Өзбекстан - Корея айрықша стратегиялық шериклигин буннан былай да раўажландырыў ҳәм беккемлеў мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды.

Корея Республикасы Президенти мәмлекетимиз басшысын қызғын қутлықлап, бул сапар етиўди дәстүрий дослық ҳәм өз-ара ҳүрмет принциплерине тийкарланған Өзбекстан-Корея қатнасықлары тарийхында әҳмийетли ўақыя, деп атады.

Өзбекстан жетекшиси, өз гезегинде, Корея Республикасы өткен жыллар даўамында мәмлекетимиздиң исенимли досты ҳәм ең әҳмийетли экономикалық шериклеринен бирине айланғанын атап өтти.

Усы мүнәсибет пенен товар алмасыў ҳәм инвестициялар көрсеткишлериниң өсип баратырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Өзбекстанда Корея капиталының қатнасыўында 700 ден аслам қоспа кәрхана жумыс алып бармақта. Базарымызда «Samsung», «LG, Lotte», «Young One», «BOMI», «KIA» ҳәм басқа да көплеген ири компаниялар бар.

Кореяның Өзбекстан экономикасына киргизген барлық инвестицияларының улыўма баҳасы 8 миллиард доллардан артты. Жиззақ ўәлаятында «KIA» автомобильлерин ислеп шығарыў, Балалар миллий медицина орайы, Сургил кәниндеги Үстирт газ-химия комплекси ҳәм басқа да көплеген жойбарлар бул процесстиң жетекшилери болды.

Корея халықаралық бирге ислесиў агентлиги, Эксимбанк ҳәм «EDCF» фонды менен бирге ислесиў шеңберинде медицина ҳәм денсаўлықты сақлаў, санаат, МКТ, аўыл ҳәм суў хожалығы, энергетика, инфраструктура, билимлендириў тараўларында онлаған жойбарлар әмелге асырылмақта.

Сөйлесиўлерде еки мәмлекет парламентлери, министрликлер ҳәм уйымлар, аймақлық ҳәкимликлер, исбилермен топарлар дәрежесиндеги байланысларды жеделлестириў зәрүрлиги атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы Корея Республикасы менен экономикалық бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиўдиң бес тийкарғы бағдарын көрсетип өтти.

Саўда байланысларын тереңлестириў, инвестицияларды көбейтиў, әҳмийетли пайдалы қазылмалар, транспорт ҳәм инфраструктура тараўларында бирге ислесиўди раўажландырыў усылардың қатарына киреди.

Бул ретки сапар етиўдиң жуўмақлары бойынша инвестициялық портфель жаңа көлемге ийе болмақта: улыўма баҳасы дерлик 12 миллиард долларлық перспективалы жойбарлар таярланған. Корея Эксимбанки менен 8 миллиард долларлық стратегиялық шериклик бағдарламасы қабыл етилди.

Тәреплер Кореяның алдынғы технологиялары ҳәм Жаңа Өзбекстанның ресурс-санаат потенциалына тийкарланған беккем инновациялық ҳәм технологиялық альянсты қәлиплестириўге айрықша итибар қаратты.

Альянс жумысын мәлимлеме технологиялары, киберқәўипсизлик, медицина, денсаўлықты сақлаў ҳәм фармацевтика тараўларында жоқары ҳәм санлы технологиялар сыяқлы бағдарларға қаратыў усыныс етилди.

Әскерий-техникалық бирге ислесиўди раўажландырыў, соның ишинде, уйымлараралық байланысларды кеңейтиў, қоспа илажлар шөлкемлестириў ҳәм әскерий қәнигелер таярлаўға таярлық билдирилди.

Сапар алдында бирге ислесиў тарийхында биринши мәрте өткерилген Аймақлараралық форумға жоқары баҳа берилди. Кейинги форумды Самарқандта өткериўге келисип алынды.

Сөйлесиўлерде еки мәмлекет жетекшилери билимлендириў ҳәм кадрлар таярлаў тараўындағы бирге ислесиўди тереңлестириўге айрықша итибар қаратты.

Өзбекстанда педагогика, IТ, инженерлик, санлы технологиялар ҳәм заманагөй экономика ушын тийкарғы болған басқа да бағдарлар бойынша жоқары маманлықтағы кадрлар таярлайтуғын Қубла Корея университетлериниң төрт филиалы жумыс алып барып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Буннан тысқары, Өзбекстанда «KOICA» жәрдеминде шөлкемлестирилген ҳәм жасларымызға кейин ала өз қәбилетин жүзеге шығарыўы ушын билим ҳәм көнликпелерин арттырыў бойынша кең имканиятлар беретуғын 5 кәсип-өнер оқытыў орайы табыслы жумыс алып бармақта.

Кадрлар таярлаў бойынша әмелий тәжирийбе алмасыўда еки мәмлекет жоқары оқыў орынлары ректорлары форумының әҳмийетли орны атап өтилди.

Тәреплер еки тәреплеме қатнасықлардың раўажланыўында халықлар арасындағы өз-ара түсинисиўди тереңлестириў ҳәм дослық байланысларын беккемлеўге хызмет ететуғын мәдений алмасыў айрықша әҳмийетке ийе екенин атап өтти.

Мәмлекетимиз басшысы "көп санлы корейс диаспорасы Өзбекстанның көп миллетли шаңарағының ажыралмас бөлеги болып, мәмлекетлеримиз ҳәм халықларымыз арасында "руўхый көпир" ўазыйпасын атқаратуғынын" атап өтти.

Бул айрықша гуманитарлық байланысларды және де раўажландырыў мақсетинде 2027-жылды "Мәденият ҳәм өз-ара алмасыўлар жылы" деп жәриялап, биргеликтеги мәдений-гуманитарлық илажларды өткериўге келисип алынды.

Сөйлесиўлерде додаланған регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе мәселелер бойынша позициялардың жақынлығы да тастыйықланды.