Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен шөлкемлестирилген бул илаж Әмир Темур ҳәм Шығыс Ренессанс цивилизациясының жәҳән тарийхы ҳәм мәдениятындағы орнын додалаў ушын үлкен халықаралық майдан болады.
Конференцияда дүньяның 20 дан аслам мәмлекетинен 300 ден аслам жетекши илимпазлар, экспертлер, дипломатлар ҳәм жәмийетшилик ўәкиллери қатнасады. Мийманлар арасында халықаралық шөлкемлер ҳәм илимий орайлардың, соның ишинде, ICESCO, Оксфорд Ислам изертлеўлер орайы, IRCICA ҳәм "Ал-Фурқан" қорының ўәкиллери бар.
Конференция Ислам цивилизациясы орайы, Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы ҳәм Сыртқы ислер министрлиги тәрепинен шөлкемлестирилмекте. Илаж Өзбекстан мәдений мийрасын үйрениў, сақлаў ҳәм үгит-нәсиятлаў бойынша пүткил жер жүзилик жәмийети (WOSCU) тәрепинен әмелге асырылмақта.
Бағдарлама шеңберинде қатнасыўшылар Темурийлер дәўириниң тийкарғы тәреплерин: мәмлекетлик басқарыў ҳәм дипломатия, әскерий көркем өнер ҳәм стратегия, архитектура ҳәм қала қурылысы, сондай-ақ, илим, билимлендириў ҳәм мәденияттың раўажланыўын додалайды. Әмир Темур мийрасының жәҳән цивилизациясы, сиясаты ҳәм экономикасының қәлиплесиўине тәсирине айрықша итибар қаратылады.
Илимий бөлимнен тысқары, бай мәдений-экскурсиялық бағдарлама: Ислам цивилизациясы орайына барыў, тематикалық көргизбелер, "Әмир Темур ҳәм Донна Мария" көркем-ҳүжжетли фильмин көрсетиў, мэппинг-шоу, сондай-ақ, "Конигилдеги той" театрластырыўы нәзерде тутылған.
Конференция жуўмағында уллы Темурийлер мийрасын буннан былай да үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаўға қаратылған илимий усыныслар ислеп шығылады ҳәм жол картасы қабыл етиледи. Ислам цивилизациясы орайында өткерилетуғын жабылыў мәресиминде бир қатар жетекши халықаралық илимий ҳәм мәдений шөлкемлер менен бирге ислесиў меморандумларына қол қойылады.
Бул конференцияның өткерилиўи халықаралық илимий сөйлесиўди беккемлеў ҳәм Өзбекстанның бай тарийхый-мәдений мийрасын дүнья жәмийетшилигинде үгит-нәсиятлаўда әҳмийетли қәдем болады.