Кейинги жылларда мәмлекетлик хызметкерлердиң мийнетин мүнәсип баҳалаў ҳәм хошаметлеў мәселелерине жаңаша қатнас жасалмақта. Президентимиздиң мәмлекетлик пуқаралық хызметкерлердиң мийнет ҳақы системасын жетилистириўге байланыслы усыныслар менен танысқаны бул бағдарда пүткиллей жаңа, терең таллаўлар тийкарында ислеп шығылған ашық-айдын ҳәм әдил система енгизилетуғынынан дәрек береди.

Бир қарағанда бул мәселе әпиўайы экономикалық ямаса финанслық реформа сыяқлы көриниси мүмкин. Негизинде гәп мәмлекетлик басқарыўдың пүткил философиясын өзгертиў ҳаққында бармақта. Себеби ҳәр қандай мәмлекетлик хызметкер өз мийнетиниң әдил баҳаланатуғынына исенген жағдайда ғана баслама көрсетеди, өз үстинде ислейди ҳәм ел-журт мәпи жолында садықлық пенен хызмет етеди.

Орны келгенде соңғы жыллары мәмлекетлик хызмет тараўында бир қатар тарийхый қарарлар қабыл етилгенин атап өтиў керек. Атап айтқанда, "Мәмлекетлик пуқаралық хызмети ҳаққында"ғы нызам менен мәмлекетлик хызметкерлердиң ҳуқық ҳәм миннетлемелери, хызмет тәртиби, әдеп-икрамлылық қағыйдалары және кәсиплик жумысының тийкарғы принциплери беккем ҳуқықый тийкарға ийе болды.

Соның менен бирге, мәмлекетлик басқарыў аппараты оптималластырылды. Егер 2016-жылы мәмлекетлик уйымларда басқарыў хызметкерлериниң саны 73 мыңды қураған болса, бүгин 54 мыңға шекем қысқартылды. Бул тек ғана статистика емес, ал мәмлекетлик басқарыўды ықшамластырыў, бюрократиялық тосқынлықларды азайтыў ҳәм ҳәр бир штат бирлигиниң нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған избе-из сиясаттың нәтийжеси болып есапланады.

Презентацияда жетискенликлер менен бирге тараўда үлкен теңсалмақсызлықлардың бар екенлиги атап өтилип, оларды сапластырыў бойынша анық усыныслар ортаға тасланды.

Бүгинги күнде мәмлекетлик хызметкерлердиң айлығының тийкарғы бөлеги лаўазым айлығынан емес, ҳәр қыйлы үстеме ҳәм қосымша төлемлер есабынан қәлиплеспекте. Лаўазым айлығының үлеси айырым жағдайларда улыўма мийнет ҳақының 15 процентинен де артпайды. Қалған қаржы болса онлаған түрдеги үстеме, сыйлық ҳәм хошаметлеў төлемлеринен ибарат.

Машқала сонда, бул төлемлердиң көпшилиги хызметкердиң мийнет нәтийжеси менен байланыслы емес. Кимдур көбирек, және кимдур бирдей жумысты орынлап турып әдеўир аз ҳақы алады. Нәтийжеде бирдей ўазыйпаны атқарып атырған еки мәмлекетлик хызметкердиң мийнет ҳақысы арасында үлкен парық пайда болады. Айырым министрликлер ҳәм уйымлардың аймақлық бөлимлеринде ислеп атырған қәнигелер менен жергиликли ҳәкимликлерде әйне усы ўазыйпаны атқарып атырғанлардың айлықлары да кескин парықланады. Бундай жағдай болса мийнет қатнасықларындағы ең әҳмийетли принцип - әдиллик нормаларына улыўма сәйкес келмейди.

Мәселениң және бир әҳмийетли тәрепи сонда, бүгин мийнетке ҳақы төлеў тәртибин белгилейтуғын бирден-бир ҳуқықый ҳүжжет жоқ. Ҳәр қыйлы мәмлекетлик уйымларда елиўден аслам нормативлик ҳүжжет тийкарында мийнет ҳақы есапланады. Бул болса бир мәкемеде әмел етип атырған қағыйда басқасында басқаша болыўына, ҳәр қыйлы қатнас ҳәм түсинбеўшиликлерге себеп болмақта. Сонлықтан, жаңа системаны енгизиў дәўир талабы болып есапланады.

Усынылып атырған жаңа системаның ең үлкен абзаллығы сонда, ол мийнетке ҳақы төлеўди бирден-бир өлшемлер тийкарында шөлкемлестиреди. Енди мәмлекетлик уйымлар миллий, республикалық, аймақлық және районлық ҳәм қалалық дәрежелерге ажыратылады. Хызметкерлер болса атқаратуғын ўазыйпаларына қарап ҳәкимшилик басқарыў, тийкарғы ҳәм қоллап-қуўатлаў топарларына бөлинеди.

Бул классификация мәмлекетлик хызметтиң ҳәр бир буўынында жуўапкершилик дәрежесин анық белгилеў, ўазыйпаларды системаластырыў ҳәм оларға мүнәсип ҳақы төлеў имканиятын береди. Халықаралық тәжирийбе тийкарында ислеп шығылған, 11 разряд ҳәм 6 басқыштан ибарат жаңа тариф сеткасы болса мәмлекетлик хызметти кәсиплик өсиўге тийкарланған системаға айландырады. Енди лаўазым өсими де, айлық та анық қағыйдалар тийкарында қәлиплеседи.

Ең әҳмийетлиси, ҳәр бир мәмлекетлик хызметкер өзиниң мийнети қалай баҳаланатуғынын, қайсы нәтийже ушын үстеме ямаса бонус алыўын алдыннан биледи. Бул болса ашық-айдынлықты тәмийинлеў менен бирге, жеке жуўапкершиликти күшейтеди.

Мәмлекетлик хызметте ең үлкен машқалалардан бири жыллар даўамында мийнет нәтийжеси менен мийнет ҳақы арасындағы байланыслылық жетерли дәрежеде қәлиплеспегенлиги еди. Кимдур ҳүжданлы түрде мийнет етти, интакерлик көрсетти, жаңа идеяларды алға қойды. Және биреў өз ўазыйпасын рәсмий түрде орынлаў менен шекленди. Бирақ айлық ҳәм хошаметлеў мәселесинде олар арасында сезилерли айырмашылық барлық ўақытта да бақланбаған. Бул болса мийнет өнимдарлығына да, мәмлекетлик хызметтиң абырайына да унамсыз тәсир көрсетиўи тәбийғый, әлбетте.

Жаңа система мине усы машқаланы шешиўге қаратылғаны менен әҳмийетли. Енди мийнет ҳақы тек ғана иелеп турған лаўазымға емес, ал хызметкердиң әмелий жумысы, жуўапкершилиги ҳәм ерискен нәтийжелерине қарап белгиленеди. Сондай-ақ, хызметкердиң маманлығы, функционаллық ўазыйпаларды орынлаў сапасы, орынлаў тәртиби, интакерлиги ҳәм де KPI көрсеткишлери есапқа алынады.

Бонусларды төлеў мәселесине айрықша итибар қаратылады. Бул хошаметлеў түри тосыннан ямаса субъектив қарарларға емес, ал хызметкердиң алдынғы мәлимлеме технологияларын, соның ишинде, жасалма интеллект, заманагөй билим ҳәм көнликпелерди өзлестиргени, тәжирийбе ҳәм маманлығын арттырғаны сыяқлы анық нормалар тийкарында төленеди. Бул талап мәмлекетлик хызметкерди турақлы оқыўға, өз үстинде ислеўге, заман менен тең қәдем таслаўға шақырады.

Бул бағдарда раўажланған мәмлекетлердиң тәжирийбесин үйрениў ҳәм оннан нәтийжели пайдаланыў үлкен әҳмийетке ийе. Атап айтқанда, Сингапур, Қубла Корея, Канада ҳәм Уллы Британияда мәмлекетлик хызмет жоқары профессионаллық ҳәм анық нормалар тийкарында қәлиплескен. Оларда мәмлекетлик хызметкерлердиң жумысы тек ғана орынланған ўазыйпалар саны менен емес, ал ерисилген нәтийже, жәмийет ушын жаратылған қун ҳәм хызмет нәтийжелилиги тийкарында баҳаланады.

Өзбекстанда мәмлекетлик пуқаралық хызметин жетилистириў шеңберинде усыныс етилип атырған жаңа көзқараслар мине усы алдынғы халықаралық тәжирийбе ҳәм заманагөй басқарыў принциплерине үнлес болып есапланады. Яғный енди мәмлекетлик хызметкердиң мийнети тек ғана орынланған ўазыйпалар емес, ал анық нәтийже, интакерлик ҳәм пуқаралардың мәпине қосқан үлеси арқалы баҳаланыўына айрықша итибар қаратылады.

Жаңа система менен, сондай-ақ, мәмлекетлик хызметти баҳалаўда барлық аймақлар ушын бирден-бир ҳәм әдил норма әмел етеди. Бул не дегени? Енди мийнетке ҳақы төлеўде аймақлар арасындағы айырмашылықлар емес, ал анық ўазыйпалар, жуўапкершилик дәрежеси ҳәм ерисилген нәтийжелер тийкарғы өлшемге айланады. Район ҳәм қалалардағы штат бирликлери және мийнет ҳақылар болса халық саны, экономикалық потенциал ҳәм аймақтың өзине тән өзгешеликлеринен келип шығып қәлиплестириледи.

Бундай қатнас мәмлекет қаржыларынан ақылға уғрас пайдаланыў менен бирге, ҳәр бир хызметкер ушын тең имканият ҳәм әдил баҳалаў орталығын жаратады. Қайсы аймақта жумыс алып барыўына қарамастан, мәмлекетлик хызметкер өзиниң мийнети итибардан шетте қалмайтуғынын сезеди. Мине, усы исеним мәмлекетлик хызметтиң абырайын және де арттырады.

Бүгин жаңа Өзбекстанда мәмлекетлик хызмет әпиўайы басқарыў қуралы емес, ал халық исеними ҳәм раўажланыўды белгилейтуғын әҳмийетли институтқа айланады, десек дурыс болады. Усы мәнисте мийнетке ҳақы төлеў системасын жаңалаў тек ғана қаржы мәселеси емес, ал мәмлекетлик басқарыўда әдиллик, нәтийжелилик ҳәм жуўапкершилик принциплерин беккемлеўге қаратылған әҳмийетли қәдем, әҳмийетли реформа болып есапланады.

Жаңа көзқарас мәмлекетлик хызметкердиң қәдирин лаўазымы менен емес, оның билими, басламасы, жуўапкершилиги ҳәм әмелий нәтийжелери менен белгилейди. Бул болса жыллар даўамында қәлиплескен ески көзқарасларды сапластырып, нәтийжелиликке тийкарланған жаңа басқарыў мәдениятын қәлиплестиреди.

Эркин ГАДОЕВ,

Олий Мажлис Сенаты ағзасы