Соның менен бирге, АҚШ, Израиль ҳәм олардың әскерий аўқамласлары менен байланыслы кемелерге шеклеўлер қойылды. Бул ҳаққында Reuters хабар бермекте.

Иран сыртқы ислер министрлигиниң мағлыўматларына бола, мәмлекетке қарсы агрессия ямаса антагонистлик ҳәрекетлерди қоллап-қуўатлаўда қатнаспайтуғын кемелер Иран уйымлары менен тийисли қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етиў ҳәм муўапықластырыў шәрти менен буғаз арқалы өте алады.

Бирақ Иран АҚШ ҳәм Израилға тийисли ямаса байланыслы болған ҳеш қандай кемелер ямаса ресурслар қәўипсиз өтиў ҳуқықына ийе болмайтуғынына исендирди. Бул қарар буғаздан душпанлық мақсетлерде пайдаланыўға жол қоймаў илажлары менен тийкарланған, деп жазбақта ҒХҚ.

Айтып өтиў орынлы, регион АҚШ, Израиль ҳәм Иран арасындағы кескинликтиң күшейиўи ақыбетлерин басынан кеширип үлгерди. Қарама-қарсылық глобал энергия жеткерип бериўде үлкен үзилислерге алып келди, себеби Ормуз буғазы арқалы дүнья көлеминдеги нефть ҳәм суйылтырылған газдиң шама менен 20 проценти тасылады. Иран бул қарары ҳаққында БМШ Қәўипсизлик кеңесиниң 15 ағзасына, сондай-ақ, Халықаралық теңиз шөлкемине ағза 176 мәмлекетке мәлим етти.

Еслетип өтемиз, АҚШ Иранға келиспеўшиликти сапластырыўға қаратылған 15 бәнттен ибарат усынысты тапсырды. Бул режени жеткериўде Пакистан дәлдәлшы болды, деп жазбақта korrespondent.net.

Буннан алдын усы ҳәптениң ақырында Пакистан пайтахтында АҚШ ҳәм Иран ўәкиллери ушырасыўы мүмкин екени хабар етилген еди. Бул ҳаққында Axios журналисти Барак Равид израиллы ҳәмелдарға сүйенип хабар берди.