Ушырасыўда «Mitsui O.S.K. Lines», «Sojitz», «All Nippon Airways», «Shimizu», «JETRO», «Sumitomo», «JBIC», «Toyo Engineering», «Toyota Tsusho», «Marubeni», «Mitsui», «Mitsubishi» ҳәм басқа да Японияның ири компанияларының ўәкиллери қатнасты.

Тәреплер Өзбекстан - Япония экономикалық бирге ислесиўин буннан былай да кеңейтиў, Япония компанияларының Өзбекстандағы жумысын қоллап-қуўатлаў ҳәм жаңа инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў мәселелерин додалады.

Энергетика, транспорт ҳәм логистика, инфраструктура, аўыл хожалығы, тоқымашылық, санластырыў ҳәм кадрлар таярлаў тараўларындағы жаңа имканиятларға айрықша итибар қаратылды.

- Бүгинги ашық ҳәм әмелий сөйлесиў Япония бизнеси менен бирге ислесиўди анық жойбарлар ҳәм жаңа басламалар менен байытыў жолында әҳмийетли қәдем болды, - деди Бахтиёр Саидов.