Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен 2017-жыл 1-июльден ҳәкимшилик
судлардың жумысы жолға қойылған еди. Бул система мәмлекетлик уйымлар ҳәм
лаўазымлы шахслардың жумысы үстинен суд қадағалаўын күшейтиў, пуқаралар ҳәм
исбилерменлердиң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин исенимли қорғаўға хызмет
етпекте.
Өткен дәўир даўамында ҳәкимшилик судлар тәрепинен 150 мыңға шамалас ис
көрип шығылып, 70 мыңнан аслам жағдайда мәмлекетлик уйымлардың нызамсыз
қарарлары бийкар етилген.
Сондай-ақ, лаўазымлы шахслардың нызамсыз ҳәрекетлери бойынша жоқары
турыўшы ямаса басқа да ўәкилликли уйымларға 27 мыңға шамалас жеке меншик қарар
шығарылған.
Бул нәтийжелер ҳәкимшилик судлардың жумысы “Халық мәмлекетлик уйымларға
емес, мәмлекетлик уйымлар халыққа хызмет етиўи керек” деген тийкарғы принцип
тийкарында қәлиплескенин көрсетеди. Бул система мәмлекетлик уйымлардың
жумысында нызамлылықты беккемлеў, пуқаралар ҳәм исбилерменлердиң бузылған
ҳуқықларын нәтийжели тиклеўде әҳмийетли орын ийелемекте.
Презентацияда тараўды раўажландырыўдың гезектеги басқышында алдынғы сырт
ел тәжирийбеси ҳәм заманагөй талаплар тийкарында 15 ке шамалас жаңа ҳуқықый
институтты енгизиў бойынша усыныслар көрип шығылды.
Жаңа көзқараслар,
бәринен бурын, пуқаралардың бузылған ҳуқықларын әмелде тиклеў, мәмлекетлик уйымлардың
жумысы үстинен суд қадағалаўын күшейтиў ҳәм ҳәкимшилик судлардың ўәкилликлерин
кеңейтиўге қаратылған.
Ҳәзирги тәртипке
бола, пуқаралар ҳәм исбилерменлер өзлериниң бузылған ҳуқықларын тиклеў ушын
ҳәкимшилик судларға тек ғана бир формада мүрәжат етиў имканиятына ийе. Усыныс
етилип атырған реформалар нәтийжесинде болса пуқараларға ҳуқықы бузылыўынан
алдын оның қорғалыўын проактив тәризде тәмийинлеў ушын шараят жаратылады. Онда
судқа мүрәжат етиўдиң төрт түрдеги даўа формасын енгизиў нәзерде тутылмақта.
Соның менен
бирге, судқа мүрәжат етиў ушын белгиленген әмелдеги алты айлық мүддет қайта
көрип шығылады. Пуқараларға мәмлекетлик уйым тәрепинен нызам бузылыў жағдайы
жүз бергенлигин тән алыў бойынша судқа мүддетсиз мүрәжат етиў имканиятын
жаратыў усыныс етилди.
Әмелде жергиликли
мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының нормативлик-ҳуқықый акти менен пуқараның
ҳуқықы бузылған жағдайда бундай акт үстинен ҳәкимшилик судқа шағым етиў
имканияты жоқ.
Енди пуқараларға
жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлери
үстинен тиккелей судқа шағым етиў ҳуқықын бериў усыныс етилмекте.
Өзбекстан
Республикасы Конституциясының 20-статьясына муўапық, мәмлекетлик уйымлар
тәрепинен шахсқа қолланылатуғын ҳуқықый тәсир илажлары тең салмақлылық
принципине тийкарланыўы ҳәм нызамларда нәзерде тутылған мақсетлерге ерисиў ушын
жетерли болыўы керек.
Соннан келип
шығып, ҳәкимшилик судлардың ўәкилликлерин кеңейтиў, оларға пуқаралар ҳәм
исбилерменлерге тәсир илажларын қолланыўда мәмлекетлик уйымлар дискрецион
ўәкилликлерден нызамлы ҳәм тийкарлы пайдаланғанын тексериў ўазыйпасын жүклеў
нәзерде тутылмақта.
Суд қарарларының
сөзсиз орынланыўын тәмийинлеўге қаратылған тәсиршең илажлар да нәзерде
тутылмақта. Оған бола, мәмлекетлик уйымның лаўазымлы шахсына суд қарарын
орынламағаны ушын жәрийма қолланылғанынан кейин де қарар қайтадан орынланбаса,
суд нызамлы шара көриў ушын прокурорға хабар береди.
Президентимиз
усыныс етилип атырған ҳуқықый институтлар инсан ҳуқықлары қопал бузылған
жағдайларда оларды суд арқалы нәтийжели тиклеў, Конституцияда белгиленген
теңсалмақлылық принципиниң әмелде толық ислеўин тәмийинлеў, мәмлекетлик
уйымлардың жуўапкершилигин арттырыў және суд қарарларының сөзсиз орынланыўына
хызмет етиўи керек екенлигин атап өтип, билдирилген басламаларды қоллап-қуўатлады.