Абырайлы сырт ел университети клиникаларынан қәнигелер тартылып, орайлардағы кемшиликлер көрсетиледи ҳәм директорлардың ўазыйпалары анық белгиленеди. Директорлар жыл жуўмағында жәмийетшилик алдында есап береди. Жумыс нәтийжесине қарап контракт создырылады.

Президентимиз республика, ўәлаят ҳәм райондағы ҳәр бир емлеўхана ҳәм поликлиниканың жумысына халықтың өзи баҳа беретуғын механизмлерди келеси жылдан енгизиў ўазыйпасын қойды.

Ҳәр бир шыпакер ҳәм мийирбийкениң айлығы KPIға байланыслы болыўы, онда халықтың медициналық хызметтен қанаатланыў дәрежеси тийкарғы өлшем болатуғыны атап өтилди.