Ол бир ўақыттың өзинде мойнындағы сонша ўазыйпаны, жуўапкершиликти орынлаў ушын күшти қай жерден алады? Таўсылмайтуғын меҳир, сөнбейтуғын ғайрат, күш-қүдиретти нәзик денесине қалай сыйдыра алады?!

Бүгин жәмийетимиздиң алдынғы қатарындағы, көпшиликке өрнек болатуғын, жүзлеген шәкиртлерди изине ертип киятырған заманласларымыз ҳаққында сөз айтыўды кеўлиме туттым. Себеби, олардың өмир жолы, жетискенликлери буған арзыйды.

* * *

Айымгүл Шамуратова туўры сөзли, әдалатлы, баслаған исин ақырына жеткеретуғын, өзинде инсаный пазыйлетлерди жәмлеген дәўир қаҳарманы, десек асыра айтқан болмаймыз. Ол белгили жазыўшы Әмет Шамуратов ҳәм халық артисти Айымхан Шамуратованың ең кишкене қызы.

Өмирлик жолдасы Султан Таубалдиев пенен машақатлы өмир соқпақларында табысқан. Олар заманының аўыр сынақларына дус келди. Қуўдалаўлар, наҳақлық себепли С.Таубалдиевтиң денсаўлығына зыян тийди. Жыллап төсекке шегелеп жатқан ўақтында да Айымгүл оған ғамхорлық пенен қараўға өзинде күш тапты.

Султан өмирлик жолдасының ата-анасының атын мәңгилестириў мақсетинде "Амет ҳәм Айымхан Шамуратова үй-музейи"н шөлкемлестириўге қарар етти. Үй-музейди тек ғана оларға тийисли буйымлар менен толтырып қоймастан, қарақалпақлардың жасаў тәризине байланыслы тарийхый экспонатлар менен де байытты.

Өткен әсирдиң 50-жылларынан 80-жылларына шекем бул жуплық пайдаланған үй буйымлары, сол дәўирдеги миллий кийимлер, үй китапханасы музейдиң баҳалы экспонатлары болып есапланады.

Айымгүл апа креатив идеяларды әмелге асырыўдан тоқтамады. Көптен берли әрман етип жүрген миллий кийимлер тигиў цехын иске қосты, бир қанша тигиўши ҳаял-қызларды жумысқа алды.

Өзи инглис тили муғаллими болғаны себепли музей жанында бақша балалары ушын инглис ҳәм рус тилин оқытыў курсларын ашты. Исбилерменлик мине усы ўақыттан басланған еди. Кейин ала Қарақалпақстанда ишки туризмди раўажландырыў мақсетинде А.Шамуратова 2005-жылы Нөкис қаласында "Жипек жолы" мийманханасына тийкар салды. Ҳәзир бул мийманхана қарақалпақ халқының тарийхы, үрп-әдетлери, мәдениятын өзинде сәўлелендирген миллий буйымлар менен толтырылған ҳәм миллийлик руўхында безелген.

Әлбетте, бизнес пенен шуғылланған инсан бир орында турып қалыўы мүмкин емес. Ол раўажланыўы, жумыс көлемин кеңейтиўи талап етиледи. Сол себепли 2023-жылы 55 орынға мөлшерленген заманагөй мийманхананы иске қосты. Ишки туризмди раўажландырыў мақсетинде мийманхана жанында туристлер ушын автотранспорт хызмети де жолға қойылды. Онда Қарақалпақстан аймағындағы тарийхый орынларға саяхат шөлкемлестириледи.

Бүгинги күнге келип Айымгүл Шамуратованың перзентлери анасының мәсләҳәти ҳәм жол-жобалары тийкарында мийманхана бизнесин жүргизбекте. Ең тийкарғысы, киши мийманханадан басланған бизнес үлкен жойбарларға айланып үлгерди.

***

Екинши қаҳарманымыз Гүлистан Даўлетова тек ғана қарақалпақ әдебиятында емес, ал пүткил түркий дүня әдебиятында да өз орнына ийе шайыр. Оның "Сениң дәртиң менен жасайман, ҳаял!" атлы топламы ел арасында белгили. Инглис тилин үйрениўи оған жәҳән әдебиятының есигин ашқан болса, қарақалпақ тили ҳәм әдебияты өз мәдениятын және де терең аңлаў имканиятын берди. Шайыр халық аўызеки дөретиўшилигинен баслап, ХIХ-XXI әсир дөретиўшилериниң шығармаларына шекем үйренип шықты. Еле студент ўақытларынан-ақ жаслық лирикасын дөретти. Бүгинги күнге шекем 150 ден аслам қосыққа нама жазылған. Г.Даўлетова "Дўстлик" ордениниң ийеси, Қарақалпақстанда хызмет көрсеткен мәденият хызметкери.

***

Үшинши қаҳарманымыз Тамара Машарипова аўыл қызы. Мийнетте шыныққан, кеўилли. Қарақалпақлардың әййемги айтымларын шығармаларында батыл қолланады. Егер зәрүрлик болса, айырым жигитлер де еплей алмайтуғын ислерге қол ура алады. Және бир тәрепи - тәўекелши, артқа шегинбейтуғын, дәўпери характерине ийе, бирақ узақты гөзлеп ҳәрекет етеди. Илимди ийне менен қудық қазғандай үйренеди. 2021-жылдан баслап журналистика кафедрасы профессоры ўазыйпасын атқарыўшы.

Тамара Машарипованың ҳәр бир сабағын журналистика студентлери интизарлық пенен күтеди. Ол қуры лекциялар оқыўдан аўлақ, сабақлары жанлы ҳәм жүдә қызықлы. Тараў бойынша көп мағлыўматқа ийе, оларды турмыслық тәжирийбелер менен байланыстырып үйретеди. Жана дәстүрий емес усыллар ҳәм ҳәр түрли көргизбели қураллардан өнимли пайдалана алады. Қулласы, бүгинги жоқары билимлендириў талапларына толық сәйкес келеди.

Ҳәр бир инсан жәмийетте өз орнын табыў ушын турмыстың түрли соқпақларынан өтеди. Өз ўақтында Т.Машарипова "Еркин Қарақалпақстан" газетасында хабаршы болып та иследи. Ол жазған қысқа хабарлардан баслап ири публицистикалық шығармаларға шекем социаллық-мәдений турмысымыздың түрли тараўларын қамтып алған еди. Ҳаял илажы барынша бири-бирине уқсамайтуғын мақалалар жазыўға ҳәрекет етти. Тамараның әпиўайы саўдагер, тигиўши ямаса дийқаннан баслап, белгили шайыр-жазыўшылар, илимпазлар, мәденият ғайраткерлери, муғаллим, спортшылар ҳаққында бир-бирине усамайтуғын қызықлы мақалалар жазатуғын еди. Оның жазғанларын газета оқыўшылары қызығып оқыйды, келеси санға шығатуғын мақаласын күтип отырады.

Тамара Машарипова өз ўақтында журналистликти Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде оқытыўшылық пенен бирге алып барды. Буннан тысқары, "Қарақалпақ университети" газетасының редакторы, университеттиң 34 жыллық тарийхында биринши илимий басылымның тийкарын салыўшылардан бири, журналистика кафедрасының оқытыўшысы... Қулласы, буларды санап таўсылмайды. Ең тийкарғысы ол бул ўазыйпаларды ҳадал ҳәм машақатлы мийнет пенен орынлап үлкен ҳүрметке еристи.

...Жоқары оқыў орнының талабы бойынша ҳәр бир хызметкер илимий излениўлер алып барыўы керек. Тамара шаңарақлық шараят себепли кешигип қалған илимий жумысын қайта қолға алып, кишкене перзенти мектепке барғаннан кейин Өзбекстан Миллий университетиниң докторантурасында оқыды. Публицистика теориясы бойынша бойынша избе-из изертлеўлер жүргизди. Дәслеп философия докторы, кейин ала илим докторы илимий дәрежесине еристи, 2024-жылы профессор илимий атағына мүнәсип деп табылды.

Қарақалпақ журналистикасында публицист сыпатында танылған, илимий-публицистикалық шығармалары өзбек, қазақ, түрк, рус, инглис, қырғыз тиллеринде басып шығарылған тәжирийбели устаз шәкирт таярлаўды да итибардан шетте қалдырмады. Оның басшылығында бир қатар шәкиртлер таярланды, енди таярланып атырған диссертациялар да бар.

Мине үш қаҳарманымыздың өмиринен көринислер. Олар шын мәнисинде жәмийеттиң раўажланыўына мүнәсип үлес қосып атырған ҳаял-қызлар. Бүгин олардың көплеген шәкиртлери устазларының изинен мақтаныш ҳәм исеним менен ерип келмекте.

Оралхан САПАРОВА,

Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы ағзасы