай, экспорт шеклеўлери ямаса белгили бир ислеп шығарыўшының базардан шығыўы энергетика объектлериниң исенимли эксплуатациясына тәсир етиўи итималы бар.
Буннан тысқары, импортқа жоқары дәрежедеги байланыслылық ҳәр бир жаңа энергетика жойбарында үлкен муғдардағы валюта ресурсларын талап етеди. Егер технологиялар таяр ҳалда турақлы түрде сырттан алып келинсе, жергиликли электротехника, машина қурылысы, электроника, программалық тәмийнат ҳәм инжиниринг тармақларының раўажланыўы ушын бар экономикалық имканиятлар толық иске қосылмай қалыўы ҳеш гәп емес. Керисинше, локализациялаў дәрежесиниң артыўы жаңа жумыс орынлары, жоқары қосымша қунлы өнимлер ҳәм миллий технологиялық компаниялардың пайда болыўына тийкар жаратады.
Мәселениң және бир әҳмийетли тәрепи санлы ғәрезсизлик пенен байланыслы. Заманагөй электр энергетикасында басқарыў қарарлары барған сайын көбирек мағлыўматлар, санлы платформалар, автоматластырылған диспетчерлик системалары, болжаў алгоритмлери ҳәм жасалма интеллект технологияларына сүйенбекте. Соның ушын технологиялық еркинлик тек ғана "темир" ямаса үскене ислеп шығарыў менен шекленип қалмаўы керек. Энергетикалық мағлыўматларды сақлаў ҳәм қайта ислеў, алгоритмлер, программалық тәмийнат ҳәм интеллектуал басқарыў платформалары бойынша да миллий шешимлерди қәлиплестириў стратегиялық әҳмийетке ийе.
Мәмлекетимизде технологиялық базаны қәлиплестириў ушын белгили санаат, илимий ҳәм кадрлар потенциалы бар. Бул болса электротехника, металлургия, механика, машина қурылысы, электроника ҳәм полимер материаллар ислеп шығарыў тармақларының бар екенлиги қайта тикленетуғын энергетика үскенелериниң айырым элементлери ҳәм комплектлеўши бөлеклерин басқышпа-басқыш локализациялаў имканиятын береди. Дәслеп конструктив элементлер, кабель өнимлери, электр шкафлары, металл конструкциялар, трансформатор ҳәм коммутация үскенелеринен баслап кейин ала инверторлар, күш электроникасы, энергия сақлаў модульлери ҳәм басқарыў системаларына шекемги технологиялық шынжырды тереңлестириў мүмкин.
Бул процессте локализациялаўдың өзи де мақсет емес. Тийкарғы ўазыйпа - технологияны түсиниў, оны жетилистириў ҳәм кейинги әўлад өнимин жарата алатуғын илимий-инженерлик орталығын қәлиплестириў. Сол себепли жергиликли өндирис илимий-изертлеў, конструкторлық жумыслар, тәжирийбе-сынақ базасы ҳәм сертификатлаў системасы менен биргеликте раўажланыўы керек. Сонда ғана импорттың орнын басыў әпиўайы жыйнаў процесинен ҳақыйқый технологиялық компетенцияға айланады.
Халықаралық бирге ислесиў мине усы мақсетке хызмет етиўи керек. Өзбекстан Қытай, Саудия Арабстаны, Бирлескен Араб Әмирликлери, Франция, Қубла Корея ҳәм басқа да мәмлекетлер менен энергетика тараўында ири жойбарларды әмелге асырмақта. Енди бундай бирге ислесиўде инвестиция ҳәм таяр үскене менен бирге, технология трансфери, биргеликтеги илимий-изертлеў орайлары, жергиликли қәнигелерди таярлаў, лицензиялаў ҳәм биргеликтеги өндирис механизмлерине және де үлкен итибар қаратыў мақсетке муўапық.
Өзбекстан энергетикасы бүгин сапа жағынан жаңа басқышқа кирди. Жаңа электр станциялары, қайта тиклениўши энергия дәреклери, энергия сақлаў системалары ҳәм заманагөй электр тармақларының иске қосылыўы мәмлекеттиң энергетикалық потенциалын сезилерли дәрежеде арттырмақта. Бул процесс экономикалық өсиў, халықтың абаданлығы ҳәм санааттың бәсекиге шыдамлылығы ушын беккем энергетикалық тийкар жаратады.
Бирақ энергетика раўажланыўының узақ мүддетли нәтийжеси тек ғана иске қосылған қуўатлықлар менен емес, ал усы системаны мәмлекеттиң өзи қай дәрежеде басқара алыўы, оған хызмет көрсете алыўы, технологияларды өзлестириўи ҳәм келешекте еркин раўажландыра алыўы менен де белгиленеди. Соның ушын "жасыл" энергетикаға өтиў менен технологиялық ғәрезсизликти тәмийинлеў бир-биринен ажыралмас стратегиялық ўазыйпалар сыпатында қаралыўы керек.
Өзбекстан ушын ең мақул жол дүньяның алдынғы технологияларына ашық болған ҳалда оларды басқышпа-басқыш өзлестириў, миллий санаат ҳәм илим менен интеграциялаў және әҳмийетли бағдарларда өзиниң технологиялық компетенцияларын жаратыў болып табылады. Әне сонда сырт ел инвестициялары тек ғана жаңа энергетика объектлерин емес, ал мәмлекет ишинде жаңа билим, жаңа санаат, жаңа инженерлик мектеби ҳәм жоқары технологиялы жумыс орынларын да қәлиплестиреди.
Энергетикада технологиялық ғәрезсизлик тек ғана үскенени мәмлекетте ислеп шығарыў мәселеси емес. Бул энергетикалық қәўипсизлик, экономикалық турақлылық, санлы суверенитет, миллий инновациялық потенциал ҳәм келешек әўладлар ушын бәсекиге шыдамлы экономика жаратыў мәселеси болып есапланады. Өзбекстан энергия ресурслары менен бирге, өзиниң илими, инженерлиги ҳәм технологияларына сүйенген энергетика системасын қәлиплестире алса, бул мәмлекеттиң узақ мүддетли раўажланыўы ушын ең әҳмийетли стратегиялық үстинликлерден бирине айланады.
Икромжон РАҲМОНОВ,
техника илимлериниң докторы, профессор