Тәреплер географиялық жақынлық, улыўмалық тарийхый-мәдений мийрас ҳәм
Орайлық Азия бойлап саяхат етиўге қызығыўшылықтың артып атырғаны жаңа
авиақатнаўларды жолға қойыў ушын шараят жаратып атырғанын атап өтти.
Өзбекстанның Ташкент, Самарқанд, Бухара, Ферғана ҳәм Әндижан қалаларын Бишкек,
Ош ҳәм Ыссықкөл менен байланыстыратуғын рейслерди раўажландырыўға айрықша
итибар қаратылды.
“Aero Nomad
Airlines” авиакомпаниясы басшылары
менен 23-августтан “Бишкек - Ташкент – Бишкек” жөнелиси бойынша ҳәптесине еки
мәрте турақлы тиккелей авиақатнаўларды жолға қойыў бойынша келисимге ерисилди.
Жаңа жөнелис мәмлекетлер арасындағы туристлик, исбилерменлик ҳәм мәдений
байланысларды раўажландырыўға хызмет етеди.
“Asman Airlines” авиакомпаниясы
менен сөйлесиўлерде Бишкек ҳәм Ош қалаларынан Ташкентке, сондай-ақ,
Өзбекстанның басқа қалаларына пәрўазларды жолға қойыў перспективалары көрип
шығылды. Тәреплер жаңа жөнелислерди ислеп шығыў ушын жолаўшылар талабын
үйрениўге келисип алды.
Авиакомпаниялардың
ўәкиллерине жаңа халықаралық жөнелислерди ашып атырған сырт елли тасыўшылар
ушын Өзбекстанда нәзерде тутылған мәмлекетлик қоллап-қуўатлаў илажлары да
таныстырылды.
Буннан тысқары,
тәреплер туризм бизнеси менен бирге ислесиўди жеделлестириў, еки мәмлекеттиң
туризм потенциалын биргеликте үгит-нәсиятлаў ҳәм саяхатшылар арасында жаңа
авиарейслерди ғалаба ен жайдырыўға келисип алды.