- Әскерий хызметти шама менен он бес-жигирма жыл алдын Сурхандәрьяда өтегенбиз. Ол ўақытлары Термиз шегара ҳәм жабық қала еди. Қоңсы мәмлекетлер менен шегара жолы пүткиллей жабылған, басқа ўәлаяттан келген мийман да ўәлаят ишиндеги постларда иркиле берип, диңкесин қуртты. Сырт елли саяхатшыларды-ғо, сийрек көретуғын едик, — дейди ол еслеп. - Кейинги жыллары зыярат ҳәм таў тәбиятынан заўықланыў мақсетинде тез-тез барып турмыз. Сурхандәрья — туристлер умтылып атырған жер.

Аўа, оазис — Өзбекстанның ең тез раўажланып атырған туристлик аймақларынан бири. Кейинги жыллары ўәлаятқа келип атырған туристлердиң кескин көбейгени де пикиримизди тастыйықлайды. Мәселен, усы жылдың 9 айы даўамында Сурхандәрья ўәлаятына 2 миллион 500 мыңға шамалас жергиликли, 750 мыңнан аслам сырт елли туристлер келген. Аймақта туризм хызметлери экспортынан болса 130,5 миллион доллар қаржы өзлестирилген.

- Ўәлаятымызға туристлер тийкарынан зыярат, медицина, билимлендириў, этно, гастрономиялық, археология ҳәм экосаёҳат мақсетинде келмекте. Соннан келип шығып, ўәлаятта туризмниң түрли бағдарларын раўажландырыў бойынша системалы жойбарлар әмелге асырылмақта. Негизинде, Сурхандәрьяның туризм потенциалы бираз жоқары, 1 миллиард долларға баҳаланады, — дейди Сурхандәрья ўәлаяты туризм басқармасы бөлим баслығы Бекзод Ўрозов. - Усы жылдың өткен 9 айында ўәлаятқа келген туристлердиң үлкен бөлеги медицина ҳәм саламатландырыў хызметлеринен пайдаланған. Бул елимизде денсаўлықты сақлаў тараўы перспективалы екенин көрсетеди.

Хўжаипок дуз кәни, Сангардак санаториясы, Хўжаипок дәрьясы, Термиз қумлы аймағы сыяқлы онлаған саламатландырыў ҳәм реабилитация орайлары себепли оазис қоңсы мәмлекетлер ушын өзине тән "медициналық хаб"қа айланып бармақта.

Ўәлаяттың туристлик тартымлылығын және де арттырып, сырт ел туристлериниң ағымын көбейтиў ушын салмақлы жумыслар орынланды.

- Сурхан үлкесинде туристлерди қабыл етиў ушын 2627 орынға ийе 61 мийманхана, 1342 орынға ийе 35 хостел ҳәм 1308 орынға ийе 140 шаңарақлық мийман үйи жумыс алып бармақта. Тек ғана усы жылдың өткен 9 айы даўамында және 4 мийманхана, 4 хостел ҳәм 9 шаңарақлық мийман үйи қурылып, пайдаланыўға тапсырылды, — дейди Сурхандәрья ўәлаятында туризм инфраструктурасын раўажландырыў ҳәм басқарыў дирекциясының бас қәнигеси Норқувват Нурматов. - Сондай-ақ, ўәлаятқа туристлердиң ағымын арттырыў бойынша 2026-жылдың ақырына шекем анық илажлар белгилеп алынған. Жылдың ақырына шекем оазиске келетуғын сырт еллилердиң санын 900 мыңға, "Өзбекстан бойлап саяхат ет" бағдарламасы шеңберинде келетуғын жергиликли туристлердиң санын 1 миллион 748 мыңға жеткериў режелестирилген.

Елимизде туризм инфраструктурасына инвестиция киргизиў ниетиндеги инвесторларды қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар берилмекте. Мәселен, усы жылдың өткен дәўиринде Байсындағы "БЕК" мийманханасына 1 миллиард 525 миллион, Деновтағы "Денов Плаза" мийманханасына 525 миллион, "Сумбула" мийманханасына 225 миллион, Сариосиёдағы "Ақшам" мийманханасына 150 миллион сум муғдарында субсидия ажыратылған.

Президентимиздиң 2024-жыл 16-декабрьдеги "Сурхандәрья ўәлаятының таўлы-рекрециялық аймақларында туризм инфраструктурасын жақсылаў ҳәм заманагөй хызмет көрсетиў ҳәм туризм объектлерин қурыў илажлары ҳаққында"ғы қарарына муўапық, ўәлаяттың 3 аймағында туристлик орайлар шөлкемлестирилди. Соның ишинде, Сариосиё районында баҳасы 11,7 миллион доллар муғдарында аспа жол қурылып, пайдаланыўға тапсырылды. Узынлығы 1558 метр болған бул дор жолы жылына 800 мыңға шекем туристти қабыл етиў имканиятына ийе. Шерабад районындағы дуз кәни аймағында болса баҳасы 12,2 миллион долларлық "Саламатлық туризм қалашасы" шөлкемлестирилмекте. Бул комплекс дем алыў жоллары, аллергиялық ҳәм басқа да кеселликлерди дуз үңгирлери арқалы емлеў усылына қәнигелескен ири орайлардан бири болады.

- Усы жылы ўәлаятта туризм бағдарында улыўма баҳасы 38,4 миллион долларлық 18 инвестициялық жойбар әмелге асырылып, 361 жаңа жумыс орнын ашыў режелестирилген, — дейди Сурхандәрья ўәлаяты ҳәкимлиги секретариатының баслығы Ботир Сафарбоев. - Сондай-ақ, Сариосиё ҳәм Шерабад районларында жәми 23,9 миллион долларлық 2 ири туризм жойбары басланды.

Оазис қоңсы үш мәмлекет пенен шегаралас. Сол себепли, ўәлаятқа келетуғын туристлер ушын транспорт ҳәм авиация қатнаўын жақсылаў, жаңа жөнелислерди ашыўға айрықша итибар қаратылған.

- Усы жылдың май айынан баслап "Термиз — Стамбул — Термиз" жөнелисинде “Flykhiva” авиакомпаниясы тәрепинен турақлы пәрўазлар жолға қойылды, — дейди Сурхандәрья ўәлаяты транспорт басқармасының бас қәнигеси Козим Байбўриев. - Соның менен бирге, "Ташкент — Сариосиё — Ташкент" жөнелисинде “Silk Avia” тәрепинен турақлы авиақатнаўлар басланды. Шерек әсир даўамында пайдаланылмай келген Сариосиё аэропортының жумысы тикленип, турақлы пәрўазлар әмелге асырылмақта.

Қәнигелердиң пикиринше, Сурхан үлкесиниң туристлик потенциалы еле толық ашылмаған. Онда жоқары дәрежедеги экономикалық ҳәм туристлик имканиятлар жасырынған. Бул бағдардағы жаңа баслама ҳәм жойбарлар мине усы имканиятлардан нәтийжели пайдаланыўға хызмет етеди. Бүгин туристлерди ўәлаятқа шақырып атырған күш болса басланған реформалардың дәслепки нәтийжелери болып табылады.

Сарвар ТЎРАЕВ,

“Янги Ўзбекистон” хабаршысы.