Илажда Фаррух Зокировтың мәдениятты раўажландырыў, Өзбекстан
ҳәм Қазақстан арасындағы дослық ҳәм гуманитарлық байланысларды беккемлеўге
қосқан үлкен үлеси атап өтилди. Оның көп жыллық дөретиўшилик жумысына еки
мәмлекет халықларын жақынластырыўдың әҳмийетли факторы сыпатында қаралмақта.
Жуўап телеграммада Фаррух Зокиров юбилей ҳәм жоқары
мәмлекетлик сыйлық пенен қутлықлағаны ушын шын жүректен миннетдаршылық
билдирген. Бул қарарды мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди раўажландырыўға
айрықша итибардың дәлили, Өзбекстан ҳәм Қазақстан халықларының көп әсирлик
дослығы, туўысқанлығы ҳәм руўхый жақынлығына берилген жоқары баҳа сыпатында
қабыл ететуғынын атап өтти.
Көркем өнер ғайраткери көп жыллар даўамында еки мәмлекет
арасындағы өз-ара түсинисиў, исеним ҳәм жақсы қоңсышылықты беккемлеўге үлес
қосыўға умтылғанын атап өтти. Оның сөзлерине бола, мәденият буннан былай да
халықларды және де жақынластырыўға хызмет етип, дослықтың исенимли көпири болып
хызмет етеди.
Фаррух Зокиров, сондай-ақ, Өзбекстан ҳәм Қазақстан
арасындағы стратегиялық шериклик, аўқамласлық қатнасықлары ҳәм көп қырлы бирге
ислесиў еки мәмлекет ҳәм халықлардың абаданлығы жолында избе-из беккемленип
баратуғынына исеним билдирди.
Халық артисти журналистлерге берген интервьюинде былай деди:
- Мени көплеген кәсиплеслерим қутлықлап үлгерди, туўысқан
халқымыздың, қоңсыларымыздың "Достық" орденин алыў мен ушын жоқары
мәртебе, үлкен мақтаныш. Бизди әзелий байланыслар, дослық, дәстүрлер ҳәм
улыўмалық руўхый қәдириятлар байланыстырып турады.
Бул мен ушын жоқары мәртебе. Мен Өзбекстан халық артисти,
Қазақстан халық артисти атақларын бәрқулла мақтаныш пенен көтерип жүремен.
Бүгин олардың қатарына орден де қосылды. Юбилейим мүнәсибети менен Қазақстанның
ҳүрметли Президенти мени "Достық" ордени менен сыйлықлады. Буннан
жақсы не болыўы мүмкин?
Әлбетте, бул үлкен жуўапкершилик. Бизлер әмелге асырған
барлық жумыслар, халықлар арасындағы байланыслар ҳәм дослықты беккемлеўге
қосқан үлесимизди мен айрықша мақтаныш ҳәм илҳам менен даўам еттиремен.
Қуда қәлесе, бизиң байланысларымыз, дослығымыз және де
беккемленсин. Бүгин аспанымыз тыныш, көкшил - буннан әҳмийетлирек не бар?
Халықларымыз бәрқулла дос ҳәм абадан болсын!