Бул қара үйде биринши мәрте Президентимиз исбилерменлер менен ушырасыў өткерип, мәмлекет экономикасы ушын жаңа бет ашып берген еди.

Бул үлкен ақ отаў және бир ири жойбардың старт ноқатына айланды. Өзбекстан бойлап кеңнен ен жайып баслаған медиа ҳәптеликтиң биринши басқышы Аралбойында шөлкемлестирилди. Бес күн даўамында Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетимиздиң мәлимлеме мәканының шын мәнисиндеги қайнап турған орайына - өзине тән инновациялық медиахабқа айланды.

Итибарлы тәрепи, бул жойбарда қурғақ академиялық баянатлар форматынан ўаз кешилди. Оқыўлар тараў жетекшилериниң жанлы әмелияты менен байытылды. Нәтийжеде жойбар дәслеп күтилгенинен әдеўир кеңирек қамтып алды. Онда түрли бағдарда жумыс алып барып атырған тараў ўәкиллери қатнасты. Аймақтағы 700 ге шамалас медиа ўәкили бирден-бир мақсет жолында ашық сөйлесиў майданында жыйналды. Усы мәниде жойбар әпиўайы оқыў курсы емес, ал мәлимлеме жеткериўдиң ески үлгилеринен ўаз кешип, ўақыяға пүткиллей жаңаша көзқарас пенен қараўға ийтермелейтуғын ҳақыйқый тәжирийбе мектеби болды.

Бул ҳәптелик миллий медиамызда жаңаша ҳаўаз, дөретиўшилик руўхын және де жанландыратуғын күшли импульс ўазыйпасын атқарады. Оқыўларды қатнасыўшылар ҳәр қыйлы көзқарас ҳәм билим дәрежеси менен баслаған еди. Нәтийжеде олар глобал тармақтағы мәлимлеме ҳүжимлерине қарсы тура алыў, жасалма интеллекттен шеберлик пенен пайдаланыў ҳәм контент жаратыўда креатив қатнас жасаў бойынша көнликпеге ийе болды.

— Медиа ҳәптеликте "Қанлыкөл хабарлары" газетасының жәмәәти де белсене қатнасты. Газетамыз дөретиўшилери заманагөй журналистика талаплары, жаңа медиа технологиялар ҳәм сапалы контент жаратыў бойынша билим ҳәм көнликпесин арттырды, - дейди "Қанлыкөл хабарлары" газетасының редакторы Гулжамийла Аметова. - Спикерлердиң бай тәжирийбеси, терең билими ҳәммемиз ушын үлкен шеберлик сабағы сыпатында әжайып тәсир қалдырды. Әсиресе, заманагөй журналистика, жаңа медиа бағдарлар ҳәм әмелий көнликпелер бойынша баҳалы мәсләҳәтлер биз ушын оғада пайдалы болды.

Ҳақыйқатында да, бес күнлик пикир алысыўлар мәмлекетлик уйымлар және журналист ҳәм блогерлер арасындағы көринбес дийўалды алып таслады. Ҳәр еки тәрепте өз-ара исеним ҳәм конструктивлик бирге ислесиўге тийкарланған жаңа медиа мәдениятқа беккем тийкар жаратылды.

— Қарақалпақстанда өткерилген медиа ҳәптелик шеңберинде биринши мәрте спикер сыпатында шығып сөйледим, - дейди Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлигиниң ўәкили Икром Аввалбоев. - Расын айтқанда, бул мен ушын жаңа басқыш болды. Әҳмийетлиси, тәжирийбем менен бөлисип атырған ўақытта өзим ушын да әҳмийетли тәреплерди белгилеп алдым. Бул жойбар тийкарында бир-биримизден көп нәрсе үйрендик. Қарақалпақстанлы ўатанласларымыздың меҳир-муҳаббаты, исеними ҳәм шын жүректен сөйлеўи кеўлимиздеги нурды жалынлатып жиберди.

Ҳәптеликтиң интенсив бағдарламасынан медиа тараўының ең әҳмийетли мәселелери орын алды. Бул сабақлардың әҳмийети, бәринен бурын, жойбарға ең күшли спикерлер тартылғанында. Шынығыўларды тек ғана теориялылар емес, ал бүгин мәмлекеттиң медиа майданының ҳаўа-райын белгилеп атырған әмелиятшы экспертлер өткерди.

— Медиа ҳәптеликте 60 тан аслам мәлимлеме хызмети басшылары ҳәм хызметкерлери ушын кәсиплик жумысын буннан былай да жетилистириўге хызмет ететуғын заманагөй ҳәм әҳмийетли темаларда тренинглер шөлкемлестирилди, - дейди Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты мәлимлеме хызметиниң баслығы Ислам Матекев. - Тийкарынан, мәлимлеме тараўын тәртипке салыўшы нызамшылық тийкарлары, "Мәмлекетлик уйымлар ҳәм ҒХҚ және блогерлер арасындағы қатнасықларды тәртипке салыў" бойынша методикалық қолланба, ҒХҚ, блогер ҳәм инфлюенсерлер менен нәтийжели бирге ислесиў механизмлери, мәлимлеме хызметлери жумысының нәтийжелилигин баҳалаў нормалары ҳәм SММ ҳәм алгоритмлер тийкарында рәсмий бетлерди жүргизиў көзқараслары бағдарлары бойынша зәрүр мағлыўматларға ийе болдық.

Мәмлекетимиз жетекшиси 10 мың SММ қәнигесин таярлаў бойынша басламаны алға қойған еди. Ҳәптелик шеңберинде бул жойбардың орынланыўына да айрықша итибар қаратылды. Бир қатар шөлкемлер менен биргеликте шөлкемлестирилген бул бийпул курсларға 7000 нан аслам, соның ишинде, Қарақалпақстаннан 500 ден дан аслам жигит-қыз қамтып алынды. Ҳәзир курсларды табыслы тамамлағанлар саны 1000 нан асты. Әҳмийетлиси, питкериўшилерге турақлы дәрамат табыўы ушын арнаўлы жеңиллетилген кредитлер берилмекте. Бул имканияттан пайдаланған көплеген жаслар әллеқашан жоқары дәрамат шегарасына шығып үлгерди. Ҳәптелик даўамында курс питкериўшилерине сертификатлар тапсырылды.

Сондай-ақ, Жаслар ислери агентлиги ҳәм Контент орайының басламасы менен мәмлекет бойлап 1000, атап айтқанда, Қарақалпақстанда 175 жигит-қыз мобилография бағдарында бийпул оқытылған еди. Бул жас дөретиўшилер де медиа ҳәптеликте қатнасты. Ҳәзир бул питкериўшилердиң 68 и қәнигелиги бойынша жумыс ислеп, дәрамат таппақта. Және 23 и сынақ мүддети менен түрли шөлкемлерге жумысқа қабыл етилген.

Ҳәптелик шеңберинде мәлимлеме тараўы ўәкиллериниң күнделикли жумысында пайдалы болатуғын еки жаңа китапша презентациясы өткерилди. Соның ишинде, "Мәмлекетлик уйымлар ҳәм ҒХҚ және блогер арасындағы қатнасықларды тәртипке салыўдың ҳуқықый тийкарлары" қолланбасы мәмлекетлик уйымлар ҳәм медиа ўәкиллери арасындағы мәлимлеме алмасыўын нызамлы, ашық-айдын ҳәм әдеп-икрамлылық нормалары тийкарында шөлкемлестириўге хызмет етеди. Онда мәлимлеме алыў кепилликлеринен баслап, журналисттиң жумысына тосқынлық еткени ушын жуўапкершилик мәселелерине шекем системалы сәўлелендирилген.

Ҳәптелик аймақтағы медиа ўәкиллериниң қатнасыўында ири медиафорум ҳәм сертификатлар тапсырыў мәресими менен жуўмақланды. Қарақалпақстаннан басланған медиа ҳәптеликтиң гезектеги басқышы Хорезм ўәлаятында өткерилип, пүткил республика бойлап даўам етеди.

Минажатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы