Бул ҳаққында Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети мәлимлеме хызмети хабар берди.
Жаңаланған тәртипке бола, "Ҳаял-қызлар дәптери" қоры есабынан хирургиялық операциясыз емлениў қәрежетлери ушын БЕМның 50 есесине шекем — 22 миллион сумға шекем қаржы ажыратылады.
Медициналық тексериўден өтиў қәрежетлери ушын болса БЕМның 10 есесине шекем — 4 миллион 400 мың сумға шекем жәрдем көрсетилиўи белгиленди.
Алдынғы тәртипте хирургиялық операциялар қәрежетлери Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў шәртнамасында белгиленген базалық баҳалар шеңберинде қапланған болса, енди наўқас қайсы медицина мәкемесинде емленип атырғанына қарамастан, ол усынған шәртнамада көрсетилген сумма толық қаплап бериледи.
Жаңа тәртипте және бир әҳмийетли өзгерис бар. Районлық ҳәм қалалық штаблар ажыратылған қаржылар шеңберинде тек ғана "Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри"нде болған ямаса дәраматы белгиленген категорияға түсетуғын емес, ал кәмбағаллыққа түсип қалыў қәўпи бар болған ҳәм басқа да жәрдемге мүтәж шаңарақларға да медициналық жәрдем көрсетиў ҳаққында қарар қабыл етиўи мүмкин.
Буның ушын жасаў жериңиздеги мәҳәлле ҳаял-қызлар белсендисине арза менен мүрәжат етиўиңиз керек.