Илажда шайыр ҳәм жазыўшылар, актёрлар, драматург ҳәм режиссёрлар, қосықшы, сазенде ҳәм композиторлар, художник, мүсинши, өнермент ҳәм басқа да мәденият, көркем өнер ҳәм әдебият ғайраткерлери, көркем өнертаныўшы илимпазлар қатнасты.

Мәмлекетимиз басшысы сөзиниң басында адамлардың мәнаўияты ҳәм дүньяқарасын қәлиплестириў, жасларды тәрбиялаўда мәденият ҳәм көркем өнердиң орны шексиз екенин атап өтти.

Бүгинги күнде дүньяда инсан санасына тәсир етиў ушын гүрес күшейип баратырғаны, бундай шараятта китап, театр, кино, музыка ҳәм әдебият жәмийеттиң руўхый иммунитетин беккемлеўдиң ең тәсиршең қуралларына айланып атырғаны атап өтилди.

Ушырасыўға таярлық процесинде көркем өнер ғайраткерлери менен сөйлесиўлер шөлкемлестирилгени, мәденият ҳәм көркем өнер объектлериниң жағдайы үйренилгени атап өтилди. Мәмлекетимиз басшысы бул ушырасыў тараўдағы машқалаларға шешим табыў, әдебият, мәденият, көркем өнер ҳәм креатив экономиканы раўажландырыў бойынша жаңа орталық жаратыўға қаратылғанын атап өтти.

Бәринен бурын, дөретиўшилерди хошаметлеў ҳәм жас талант ийелерин қоллап-қуўатлаў бойынша жаңа система енгизиледи. Театр, кино, хореография, опера, фольклор, эстрада, академиялық ҳәм миллий саз әсбаплары көркем өнери, сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнер сыяқлы 21 бағдар бойынша дөретиўшилик бирлеспелер шөлкемлестириледи. Оларға көркем өнер шеберлери, министрлер, ири компаниялардың басшылары жәрдемши басшы болады.

Бул бирлеспелер аймақлардағы музыка мектеплери ҳәм көркем өнер жәмәәтлери менен биргеликте жас талант ийелерин анықлаў, мәҳәлле, район, ўәлаят ҳәм республика дәрежесинде таңлаўлар шөлкемлестириў, гастроль сапарлары, фестиваль ҳәм халықаралық таңлаўларда жеңимпазларды қоллап-қуўатлаў менен шуғылланады.

Ҳәр жылы дөретиўшилердиң Миллий қурылтайы өткериледи. Қурылтай шеңберинде жыл даўамында ең жақсы нәтийжелер көрсеткен көркем өнер шеберлериниң дөретиўшилик кешелери шөлкемлестириледи. Сондай-ақ, олар мүнәсип хошаметленеди.

Атап айтқанда, музыка тараўында жаңа шығармалар дөреткен, халықаралық таңлаўларда жеңимпаз болған, миллий ҳәм халықаралық сахналарда шығармалары атқарылып атырған қосықшы, сазенде ҳәм композиторлар, әдебият тараўында шығармалары кеңнен тән алынған, көп тиражларда басып шығарылған, сондай-ақ, театрда сахналастырылған ҳәм экранластырылған шайыр, жазыўшы ҳәм драматурглар хошаметленеди.

Бундай дөретиўшилерге бир жыл даўамында ҳәр айда 5 миллион сумнан мийнет ҳақы төлеп барылады. Олар Өзбекстан аймағындағы ҳаўа, темир жол ҳәм жәмийетлик транспортлардан бийпул пайдаланыўы мүмкин болады. Қәнигелестирилген медицина орайларында емлениў қәрежетлери бюджеттен қапланады, олардың шеберлик мектеплери ҳәм дөретиўшилик үйлери шөлкемлестириледи.

Жас қәбилет ийелери ҳәм олардың устазларын қоллап-қуўатлаў бойынша да әҳмийетли илажлар белгиленди. 1-сентябрьден баслап, республикалық таңлаўлардың жеңимпазларына 100 миллион сумнан, абырайлы халықаралық таңлаўлардың лауреатларына 300 миллион сумға шекемги муғдарда сыйлық бериледи ҳәм олардың таңлаўларда қатнасыў қәрежетлери қаплап бериледи. Оқытыўшы ҳәм устазлардың мийнет ҳақысына 100 процентке шекем үстеме белгиленеди.

Ҳәр жылы 100 жигит-қыз мәмлекет есабынан сырт ел мәденият ҳәм көркем өнер мәкемелерине оқыўға жибериледи. Жас талант ийелерин анықлаў ҳәм продюсерлик басламаларын қоллап-қуўатлаў мақсетинде "Дөретиўшиликке инвестиция" қоры шөлкемлестирилип, оған ҳәр жылы 200 миллиард сум ажыратылады.

Көркем өнер ғайраткерлериниң авторлық ҳуқықларын қорғаў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Әдебият, мәденият ҳәм көркем өнер тараўында жаратылған ҳәр бир өним автордың интеллектуаллық мүлки болып, ҳәр бир көркем шығарма, музыкалық композиция ҳәм қосық өз дөретиўшисине дәрамат келтириўи керек екенлиги атап өтилди. Жуўапкерлерге авторлық ҳуқықлардың кепилленген қорғалыўын тәмийинлейтуғын система ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.

Әдебият тараўы ўәкиллери ушын да жаңа имканиятлар жаратылады. Шайыр ҳәм жазыўшыларға жылына кеминде 50 ең жақсы шығармаға дөретиўшилик буйыртпа бериледи. Ҳәр жылы өзбек әдебиятының ең жақсы 10 шығармасы шет тиллерине аўдарылып, авторлардың қатнасыўында шет еллерде олардың презентациялары өткериледи. Жазыўшылар аўқамының усынысы менен басып шығарылатуғын китапларды басып шығарыў ушын қағаз қәрежетлери мәмлекет тәрепинен қаплап бериледи.

Көркем өнер шеберлерин социаллық қоллап-қуўатлаў бойынша да бир қатар жеңилликлер нәзерде тутылған. Мыңлаған шайыр ҳәм жазыўшылар, мәденият ҳәм көркем өнер ғайраткерлери, музей хызметкерлери ҳәм художниклердиң турақ жай сатып алыўы ушын ипотека кредитиниң дәслепки төлеминиң 50 процентин ҳәр жылы қаплап бериў нәзерде тутылған.

Басқа аймақлардан келген тараў ўәкиллерине турақ жай ижарасы ушын Ташкент қаласында айына 2,5 миллион сумға шекем, аймақларда 1,6 миллион сумға шекем компенсация төленеди.

Ҳәр жылы өз жумысында жақсы нәтийжелерге ерискен тараў хызметкерлериниң 1 мыңы Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қорының қаржылары есабынан бийпул емленеди, және 2 мың көркем өнер ғайраткерлерине мәмлекет есабынан медициналық қамсызландырыў пакети бериледи. Кеминде 10 жыл мийнет стажына ийе хызметкерлерге санаторийлерге бийпул жоллама бериледи.

Қосық ҳәм аяқ ойын ансамбльлерин қоллап-қуўатлаў мақсетинде 1-сентябрьден олардың барлық хызметкерлериниң айлық мийнет ҳақысы 2 есеге арттырылады. Аяк ойыны шеберлерине пенсияға шығыў ушын талап етилетуғын стаж 20 жастан 15 жылға қысқартылады. Жаңа Ташкент қаласында қурылып атырған Мақам орайының жанында заманагөй Аяқ ойыны сарайын қурыў усынысы алға қойылды.

Сондай-ақ, композитор ҳәм музыкалық шығарма авторларының жумысын қаржыландырыў ҳәм материаллық хошаметлеў системасы қайта көрип шығылады. Оларға ҳәр жылы опера ҳәм симфония сыяқлы заманагөй ҳәм классикалық жанрларда кеминде 20 жаңа шығарма жаратыў ушын мәмлекетлик буйыртпа бериледи.

Мәмлекетимиз басшысы жәмийетте миллий сана-сезимди беккемлеўдиң әҳмийетине айрықша тоқтап өтти. Бүгинги күнде елимизге халықты руўхландыратуғын әдебият, жасларда мақтаныш сезимин оятатуғын кино, жүрегиниң ең терең тарын жубататуғын музыка, инсан өзиниң халық екенлигин терең сезиниўине жәрдемлесетуғын театр керек екенлиги атап өтилди.

Интернет ҳәм социаллық тармақлар турмысымызда барған сайын үлкен орын ийелеп атырған ҳәзирги шараятта дөретиўши зыялылардың ҳаўазы санлы мәканда және де бәлентлетиўи керек екенлиги атап өтилди.

Мәдений илажларға талапты арттырыў мақсетинде жаңа механизмлер енгизиледи. Ҳәр жылы 500 мың муғаллим, шыпакер, мәмлекетлик хызметкерлер, белсенди мектеп оқыўшылары ҳәм студентлер, 100 мың жәрдемге мүтәж шаңарақлар ҳәм майыплығы болған балаларға театр, кино ҳәм концерт илажларына барыў ушын бийпул ваучерлер бериледи.

1-июльден баслап ҳәр бир район ҳәм мәҳәлледе концерт-тамаша илажларын өткериў қәрежетлериниң 20 процентине шекемги бөлеги бюджеттен қаплап бериледи. Мәденият ҳәм көркем өнер тараўындағы концерт-тамаша шөлкемлери, жеке меншик театрлар, кинематография, балалар ушын контент ислеп шығарыў, жеке меншик билимлендириў шөлкемлери бир қатар салықлардан азат етиледи. Сондай-ақ, әдебият, мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыўға бағдарланған қайырқомлық қаржыларына салық салынбайды.

Ўәлаят ҳәкимликлери жанында концерт ҳәм театр заллары, мәденият сарайларынан нәтийжели пайдаланыў, күнделикли мәдений илажларды шөлкемлестириў бойынша өз алдына дирекциялар шөлкемлестириледи.

Театр тараўында да кең имканиятлар жаратылады. Өткен жылы Әлийшер Наўайы атындағы театрға қаржы, дөретиўшилик ҳәм шөлкемлестириў мәселелерин еркин шешиў ўәкиллиги берилгени жақсы нәтийже бергени атап өтилди. Бир жылда спектакльлердиң саны 1,5 есеге, тамашагөйлер саны 2 есеге көбейди. Енди бул тәжирийбе Муқимий, Бердақ атындағы ҳәм Миллий қуўыршақ театрларында енгизиледи.

Жеке меншик театр ҳәм театр студияларын қоллап-қуўатлаў мақсетинде 1-сентябрьден баслап ҳәр жылы 50 сахналық шығарманы жаратыў қәрежетлери мәмлекет тәрепинен қаплап бериледи. Оларға мәмлекетлик мәденият объектлери бийпул пайдаланыўға бериледи, жеке меншик имаратлар ижараға алынғанда, айына 20 миллион сумға шекемги қәрежетлер бюджеттен қаплап бериледи. Спектакльлерге сатылған ҳәр бир билет ушын бюджеттен гонорар төлеў системасы енгизиледи.

Кино тараўын раўажландырыў бойынша да әҳмийетли ўазыйпалар белгиленди. "Өзбекфильм" миллий статусқа ийе болып, жергиликли ҳәм халықаралық кинодөретиўшилерге хызмет көрсететуғын орайлық киноконцернге айландырылады. Миллий фильмлерди халықаралық базарларға алып шығыў мақсетинде глобал киноплатформалар менен бирге ислесиў күшейтиледи.

Мәмлекетлик буйыртпа тийкарында фильмлер жаратылғанда үгит-нәсиятлаў ҳәм реклама қәрежетлери ушын фильм бюджетиниң 30 процентине шекемги бөлеги ажыратылады. Сондай-ақ, мәмлекетлик буйыртпа тийкарында жаратылған фильмлердиң көрсетилиўинен түскен касса жыйынларының 50 проценти продюсер ҳәм дөретиўшилик топарға төлеп бериледи. "Алтын ҳумо" миллий кино сыйлығының абырайын арттырыў ушын ҳәр жылы 5 миллиард сум қаржы ажыратылады.

Креатив экономиканы раўажландырыў айрықша бағдар сыпатында көрсетип өтилди. Келеси жыллары мәденият ҳәм көркем өнер тараўында қосымша қунды көбейтиў есабынан креатив экономика көлемин 145 триллион сумға жеткериў мөлшерленген. Оның ушын тараўдың ҳуқықый тийкарлары жаратылып, "Креатив индустрия парки" резидентлери ушын өз алдына салық режими енгизилди. Шайхонтоҳур районы ҳәм Нөкис қаласында ири креатив парклердиң қурылысы басланған.

Заманагөй дизайнди енгизиў арқалы өнерментшилик өнимлериниң қосымша қунын 5-10 есеге арттырыў бойынша жойбарлар әмелге асырылады. Халықаралық дизайнерлер менен бирге ислесиўди кеңейтиў, Европа, АҚШ, Қубла ҳәм Шығыс Азия, Жақын Шығыс мәмлекетлеринде көргизбелерди көбейтиў режелестирилген. Ҳәр бир аймақта жыл даўамында мега илажлар шөлкемлестириў бойынша бағдарлама ислеп шығылады.

Ушырасыўда мәденият ҳәм көркем өнер тараўындағы билимлендириў системасын жетилистириў мәселеси де ҳәр тәреплеме додаланды. Улыўма билим бериў мектеплеринде "Музыка", "Сүўретлеў өнери" ҳәм "Технология" пәнлерин оқытыў "Арт" оқыў бағдарламасы тийкарында жаңаланады. Жаңа оқыў жылынан баслап ҳәр бир ўәлаятта 10 улыўма билим бериў мектебинде тәжирийбе түринде "Көркем өнер" пәни енгизиледи.

Соның ишинде, баслаўыш классларда сүўрет салыў, музыка ҳәм ойын түрлери арқалы балаларды дөретиўшиликке қызықтырыў, жоқары классларда дизайн, графика, жасалма интеллект ҳәм креатив жойбарлар менен ислеў көнликпелерин қәлиплестириў нәзерде тутылған.

Атап өтилгениндей, елимиздеги 326 музыка ҳәм көркем өнер мектеби және 29 қәнигелестирилген мектепте 95 мың бала билим алмақта. Бул мәкемелер ушын анық нәтийжелилик көрсеткишлери ислеп шығылады. Музыка мектеби питкериўшилеринен тийкарғы қәнигелигинен тысқары және кеминде бир миллий саз әсбабын ийелеўи талап етиледи.

Жаңа оқыў жылынан баслап 326 музыка ҳәм көркем өнер мектеплери оқытыўшыларының айлық мийнет ҳақысы улыўма билим бериў мектеплери оқытыўшыларының айлық мийнет ҳақысына теңлестириледи. Улыўма билим бериў ҳәм музыка мектеплериниң оқытыўшыларына оқыўшылардың саз әсбапларын қай дәрежеде ийелегенлигине қарап, айлық мийнет ҳақысына 20 процентке шекем үстеме төленеди. Кеминде 1,5 миллион оқыўшыны музыка ҳәм көркем өнерге қамтып алыў ўазыйпасы қойылды.

Ҳәр бир улыўма билим бериў мектебинде музыка ҳәм көркем өнер бағдарлары бойынша кеминде төрттен дөгерек шөлкемлестириледи. Миллий саз әсбапларын сатып алыўда олардың баҳасының 30 проценти мәмлекет тәрепинен қаплап бериледи. Имканияты шекленген жигит-қызлар ушын аймақларда "Инклюзив дөретиўшилик устаханалары" шөлкемлестирилип, оларға жылына 30 миллиард сум ажыратылады.

Кадрлар таярлаў системасы да қайта көрип шығылады. Жаңа оқыў жылынан баслап қәнигелестирилген мектеплерге оқыўшылар музыка бағдары бойынша 5-класстан, аяқ ойын, театр ҳәм көркем өнер бағдарлары бойынша 9-класстан қабыл етиледи. Музыка ҳәм көркем өнер, эстрада ҳәм цирк техникумлары Мәденият министрлиги системасына өткерилип, оларға жоқары мектеп статусы бериледи. Оларда оқытыў үш жыллық бағдарламалар тийкарында шөлкемлестириледи.

Мәденият ҳәм көркем өнер бағдарындағы жоқары оқыў орынларында дуал билимлендириў системасы енгизиледи. Ҳәр бир студентке белгили көркем өнер ғайраткерлери бириктирилип, жас қәнигелерди концертлер, театр сахналары ҳәм басқа да көргизбелерде қатнасыў арқалы үлкен сахнаға таярлап барады. Оқыў бағдарламаларына арт-менеджмент, креатив индустрия, жойбарларды коммерцияластырыў сыяқлы заманагөй пәнлер киргизиледи. Студентлердиң стартап жойбарлары ушын 10 жоқары оқыў орнына 50 миллиард сум ажыратылады.

Тараў хызметкерлериниң маманлығын арттырыў ҳәм қайта таярлаў бойынша бирден-бир система жаратылады. Бар орайлар негизинде Мәденият министрлиги системасында Қәнигелигин арттырыў ҳәм қайта таярлаў институты шөлкемлестириледи ҳәм улыўма билим бериў мектеплериндеги музыка пәни муғаллимлериниң маманлығын арттырыўға жуўапкер болады.

- Бүгин биз дүньяда қыйын жағдай, қарама-қарсылық ҳәм келиспеўшиликлерди көрип турмыз. Бундай жағдайда биз ушын миллий аўызбиршилик ҳәм татыўлық ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли. Сизлер бул жолда жетекшилик етип, ҳақыйқый ўатансүйиўшилик, Ўатанға садықлық ҳәм пидайылық пазыйлетлериңиз бенен жасларымызға, пүткил халқымызға үлги болатуғыныңызға исенемен, - деди Өзбекстан Президенти.

Мәмлекетимиз басшысы тараў ўәкиллери менен де қызғын сөйлесип, олардың пикир, усыныс ҳәм басламаларын тыңлады.