Хожели районындағы тәбийий газ жетип барыўы қыйын саналған алыс аўылларда, яғный «Сарышүңгил», «Әмиўдәрья», «Мустақиллик», «Қум жыққын», «Кулаб» ҳәм «Жаңа жап» мәҳәллелери аймақларында, жәми 472 жеке хожалық суйылтылған газден пайдаланып келмекте. Усы жылдың алты айы даўамында тутыныўшыларға, жәми 44,4 тонна суйылтылған газ жеткерип бериў режелестирилип, әмелде 44,5 тонна суйылтылған газ жеткерип берилген.

Тараў қәнигелериниң гезектеги суйылтылған газ баллон тарқатыў мәнзили Сарышүңгил АПЖ аймағындағы «Әмир Темур» аўылы болды. Аўылда жәми 32 хожалық болып, оларға белгиленген реже тийкарында суйылтылған газ баллонлары арнаўлы автотранспорт жәрдеминде тарқатылды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.