Бул процесс инсан саламатлығына кери тәсир көрсетип, қалалардың экологиялық системасы ушын да үлкен қәўип туўдырмақта.
Бүгинги экономикалық раўажланыў шараятында раўажланыў ҳәм экологиялық теңсалмақлық арасындағы нәзик сәйкесликти тәмийинлеў мәселеси үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Себеби турақлы экономикалық өсиў тек ғана санлар менен емес, ал инсанның саламат ҳәм қәўипсиз орталықта жасаў ҳуқықы менен де өлшенеди.
Экологиялық машқалалар барлық мәмлекетлер қатарында мәмлекетимизде де бақланбақта. Соның ушын, ҳаўа сапасын жақсылаў, қалаларда жасыл майданларды кеңейтиў, халықтың экологиялық мәденияты ҳәм билимин арттырыўға қаратылған илажлар избе-из әмелге асырылмақта. "Таза ҳаўа" улыўма миллий жойбары мине усы ўазыйпаларды шешиўге хызмет етеди. Онда энергетика ҳәм санаат тараўларында экологиялық нәтийжелиликти арттырыў, ҳаўаны мониторинг етиў ҳәм тазалаўдың заманагөй системаларын енгизиў арқалы қалалардың ҳаўа сапасын жақсылаў нәзерде тутылған.
Сондай-ақ, жойбар арқалы қурылыс тараўында да талаплар избе-из күшейтилмекте. Жаңа ири объектлерди жойбарластырыў процесинде жасыл майданларды сақлап қалыў, шығындылар ҳәм қурылыс материалларын нәтийжели басқарыў, аймақларды қорғаў ҳәм қадағалаўды санлы технологиялар арқалы күшейтиў илажлары көрилмекте. Буннан тысқары, қалаларда "самал жоллары"н сақлаў, экологиялық экспертиза жуўмақларын мәжбүрий тәртипте есапқа алыў, суў ҳәм ҳаўа ресурсларын басқарыў бойынша комплексли режелер ислеп шығыў әҳмийетли ўазыйпа сыпатында алға қойылмақта. Хош, қурылыс тараўында "самал жоллары" қала ҳаўасы ушын қаншелли әҳмийетли? Бул сораўға сәл кейинирек тоқтап өтемиз.
Ташкент қаласындағы турақ жайлардың биринде төрт жылдан берли жасап келемен. Биринши көшип келгенимизде аймақ ашық, ҳаўа еркин айланатуғын еди. Әтирапта пәскелтек имаратлар, кең ҳәм ашық майданлар болып, тәбийий орталық белгили дәрежеде сақланып қалған еди. Бирақ кейинги жылларда бул аймақтағы жағдай кескин өзгерди. Қысқа мүддетте әтирапта бир неше бийик қабатлы имаратлар бой тикледи. Әлбетте, бул имаратлардың қурылысы артынан жүзлеген шаңарақлар ўатанлы болды. Қанша адамлар бул жерде ислеп, шаңарағын бақты. Бирақ теңгениң екинши тәрепи де бар. Бурын тәбийғый қәлиплескен, самал еркин ҳәрекетленетуғын бағытлар енди бетон дийўаллар арасында қалып кетти.
Бийик имаратлар пәс қабатлы жайлар ушын тәбийғый ҳаўа ағымын тосып, "жабық орталық"ты жүзеге келтирмекте. Бул болса қала қурылысындағы айырым қарарларда инсан мәплери қай дәрежеде есапқа алынып атырғаны ҳаққында терең ойланыўға ийтермелейди.
Себеби қала тек имаратлар комплекси емес, ал ол инсан жасайтуғын, дем алатуғын, тиришилик ететуғын мәкан. Егер сол кеңисликте тәбийий орталық изден шықса, демек, раўажланыў түсинигиниң өзи қайта көрип шығылыўы керек.
Бул жағдай айрықша бир аймаққа тән емес. Бүгин көплеген қалаларда усындай көринисти бақлаў мүмкин. Тығыз ҳәм тәртипсиз қурылыслар нәтийжесинде тәбийғый "самал жоллары" қысқарып, айырым жерлерде пүткиллей жоғалып бармақта ҳәм қала ҳаўасының тәбийғый айланысын иркип, сапасына унамсыз тәсир көрсетпекте.
Қәнигелердиң атап өтиўинше, "самал жоллары" қаланың өзине тән "дем алыў системасы" болып есапланады. Олардың бар екенлиги ҳаўа алмасыўын тәмийинлейди, жыллылық топланыўының алдын алады, атмосферадағы зыянлы затлардың тарқалыўын кемейттиреди. Кери жағдайда қала орталығында "ыссы атаў" эффекти жүзеге келеди. Бул жағдай ҳаўа температурасының көтерилиўи, ыссылықтың күшейиўи ҳәм улыўма экологиялық жағдайдың жаманласыўына алып келеди. Нәтийжеде инсан саламатлығы ҳәм турмыс сапасына тиккелей қәўип пайда болады.
Халықаралық тәжирийбе болса бул машқалаға байланыслы анық ҳәм әмелий шешимлер бар екенлигин көрсетпекте. Европаның бир қатар мәмлекетлеринде "самал жоллары"на қала қурылысы сиясатының ажыралмас бөлеги сыпатында қаралады. Атап айтқанда, айырым қалаларда арнаўлы "самал жоллары" белгиленип, бул аймақларда бәлент қабатлы имаратлар қурылысы қатаң тәртипке салынады ямаса шекленеди. Бул арқалы қала ишинде тәбийғый ҳаўа айланысы сақланады, экологиялық теңсалмақлылық тәмийинленеди.
Бул тәжирийбе заманагөй қала қурылысында раўажланыў тек ғана көлем ҳәм тезлик пенен емес, ал тәбият нызамларына бейимлесиў арқалы турақлылықты тәмийинлеў менен де өлшениўи зәрүр.
Азия мәмлекетлеринде, әсиресе, халқы тығыз жайласқан мегаполислерде бул мәселеге және де қатаң ҳәм илимий көзқарас қәлиплескен. Заманагөй технологиялар жәрдеминде самал ағымы алдыннан моделлестирилип, қурылыс жойбарлары әйне усы таллаўлар тийкарында тастыйықланады. Бундай қатнас қала орталығын режелестириўде тәбийғый факторларды есапқа алыў қаншелли әҳмийетли екенин көрсетеди. Ең әҳмийетлиси, бул тек ғана экологиялық емес, ал экономикалық жақтан да жоқары нәтийже береди.
Себеби, "самал жоллары" дурыс шөлкемлестирилген аймақларда энергия жумсалыўы сезилерли дәрежеде азаяды. Тәбийий самаллатыў имаратларды суўытыўда да әҳмийетли орын тутады. Кондиционерлерден пайдаланыў зәрүрлигин азайтады. Нәтийжеде халықтың қәрежетин азайтып, улыўма энергия нәтийжелилигин арттырыўға хызмет етеди. Усы мәнисте "самал жоллары" тек ғана экологиялық теңсалмақлылықты сақлаў қуралы болып қалмастан, экономикалық үнемлеўдиң әмелий механизмине айланады.
"Самал жоллары" мәселеси тар шеңбердеги архитектура ямаса қурылыс машқаласы емес. Ол жәмийетлик денсаўлық, экологиялық турақлылық ҳәм экономикалық нәтийжелилик пенен тығыз байланыслы комплексли мәселе болып есапланады. Демек, бул бағдарда қабыл етилетуғын ҳәр бир қарар бүгинги қурылыс талапларынан келип шықпастан, келешек әўладлардың мәпин де есапқа алған ҳалда қабыл етилиўи керек.
Бирақ әмелиятта бул тәрепи ҳәр дайым да жетерли дәрежеде есапқа алынбай атыр. Айырым жағдайларда қурылыс жойбарлары аймақтың тәбийғый өзгешеликлери, самал бағдарлары ҳәм ҳаўа алмасыўын жетерли дәрежеде таллаўсыз тастыйықланады. Нәтийжеде бүгин қурылып атырған имаратлар ертең экологиялық машқалаға айланыўы мүмкин. Себеби, надурыс режелестирилген қала орталығын кейин ала дурыслаў жүдә қыйын ҳәм үлкен қәрежет талап етеди.
Соның ушын, бүгин қала қурылысы сиясатында самал бағдарларын илимий тийкарда үйрениў, қурылыс жойбарларында аэродинамикалық анализди енгизиў, ашық аймақлар ҳәм жасыл зоналарды сақлап қалыў және бийик имаратларды жайластырыўда теңсалмақлылықты тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылмақта. "Таза ҳаўа" улыўма миллий жойбары бул бағдарда әҳмийетли қәдем болып есапланады.
Ең әҳмийетлиси, бул мәселеге қатнасты өзгертиў зәрүр. "Самал жоллары" қала турмысының әҳмийетли шәрти. Бүгин қурылып атырған ҳәр бир имарат ҳәзирги халық пенен бирге келешек әўладлардың турмысына да тәсир көрсетеди. Соның ушын, қурылыс процесинде қысқа мүддетли мәплерден гөре узақ мүддетли турақлылық үстин болыўы керек.
Сардор ТОЛЛИБОЕВ,
"Жаңа Өзбекстан" хабаршысы