Оның өзине тән өзгешеликлери “пилтеши” тигиў техникасы, геометриялық нағыслар, ашық реңлер комбинациясы, сондай-ақ, дәстүрий тигиў усыллары болып табылады. Тақыяны безеўде “шылхол”, “шаян гүл”, “қошқар шақысы”, “шырша”, “гүзеше” сыяқлы нағыслардан пайдаланылады.

"Байсын тақыясы"ның географиялық көрсеткиш сыпатында мәмлекетлик дизимнен өткерилиўи оның Байсын аймағы менен байланыслы өзине тән өзгешеликлерин ҳуқықый жақтан қорғаў имканиятын береди.

Нәтийжеде "Бойсун тақыясы" атамасының ҳуқықый қорғалыўы тәмийинленеди; буйымның дәстүрий өзгешеликлери ҳәм оны таярлаў усылларын сақлап қалыў ушын шараят жаратылады; байсын усталарының буйымларын ишки ҳәм халықаралық базарларда үгит-нәсиятлаў ушын ҳуқықый тийкар жаратылады.

 

Мағлыўмат ушын: географиялық көрсетпе - бул товардың сапасы, абырайы ямаса басқа да өзгешеликлери белгили бир географиялық аймаққа байланыслы екенлигин билдиретуғын интеллектуаллық мүлк объекти болып есапланады.