Сөйлесиўлер даўамында тәреплер Лондон саўда палатасының жумысы ҳәм имканиятларын додалады. Шөлкем 11 мыңнан аслам компанияны бирлестиретуғыны, мәмлекетлик ҳәм жеке меншик сектор арасында нәтийжели сөйлесиўди тәмийинлейтуғыны, Лондон исбилерменлик орталығында әҳмийетли орын ийелейтуғыны атап өтилди. Ҳүкимет ҳәм ири бизнес ўәкиллериниң қатнасыўында стратегиялық ушырасыўлардың турақлы өткерилип атырғаны да оның тәсири жоқары екенинен дәрек береди.

Өзбекстан компанияларының Уллы Британия базарына, бәринен бурын, Лондон арқалы кириў перспективалары додалаў орайында болды. Фармацевтика, азық-аўқат, кептирилген мийўе, ишимликлер, логистика, тоқымашылық сыяқлы бағдарларда айрықша потенциал бар екенлиги атап өтилди.

Лондон саўда палатасы басшылығы Өзбекстанның жетекши ("чемпион") компаниялары палата ағзалығына қосылыўы мүмкин екенлигин атап өтти. Бул оларға тек ғана кең түрдеги хызметлерден пайдаланыў емес, ал 11 мыңнан аслам қатнасыўшы компаниялар менен тиккелей исбилерменлик байланысларын орнатыў имканиятын береди.

Бул имканият халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиў, жаңа базарларға шығыў ҳәм Өзбекстан бизнесиниң сырт елдеги исенимли шериклерин табыўда әҳмийетли фактор болатуғыны атап өтилди.

Ушырасыў жуўмағында тәреплер бирге ислесиўди төмендеги бағдарларда кеңейтиўге келисип алды:

бизнес миссияларын шөлкемлестириў;

инвестициялық имканиятларды алға қойыў;

туризм ҳәм HORECA тараўларында бирге ислесиўди раўажландырыў;

экспорт потенциалын арттырыўдың әмелий механизмлерин ислеп шығыў.

Буннан тысқары, еки палата арасындағы бирге ислесиўди және де беккемлеў мақсетинде өз-ара түсинисиў меморандумының жойбарын таярлаўға келисип алынды.