Бул санда Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы мәмлекетимиздиң раўажланыўында жаңа интеллектуаллық платформа сыпатында бой көрсеткени, орай қурылған жердиң тарийхый тийкарлары ҳәм комплекске келиўши балалар ушын жаратылған имканиятлар менен шараятлар ҳаққында қызықлы мақалалар менен танысыўыңыз мүмкин.
Сондай-ақ, усы арнаўлы бетлерде
Илимлер академиясы вице-президенти, Баҳром Абдуҳалимовтың "Елимиз раўажланыўында жаңа интеллектуаллық платформа";
Өзбекстан халықаралық исламтаныў академиясы профессори, тарийх илимлери доктори Неъматулло Муҳаммедовтың "Орай Хастимомда қурылысының тарийхый тийкарлары";
"Гулхан" журналының бас редакторы Заҳра Ҳасанованың "Перзентлеримиз ақыл-ойын да байытады" атамасындағы мақалалардың электрон вариантын оқыўыңыз мүмкин.