Жетекшилер жарыс қатнасыўшылары ҳәм мийманларын қутлықлады.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев өмирлик жолдасы менен
биргеликте спортшылардың сайлап алыў жарысын бақлады.
Гран-при Халықаралық суў-мотор спорты аўқамы қәўендерлигинде өткерилип
атырған "Суўдағы "Формула-1" деп аталған F1H2O жәҳән
чемпионатының екинши басқышы болып есапланады. Жарыста ҳәр жылы түрли
мәмлекетлерден профессионал командалар ҳәм спортшылар қатнасады. Орайлық Азияда
жәҳән чемпионатының басқышы биринши мәрте өткерилмекте.
Жарыслар тезлиги 220 км/сааттан жоқары болған жоқары тезликтеги
қайықларда шынығыўлар, сайлап алыў жарыслары ҳәм тийкарғы жарысты өз ишине алады.