Бирақ бүгин алдымызда және бир үлкен ўазыйпа тур: жаратылған билим ҳәм технологияларды әмелиятқа енгизиў мәселеси. Себеби, илимий қолланбалар қаншелли көп болмасын, егер ол әмелиятта қолланылмаса ҳәм жаңа излениўлерге түртки бермесе, оның имканияты толық көрсетилмейди.

Әсиресе, информация ағымы ҳәдден тысқары тезлескен бүгинги дәўирде бул мәселениң әҳмийети және де артпақта. Жаслар кимди көбирек бақласа, табысынан илҳамланса, көбинесе сол тараўға қызықпақта. Егер инновация ҳәм илим ўәкиллери мәлимлеме мәканында жетерлише белсенди болмаса, олардың орнын басқа тараўлардағы қаҳарманлар ийелейди.

Демек, илим ушын және бир әҳмийетли бәсеки майданы жәмийетшиликтиң итибары болып есапланады. Сонлықтан, дүньяда илим коммуникациясына илимий жумыстың қосымша бағдары емес, ал оның социаллық тәсирин белгилейтуғын әҳмийетли механизм сыпатында қаралыўы пүткиллей тәбийғый. Илимий мақала, изертлеў нәтийжеси ямаса жаңа технологияның өзи менен жумыс тамамланбайды. Оны жәмийетшилик пенен додалаў, жасларға жеткериў, исбилермен ҳәм инвесторлардың итибарына усыныў да илимий экосистеманың бир бөлегине айланбақта.

Сырт еллердиң тәжирийбесинде де илимди үгит-нәсиятлаў илимий жумыстың әҳмийетли бөлеги сыпатында қаралғанын бақлаў мүмкин. Мәселен, АҚШ миллий илимий қоры – NSF грант жойбарларын баҳалаўда Broader Impacts изертлеўиниң жәмийетке кең тәсир етиў өлшеминен пайдаланады. Бунда илимий жумыстың билимлендириў, кадрлар таярлаў, жәмийетшилик ҳәм экономикаға тәсири де есапқа алынады. Сондай-ақ, Европа мәмлекетлеринде илимий фестивальлар, ашық лабораториялар ҳәм ғалаба баянатлар арқалы халық илим нәтийжелери менен тиккелей таныстырылады.

Буннан шықты, мәмлекетимизде де илимпазлардың жумысын заманагөй медиа арқалы кеңнен сәўлелендириў, илимий қолланбаларды көпшиликке түсиникли түрде усыныў ҳәм оларды әмелиятқа енгизиў әҳмийетли ўазыйпалардан бирине айланғаны бийкарға емес. Мине, усы зәрүрликтен келип шығып, Инновациялық раўажланыў агентлиги жанындағы Илимий-техникалық мәлимлеме орайы илимди үгит-нәсиятлаўда заманагөй мәлимлеме қуралларынан пайдаланыўға айрықша итибар қаратпақта.

Орай илимпазлардың изертлеўлери ҳәм инновациялық қолланбаларын кең аудиторияға таныстырыў мақсетинде видео дайжестлер таярлаўды жолға қойған. Оларда қурамалы илимий терминлерден гөре изертлеўдиң мазмуны, қандай машқалаға шешим берип атырғаны ҳәм инсан өмири ушын әҳмийетине итибар қаратылады. Бундай формат илимий нәтийжени әпиўайы ҳәм түсиникли тилде усыныў менен бирге, оны жаратқан илимпазды да жәмийетшиликке таныстырады. Нәтийжеде илимпаздың мийнети тек ғана илимий топар ўәкиллери ушын емес, ал кең аудитория ушын да қызықлы ҳәм әҳмийетли темаға айланады.

Және бир әҳмийетли тәрепи - илимди инсан факторы арқалы жақынластырыў. Мысал ушын, изертлеўшилер изленип атырғаны, қандай идея үстинде ислеп атырғаны ҳәм оның мийнетиниң нәтийжесин көрген жаслар илимди абстракт түсиник емес, ал өзи таңлайтуғын ҳәм онда нәтийжеге ерисе алатуғын реал тараў сыпатында қабыл етеди. Усы мақсетте орай тәрепинен жас илимпазлар, изертлеўшилер, ойлап табыўшылар ҳәм новаторларды анықлаў, олардың жумысын кең жәмийетшиликке таныстырыўға қаратылған системалы жумыслар әмелге асырылмақта.

Орай жанындағы басылымларда олардың илимий излениўлери ҳәм инновациялық қолланбалары ҳаққында бир қатар материаллар таярланып, видеодайджестлер арқалы да кең аудиторияға усынылмақта. Бул материаллар тек ғана илимди үгит-нәсиятлаў емес, ал мәмлекеттеги қәбилетли илимпаз ҳәм ойлап табыўшылар ҳаққында ашық мәлимлеме базасын қәлиплестириўге де хызмет етпекте.

Нәтийжеде илимий ҳәм инновациялық тараўдағы жаңа атамалар орай аудиториясы ҳәм кең медиа мәканына бирдей кирип бармақта. Бул болса илим ўәкиллерин жәмийетшиликке таныстырыў менен бирге, олардың тәжирийбеси ҳәм нәтийжелерин басқа медиа майданларға алып шығыў ушын да әҳмийетли мәлимлеме көпири ўазыйпасын атқармақта.

Илимий қолланбаны көпшиликке таныстырыўдың ең әҳмийетли басқышы болса оны әмелде көрсетиў, автор ҳәм жәмийетшилик, илимпаз ҳәм исбилермен, изертлеўши ҳәм инвестор арасында тиккелей сөйлесиў ушын шараят жаратыў болып есапланады. Бул бағдарда Инновациялық раўажланыў агентлиги тәрепинен өткерилип киятырған “InnoWeek” халықаралық инновациялық идеялар ҳәптелиги айрықша әҳмийетке ийе.

Бул ҳәптелик Президентимиздиң 2018-жыл 27-апрельдеги "Инновациялық идеялар, технологиялар ҳәм жойбарларды әмелий енгизиў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында"ғы қарары тийкарында жолға қойылған. Оған бола, 2018-жылдан баслап турақлы түрде халықаралық инновациялық идеялар ҳәптелигин өткериў белгиленип, илимий мәкемелер ҳәм реал экономика тармақлары арасында бирге ислесиўди күшейтиў, жергиликли инновациялық идеялар ҳәм технологияларды коммерцияластырыў, инвестицияларды тартыў және алдынғы қолланбаларды үгит-нәсиятлаў тийкарғы ўазыйпалар сыпатында белгиленген.

Ҳәптелик шеңберинде илимий ҳәм инновациялық қолланбалар макет, прототип ямаса таяр өним көринисинде көрсетиледи. Бул болса илимий идеяның қағаздағы нәтийже емес, ал әмелиятта қолланылыўы мүмкин болған шешим екенлигин көрсетиў имканиятын береди. Әҳмийетлиси, жәмийетшилик алдын мәлимлеме материаллары арқалы танысқан илимпаз ҳәм оның қолланбасын бул жерде тиккелей көриўи, имканиятлары менен танысыўы ҳәм авторы менен пикирлесиўи мүмкин.

Және бир гәп. Жаңа Өзбекстанды илим ҳәм инновацияларсыз қурыў мүмкин емес. Бул мақсет илим ушын зәрүр шараятлар жаратыў менен бирге, оның нәтийжелерин жәмийет раўажланыўының ажыралмас бөлегине айландырыўды да талап етеди.

Илимий нәтийже бир күнде жаратылмайды. Оның артында жыллар даўамындағы излениў, тәжирийбе ҳәм билимлер турады. Соның ушын илимди ғалаба ен жайдырыўды қысқа мүддетли информация ўазыйпасы емес, узақ мүддетли нәтийжеге қаратылған стратегиялық бағдар сыпатында баҳалаў керек. Бундай қатнастың нәтийжеси болса ўақыт өтиўи менен анығырақ көринеди. Бүгин илим ҳаққында қәлиплескен түсиник ертең кәсип таңлаўына, илимий орталыққа кирип келетуғын жаңа әўладқа ҳәм мәмлекеттеги илимий мектеплердиң даўамлылығына тәсир етеди.

Усы мәнисте, илимди үгит-нәсиятлаўға бағдарланған ҳәр бир ҳәрекетти интеллектуаллық капиталға киргизилген инвестиция сыпатында көриў мүмкин. Финанслық инвестиция экономикалық қун жаратқаны сыяқлы илимге болған итибар ҳәм оның қәдирин арттырыўға қаратылған жумыслар да мәмлекеттиң узақ мүддетли интеллектуаллық потенциалын күшейтеди. Илимий потенциал болса оны қәдирлейтуғын ҳәм раўажландырыўға умтылатуғын орталыққа да байланыслы. Солай екен, илимниң үгит-нәсияты бүгинги мәлимлеме емес, ертеңги раўажланыў ушын жаратылып атырған тийкар болып есапланады.

 

Севара АБДУЛЛАЕВА,

Инновациялық раўажланыў агентлиги
басқарма баслығының орынбасары