Мәмлекетимиз басшысының усы
жыл 2-июньдағы 103-санлы қарарында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын
тәмийинлеўге қаратылған усы тәртип шеңберинде:
жаңа оқыў жылынан баслап
улыўма билим бериў мектеплеринде "Дуўтар", "Миллий аяқ
ойын", "Жас дәпшилер", "Сүўретлеў өнери" бағдарлары
бойынша дөгереклердиң жумысы жолға қойылады.
Дөгереклерде оқыўшылар
тереңлестирилген ҳалда ҳәптесине 2 сааттан (жәми 72 саат) оқытылады. Сондай-ақ,
дөгерек ағзалары арасында түрли таңлаўлар шөлкемлестириледи ҳәм олардың
арасынан қәбилетли оқыўшылар таңлап алынады.
Бул дөгереклерди
шөлкемлестириўден тийкарғы мақсет, жаслар арасында миллий көркем өнеримизди
кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәм оларды келешек әўладқа мүнәсип жеткериўден ибарат.