Мәмлекетимизде жасыл аймақларды кеңейтиў, терекзарлық ҳәм бағлар жаратыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Соның менен бирге, егилген нәллерди сақлап қалыў, оларды суўғарыў ҳәм тәрбиялаўды системалы шөлкемлестириў бағдарында кемшиликлер бар.

Өткен жылы бәҳәрде егилген нәллердиң белгили бир бөлеги қуўраған. Аймақтың климаты ҳәм топырағына сәйкес келмейтуғын тереклерди таңлаў, суў тәмийнаты болмаған жерлерге нәл егиў, кеселлик ҳәм зыянкеслерге қарсы илажлардың жетерли емеслиги буған себеп болмақта. Арал теңизиниң қурыған ултанында жаратылған тоғайларды тәрбиялаў ҳәм қорғаўда да машқалалар бар екенлиги көрсетип өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы жумыслардың нәтийжелилигин егилген нәллердиң бир, үш ҳәм бес жылдан кейинги жағдайы тийкарында баҳалаў зәрүр екенлигин атап өтти.

Усы мүнәсибет пенен көклемзарластырыў жумысларын илимий тийкарда шөлкемлестириў, жерди таярлаўдан баслап суўғарыў системасын жаратыў ҳәм нәллерди кеминде үш жыл тәрбиялаўға шекемги процесслерди қамтып алатуғын қатнаслар таныстырылды. Егиў мүддетлерин ҳәр бир аймақтың ҳаўа-райы шараяты ҳәм илимпазлардың жуўмағы тийкарында белгилеў, жергиликли климатқа бейим, ыссыға, суўыққа ҳәм суў тамтарыслығына шыдамлы түрлерге итибар бериў нәзерде тутылмақта.

Экология комитетине ҳәр бир мәҳәлле кесиминде нәлдиң түри, егилетуғын орны ҳәм суўғарыў системасы көрсетилген “жасыл карта”ларды ислеп шығып, халыққа жәриялаў тапсырылды. Мәҳәлле баслықлары менен бирге ҳәр бир көшедеги терек ҳәм нәллердиң жағдайын турақлы бақлаў, қурыў себеплерин анықлап, сапластырыў ўазыйпасы қойылды.

Терек егиў жумысларын, бәринен бурын, халық тығыз жайласқан орынларда, пиядалар жоллары ҳәм күни-түни жумыс ислейтуғын көшелерде шөлкемлестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Бундай аймақларда саяманлы тереклерди көбейтиў арқалы адамлардың жүриўи ҳәм дем алыўы ушын қолайлы шараят жаратыў зәрүрлиги атап өтилди.

Презентацияда “Жасыл мәҳәлле” бағдарламасы шеңберинде мәҳәллелерге комплексли хызметлер көрсетиў усыныслары көрип шығылды. Мәҳәлле буйыртпасы тийкарында сапалы нәллер, органикалық төгин ҳәм суўды үнемлейтуғын суўғарыў қуралларын жеткерип бериў, тереклерди кеселлик ҳәм зыянкеслерден қорғаў хызметлерин жолға қойыў нәзерде тутылмақта.

Ҳәр бир мәҳәллеге тоғайшы-тәрбияшы бириктирилип, халыққа нәл егиў, суўғарыў ҳәм тәрбиялаўды үйретиў, турақ жайлар, мектеп ҳәм бақшалар аралығында киши терекзарлар және жәмийетлик парклерди қурыў режелестирилген. Бул жумысларға мәҳәлле белсендилери ҳәм жаслардан ибарат кеўиллилер ҳәрекетлерин кеңнен тартыў ўазыйпасы белгиленди.

Мәҳәллелердиң “жасыл рейтинги”н енгизиў усынысы да додаланды. Бунда жасыл майданлардың үлеси, халық санына салыстырғанда тереклердиң саны, жаңа нәллердиң тутып кетиўи ҳәм халықтың қатнасыўы тийкарғы өлшемлер болады. Жоқары нәтийжеге ерискен мәҳәллелерди абаданластырыў ушын қосымша қаржылар ҳәм “жасыл” жойбарларға мақсетли микрогрантлар ажыратыў арқалы хошаметлеў механизмлерин ислеп шығыў тапсырылды.

Аймақларды көклемзарластырыўда “3-30-300” принципине тийкарланған бағдарламаларды әмелге асырыў усыныс етилди. Онда ҳәр бир инсан жасаў, жумыс ислеў ямаса оқыў орнынан кеминде үш теректи көре алыўы, елатлы пункттиң кеминде 30 проценти тереклердиң саясы менен қапланыўы, үйинен 300 метр аралықта жасыл дем алыў аймағы болыўы нәзерде тутылады.

Бул көзқарасларды ҳәр қыйлы тәбийғый ҳәм қала қурылысы шараятларында қолланыў бойынша Ташкент қаласының Янгиҳаёт, Бухара ўәлаятының Олот ҳәм Самарқанд ўәлаятының Үргит районлары ушын ислеп шығылған жойбарлар усынылды.

Янгиҳаятта мәҳәлле ҳәм жәмийетлик парклер, сая-салқын сейил етиў көшелери ҳәм санаат кәрханалары әтирапында “жасыл белбеў”лерди пайда етиў режелестирилген. Коллектор суўларын жыйнап, суўғарыўда қайта пайдаланыў, суў өткеретуғын қапламалардан пайдаланыў, органикалық қалдықлардан компост таярлаў сыяқлы шешимлер нәзерде тутылмақта. Көклемзарластырыў жумыслары санаат шығындыларын азайтыў, ҳаўаның сапасын автоматикалық қадағалаў ҳәм шығындыларды басқарыўды жетилистириў менен биргеликте алып барылады.

Олат районында шөл шараятына сәйкес, суўды аз талап ететуғын өсимликлердиң есабынан жасыл қапламаны кеңейтиўге итибар қаратылады. Жергиликли нәлшиликти раўажландырыў, дендрология бағын ҳәм шорға шыдамлы өсимликлер бағын шөлкемлестириў, жол ҳәм каналлардың бойында қорғаў терекзарларын жаратыў усыныс етилген.

Үргитте таў ҳәм таў алды аймақларына сай көклемзарластырыў, дендрология бағын ҳәм жәмийетлик парклерди жаратыў, санаат зонасы және темир жол әтирапында “жасыл белбеўлер”ди шөлкемлестириў нәзерде тутылмақта. “Омонқутон” миллий тәбият бағында жергиликли терек ҳәм путаның туқымлары тийкарында тәбийий өсимлик қатламын тиклеў илажлары да көриледи.

Жойбардың илимий тәмийнатын күшейтиў ҳәм заманагөй технологияларды енгизиў мәселелери көрип шығылды. Аймақларға сай саламат нәллерди көбейтиў ушын “ин-витро” лабораториялары ҳәм заманагөй нәлханаларды шөлкемлестириў, суўды көп талап ететуғын саяманлы газонларды басқышпа-басқыш қурғақшылыққа шыдамлы өсимликлер менен алмастырыў усыныслары билдирилди.

“Yashil AI” модулин тәжирийбе түринде иске түсириў режелестирилген. Жасалма интеллект жәрдеминде топырақ, климат ҳәм суў тәмийнаты талланып, нәл егиў ушын қолайлы майданлар ҳәм терек түрлери бойынша усыныслар қәлиплестириледи. Нәллердиң қуўраўы, суў жетиспеўшилиги, кеселлик ҳәм зыянкеслердиң қәўипин ерте анықлаў, жуўапкерлерди ескертиў ҳәм нәтийжелерди бирден-бир картада ашық бақлаў имканияты жаратылады.

Шөллениўге қарсы гүресиў, деградацияға ушыраған жерлерди тиклеў ҳәм бул бағдарда халықаралық грантларды тартыў мәселелери де додаланды. Шөл аймақларындағы жер ресурсларының ҳәм дәрилик өсимликлердиң имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў, жеке меншик сектордың қатнасыўында жайлаўларда қосымша қун жарататуғын жойбарларды баслаў зәрүр екенлиги атап өтилди. 2027-жыл 1-июльге шекем ҳәр бир аймақта усындай үлги жойбарды жолға қойыў тапсырылды.

Жуўапкерлерге усынылған усынысларды билдирилген пикирлер тийкарында жетилистириў, мәҳәллелерде терек егиў ҳәм тәрбиялаў мәдениятын арттырыў, жасыл аймақларды сақлаў бойынша жуўапкершилик ҳәм қадағалаўды күшейтиў бойынша тапсырмалар берилди.