Мәмлекетлик сатып алыўлар бойынша электрон саўдалардың өткерилиўи нәтийжесинде бюджет ҳәм корпоратив буйыртпашылардың улыўма үнемленген қаржылары 586,3 миллиард сумды қурады.
Көрип шығылып атырған дәўирде онлайн аукцион арқалы 136 телефон номери сатылған.
Биржа саўдалары
Есап бериў дәўиринде ашық биржа саўдаларында 23 912 келисим дүзилген.
ун
Биржа саўдалары арқалы 18 345,0 тонна ун сатылды. Өткериўдиң күнлик көлеми орташа 3 669,0 тоннаны қурады.
Көрип шығылып атырған дәўирде унның күнлик орташа баҳасы тоннасы ушын 3 909,4 мың сумнан 3 855,3 мың сумға түсти. Биржа саўдаларында ҳәр күни орташа 199 қарыйдар қатнасты.
полиэтилен
Биржа саўдаларына 3 017,0 тонна полиетилен қойылып, оның толық көлеми сатылды. Өткериўдиң күнлик көлеми орташа 603,0 тоннаны қураған.
Көрип шығылып атырған дәўирде полиэтиленниң күнлик орташа баҳасы бир тоннасы ушын 16 014,6 мың сумнан 15 885,4 мың сумға түсти. Биржа саўдаларында күнине орташа 81 қарыйдар қатнасты.
синтетикалық нафта
Өткен ҳәптеде биржа саўдаларында 7 862,0 тонна синтетикалық нафта сатылды. Биржа саўдаларында ҳәр күни орташа 6 қарыйдар қатнасты. Өткериўдиң күнлик көлеми орташа 1 572,0 тоннаны қурады.
Көрип шығылып атырған дәўирде синтетикалық нафтаның күнлик орташа баҳасы бир тоннасы ушын 4 334,1 мың сумнан 4 248,7 мың сумға шекем төменледи.
Барлық товарлардың ҳәптелик баҳалары менен усы силтеме арқалы танысыўыңыз мүмкин.