Қала ҳәм район ҳәкимлериниң қарарларына бола, бақшалар төмендеги
мүддетлерде ўақтынша ислемейди:
Нөкис қаласы - 2026-жыл 13-июльден 18-июльге шекем;
Әмиўдәрья районы - 13-июльден 15-июльге шекем;
Беруний районы - 13-июльден 17-июльге шекем;
Хожели районы - 13-июльден 18-июльге шекем;
Тақыятас районы - 13-июльден 18-июльге шекем;
Шоманай районы - 13-июльден 17-июльге шекем;
Мойнақ районы - 13-июльден 17-июльге шекем;
Қанлыкөл районы - 13-июльден 17-июльге шекем;
Төрткүл районы - 13-июльден 17-июльге шекем.
Бул қарар аномал жоқары ҳаўа температурасы шараятында балалардың
саламатлығын қорғаў ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде қабыл етилгенин
атап өтти.
Мектепке шекемги
билимлендириў мәкемелериниң жумысын ўақтынша тоқтатып турыў санитариялық-эпидемиологиялық
тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы уйымларының жуўмақлары ҳәм усынысларына
муўапық әмелге асырылады.
Сондай-ақ, министрлик
ата-аналардан балалардың денсаўлығына айрықша итибар қаратыў, олардың күнниң ең
ыссы саатларында ашық ҳаўада узақ ўақыт болыўына жол қоймаў ҳәм зәрүрли
қәўипсизлик илажларына әмел етиўди сорады.