Қоқанд әййемнен регионымыздың ири мәдений орайларынан бири болып, онда өнерментшилик, саўда-сатық ҳәм миллий тағамлар кеңнен раўажланған. Дәстүрий тағам ҳәм өнимлер арасында өзиниң бийтәкирар дәми, бийтәкирар рецепти ҳәм өзине тән таярлаў технологиясы менен белгили болған "қоқанд пәтири" айрықша орын ийелейди.

Бул нан түриниң өзине тән өзгешелиги дәстүрий тәризде таярланыўы болып, сол себепли ол узақ ўақыт даўамында өзиниң мазалы ҳәм жаңалық дәрежесин сақлап қалыўы мүмкин.

"Қоқанд пәтири"н географиялық көрсеткиш сыпатында дизимнен өткериў өнимниң атамасы ҳәм оны ислеп шығарыўдың дәстүрий технологиясын ҳуқықый қорғаўды тәмийинлеў, сапаға болған талапларды арттырыў, сондай-ақ, Ферғана ўәлаятының гастрономиялық брендин Өзбекстанда ҳәм оның сыртында ғалаба ен жайдырыўға хызмет етеди.

Мағлыўмат ушын: географиялық көрсеткиш интеллектуал мүлк объекти болып, белгили бир өнимниң белгили бир аймақтан келип шыққанлығын, оның сапасы, абырайы ҳәм өзине тән өзгешеликлери усы аймақтың тәбийғый, климатлық ҳәм социаллық-мәдений өзгешеликлери менен байланыслы екенлигин тастыйықлайды.