Глобал экономика шараятында энергия ресурслары мәселеси ҳәр бир мәмлекеттиң стратегиялық күн тәртибине айланбақта. Халықтың санының өсиўи, санаат көлеминиң кеңейиўи ҳәм урбанизация процесслериниң жеделлесиўи нәтийжесинде ресурсларға талап жыл сайын артып бармақта.

Бунда энергияны көбирек ислеп шығарыўдың өзи жетерли емес, үнемлеў, нәтийжели басқарыў ҳәм оннан ақылға уғрас пайдаланыў раўажланыўдың әҳмийетли өлшемине айланады.

Энергияны үнемлеў экономикалық өсиўди тәмийинлейди, қәрежетлерди қысқартады, экологиялық турақлылықты беккемлейди ҳәм халықтың абаданлығын арттырады. Мәмлекетимизде де бул бағдарда системалы ҳәм узақты гөзлеген илажлар избе-из даўам еттирилмекте.

Атап айтқанда, Президентимиздиң "2026-жылы энергия нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў, энергия ресурсларын үнемлеў ҳәм олардан ақылға уғрас пайдаланыўдың қосымша илажлары ҳаққында"ғы пәрманы қабыл етилди. Ҳүжжет тек ғана тараўдағы бүгинги ўазыйпаларды белгилеп қоймастан, ал келешектеги раўажланыў ушын беккем институционаллық ҳәм технологиялық тийкар жаратпақта.

- Бүгин мәмлекетимиз басшысы ҳәр бир пуқараға нәтийжели, үзликсиз энергия ресурсларын жеткерип бериў менен бирге, бул ресурслардан экономикада да ақылға уғрас пайдаланыў, жумсалатуғын ресурслардан қосымша қун жаратыў бағдарында оғада үлкен ўазыйпалар қоймақта, - дейди Министрлер Кабинети жанындағы Энергия нәтийжелилиги миллий агентлиги директорының биринши орынбасары Обид Пардаев.

Үйрениўлер көрсетиўинше, Өзбекстандағы имаратлардың бир квадрат метр майданына жылына орташа 350 кВт-саат энергия ресурслары жумсалады. Бул көрсеткиш басқа мәмлекетлерге салыстырғанда жүдә жоқары. Мәселен, Европа мәмлекетлеринде бул көрсеткиш 95-100 кВтты қурайды.

Усы мақсетте пәрманда бир қатар әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп берилди. Атап айтқанда, усы жылдан баслап ҳәр қандай қурылыс-оңлаў жумысларында энергия нәтийжелилиги илажлары тийкарғы ўазыйпа етип белгиленеди. Сондай-ақ, бюджет шөлкемлериниң қәрежет сметасындағы төртинши топар қәрежетлериниң кеминде 5 процент бөлеги усы шөлкемлердиң энергия нәтийжелилигин арттырыў илажларына қаратылады.

Пәрманда 2026-жылы 4,3 миллиард кВт-саат электр энергиясы ҳәм 2,8 миллиард метр куб тәбийғый газди үнемлеў белгиленбекте. Оған экономика тармақлары ҳәм социаллық тараў объектлериниң нәтийжелилигин және де арттырыў, энергия үнемлеўши технологияларды ҳәм қайта тиклениўши энергия дәреклерин енгизиў арқалы ерисиў нәзерде тутылған.

– Ҳүжжетте усы жылы энергия нәтийжелилиги бойынша бағдарлама ҳәм анық илажлар тийкарында 2,6 миллиард кВт-саат электр энергиясы, 932 миллион метр куб тәбийғый газди жеке тәртиптеги ҳәм көп квартиралы турақ жайлар, социаллық тараў объектлери, хожалық субъектлеринде үнемлеў ҳәм ири санаат кәрханалары кесиминде бир бирлик өним ислеп шығарыў ушын жумсалатуғын энергия ресурсларының муғдарын азайтыў есабынан 1,6 миллиард кВт-саат электр энергиясы ҳәм 553 миллион метр куб тәбийғый газдиң үнемлениўине ерисиў нәзерде тутылмақта, - дейди Энергетика министриниң биринши орынбасары Бахтиёр Маматкаримов. - Сондай-ақ, 1,3 миллиард метр куб газ ири қуяш ҳәм самал электр станцияларының қосымша өндириси, 35 миллион метр куб газ аўыр мәҳәллелерде қуяш панелин орнатыў, 1,6 миллиард кВт-саат электр, 0,6 миллиард метр куб газ 25 ири тармақ кәрханасында үнемлеў илажлары есабынан үнемленеди.

Пәрман менен 2026-жылы энергия ресурсларын үнемлеўдиң мақсетли көрсеткишлери ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў бойынша "жол картасы" тастыйықланды.

"Жол картасы"нда имаратларды энергия нәтийжелилиги категорияларына ажыратыў системасы, "Ноль энергия жумсайтуғын имаратлар" концепциясын ҳәм "Ақ сертификатлар" системасын енгизиў ҳәм басқа да мәселелер нәзерде тутылған.

Енди жаңадан қурылатуғын имаратлардың жойбарлаў ҳүжжетлеринде тәбийғый жақтылықтан нәтийжели пайдаланыў ҳәм "ақыллы" ысытыў, суўытыў ҳәм вентиляция системаларын енгизиў белгиленбекте.

Ҳәр ярым жылда экономиканың энергия сыйымлылығы есапланып, жәрияланып барылады. Сондай-ақ, тутыныўшылардың түрлери кесиминде энергия нәтийжелилиги бойынша эталон көрсеткишлер енгизиледи, энергиядан пайдаланыў көлеминен келип шығып олардың рейтинги қәлиплестириледи. Унамлы көрсеткишлерге ерискенлер хошаметленеди.

Энергия нәтийжелилиги миллий агентлигине қосымша ўазыйпалар жүкленбекте. Атап айтқанда, агентлик энергия нәтийжелилиги жойбарларын бирден-бир көзқарас ҳәм өз-ара бирге ислесиў тийкарында әмелге асырыўға жуўапкер болады. Соның менен бирге, энергия ресурсларын үнемлеў илажларын қадағалайды ҳәм турақлы есабат киргизип барады. Энергия нәтийжели қурылма, үскене ҳәм қурылыс материалларын ислеп шығарыў бойынша жойбарлаў усынысларын таярлайды.

- Энергия нәтийжелилиги бойынша модернизация жумысларында дүнья тәжирийбесинде ЭСКО механизмлери қолланылады, - дейди О.Пардаев. - Онда имарат ҳәм объектлерди модернизациялаў есабынан жумсалып атырған энергия ресурсларының үнемлениўине ерисиледи. Келтирилген қәрежетлер үнемленген энергия ресурсы баҳасы есабынан қапланады.

Бул әмелият пүткил дүняда жақсы нәтийже берип келмекте. Президентимиз пәрманында бул механизмниң ҳуқықый тийкарлары да белгилеп берилгени әҳмийетли болып есапланады.

Энергия тутыныўын ҳәм нәтийжелилик көрсеткишлерин үлкен көлемдеги мағлыўматлар (Big Data), бизнес таллаў (Business Intellegence) ҳәм жасалма интеллект технологиялары тийкарында таллап барыў әмелияты жолға қойылмақта.

Пәрманның орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде пүткиллей жаңа қадағалаў механизми енгизилмекте. Яғный мақсетли параметрлер ҳәм илажлардың орынланыўы үстинен қадағалаў "Энергия үнемлеў" платформасы арқалы әмелге асырылады.

Бул пәрманның қабыл етилиўи энергия ресурсларын үнемлеў ҳәм ақылға уғрас пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыўға хызмет етеди. Бул болса халыққа жаратылатуғын қолайлықлардың көбейиўи, исбилерменлик ҳәм экономика тармақлары ушын қосымша ресурс дегени.

Лутфулла СУВОНОВ,

“Янги Ўзбекистон” хабаршысы