Кейинги жылларда мәмлекетимизде социаллық қорғаўды
сапа жағынан жаңа басқышқа көтериў, мәмлекетлик жәрдемди мүтәж пуқараларға
мәнзилли ҳәм ашық-айдын жеткериў, хызметлерди санластырыў ҳәм оларды проактив
түрде көрсетиўге қаратылған кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Онда
майыплығы болған шахсларды, турақлы күтимге мүтәж пуқараларды, майыплығы болған
балаларды тәрбиялап атырған шаңарақларды, күш көрсетиў ҳәм зорлықтан
жәбирленген ҳаял-қызларды, социаллық хызметлер көрсетип атырған исбилерменлерди
ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға тийкарғы әҳмийет қаратылмақта.
Презентацияда руўхый кеселлиги болған майыплығы болған
шахсларға социаллық хызметлер системасын түп-тийкарынан жетилистириў мәселеси
көрип шығылды. Бул бағдардағы тийкарғы мақсет олардың жәмийетлик турмыста толық
қатнасыўын тәмийинлеў, шаңарақлық орталыққа максимал жақын болған шараятларда
комплексли хызметлер көрсетиў, оларға ғамхорлық етип атырған шаңарақларды
қоллап-қуўатлаў екени атап өтилди.
Атап айтқанда, 2026-жыл 1-июньға шекем 0-3 жас
аралығындағы раўажланыўында бузылыўы анықланған балалар ушын "Ерте
араласыў" жаңа хызмети басқышпа-басқыш енгизиледи. Бул хызмет шеңберинде
арнаўлы педагоглар ҳәм емлеў дене тәрбиясы устазларының қатнасыўында балаларға
коррекциялық-педагогикалық жәрдем көрсетиледи, сөйлеўди раўажландырыў ҳәм
физикалық раўажландырыў бойынша шынығыўлар өткериледи. Хызмет мәмлекетлик емес
шөлкемлер тәрепинен арнаўлы электрон реестр тийкарында көрсетиледи. Сондай-ақ, анатомиялық
кемшиликлери менен туўылған балаларды қосымша медициналық тексериўден өткериў
ҳәм хирургиялық операцияларды әмелге асырыў қәрежетлери Мәмлекетлик медициналық
қамсызландырыў қоры есабынан қәплап бериледи.
Руўхый кеселлиги болған I ҳәм II топар майыплығы болған шахслар
ушын да 2026-жыл даўамында басқышпа-басқыш жаңа социаллық хызметлер енгизиледи.
Олардың қатарына "Жаңа күн" күндизги тәрбия хызмети, үйде тәрбия
хызмети, "Мадад" жәрдемши шаңарақлар хызмети, "Социаллық дем
алыс" форматындағы қысқа мүддетли жайластырыў киреди. Бул хызметлер
шаңарақларды тәрбиялаў ҳәм оларға қараў арқалы қоллап-қуўатлаў, күнделикли
турмыслық көнликпелерди қәлиплестириў, турмыслық жумысларға үйретиў, кәсиплик
ҳәм финанслық компетенцияларды раўажландырыўға қаратылады.
Жаңа хызметлер мәмлекетлик-жеке меншик шериклик
тийкарында зәрүр компетенцияларға ийе ҳәм белгиленген талапларға жуўап
беретуғын мәмлекетлик емес шөлкемлер тәрепинен көрсетиледи. Бул 2026-жылдың
өзинде руўхый кеселлиги бар 8,3 мың адамды жаңа хызметлер менен қамтып алыў,
сондай-ақ, 600 ге шекем мәмлекетлик емес шөлкем ҳәм жеке тәртиптеги
исбилерменлерди социаллық хызметлер көрсетиўге тартыў имканиятын береди.
Бул хызметлерден пайдаланыў менен байланыслы
қәрежетлер Социаллық қорғаў мәмлекетлик қоры есабынан субсидия түринде
қапланады.
Соның менен бирге, 2026-жыл 1-сентябрьден ақылый
раўажланыўдың терең артта қалыўшылығы диагнозы қойылған 18 жастан асқан
шахслардың күтими менен бәнт болған нызамлы ўәкиллер ушын ҳәр айда берилетуғын
жаңа напақа енгизиледи.
"Инсан" социаллық хызметлер орайларының
ўәкилликлери де кеңейтилмекте. Усы жылдың 1-июнинен олардың хызметкерлери район
ҳәм қала ҳәкимликлери жанындағы қәўендерлик комиссияларының қурамына
киргизиледи. Буннан тысқары, олар қәўендер ҳәм қайырқомлар тәрепинен
миннетлемелердиң орынланыўы, бундай шахслардың ҳуқықлары менен нызамлы
мәплериниң тәмийинлениўи, олардың мал-мүлкиниң сақланыўы, оларға көрсетилип
атырған кемситиў ҳәм зорлық жағдайларының мониторингин турақлы түрде әмелге
асырады.
Интернат мәкемелерин трансформациялаў мәселесине де
айрықша итибар қаратылды. Усынысларға бола, "Мүриўбет" интернат
үйлери басқышпа-басқыш "Ғамхорлық" орайларына айландырылады. Енди бул
мәкемелер тийкарынан медициналық-социаллық емес, ал инсанды жәмийеттеги
турмысқа бейимлестириўге қаратылған социаллық бағдарланған орай сыпатында жумыс
алып барады. Жасап атырғанларды спорт, дөретиўшилик, эрготерапия, мийнет ҳәм
социаллық-руўхый терапияға тартыў, "устаз нәзеринде" еркин жасаў
хызмети арқалы турмыслық көнликпелерин қәлиплестириў, шаңарақлық орталыққа
жақын болған киши үйлерди шөлкемлестириў нәзерде тутылған.
Презентацияда социаллық қорғаў тараўындағы
нызамшылықты буннан былай да жетилистириў бойынша жаңа басламалар да додаланды.
Атап айтқанда, майыплық белгиси бойынша кемситиў ушын жуўапкершиликти күшейтиў,
суд қарарларын майыплығы болған шахслар ушын ашық-айдын түрде усыныў,
сондай-ақ, Социаллық реестр тийкарында социаллық хызметлер ҳәм кепилликлерди
мәнзилли көрсетиў нәзерде тутылмақта.
Күндизги тәрбия хызметлерин раўажландырыў да әҳмийетли
бағдар сыпатында атап өтилди. Майыплығы болған 3 жастан 18 жасқа шекемги баланы
күндизги тәрбия орайына тапсырған ата-ананың ҳәр айдағы 3 миллион сумға шекемги
төлемин дәрамат салығынан азат етиў, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында
бундай хызметлерди көрсеткен исбилерменлерди 2030-жылға шекем салықтан азат
етиў нәзерде тутылмақта. Ҳәзирги ўақытта бундай хызметлер 396 исбилермен
тәрепинен көрсетилип, 4 мың 400 ден аслам майыплығы болған балалар қамтып
алынған.
Сондай-ақ, қалалық жолаўшы транспортында бийпул қатнаў
ҳуқықына ийе болған пуқаралар категориясын кеңейтиў мәселеси де көрип шығылды.
Атап айтқанда, бул ҳуқықты I топар майыплығы болған шахслар ҳәм
бир жолдас, сондай-ақ, 1941-1945-жыллардағы урыс майыпларына теңлестирилген
шахсларға қолланыў усыныс етилмекте.
Презентацияда қыйнаў ҳәм зорлықтан жәбирленген
ҳаял-қызлардың экономикалық еркинлигин тәмийинлеўдиң жаңа механизмлери
додаланды. Атап айтқанда, олар "Инсан" орайының мүрәжаты тийкарында
өз алдына мүрәжат етпей-ақ, жумыс излеп атырған шахс сыпатында дизимнен өтиўи,
кейин ала жумысқа жайласыўға жәрдемлесиўи ҳәм нәтийжелери ҳаққында оператив
түрде мағлыўмат алмасыўын тәмийинлеў тәртибин енгизиў режелестирилмекте.
Балалардың ҳуқықларын қорғаў ҳәм жас өспиримлерге
зорлықтың айырым түрлерине қарсы гүресиў тараўындағы нызамшылықты күшейтиў
илажлары да көрип шығылды. Атап айтқанда, жас өспиримлер сүўретленген
порнографиялық материалларды тарқатыў мақсетинде сақлағаны ушын өз алдына
ҳәкимшилик жуўапкершиликти белгилеў, бундай ҳуқықбузарлықты қайтадан ислегенде
жынайый жуўапкершиликти қолланыў, сондай-ақ, 16 жасқа толмаған шахсларға
интернет ҳәм телекоммуникация тармақлары арқалы әдепсиз ҳәрекетлер ислегени
ушын жазаны күшейтиў нәзерде тутылмақта. Жас өспиримлер сүўретленген порнографиялық
өнимлерди тарқатыў мақсетинде республикаға алып кириў, таярлаў, реклама етиў,
көрсетиў ямаса жас өспиримди порнографиялық ҳәрекетлерди орынлаўшы сыпатында
тартыў ушын еркинен айырыў жазасын тайынлаў нәзерде тутылмақта.
Сондай-ақ, жас өспирим гүўалар ҳәм жәбирлениўшилердиң
ҳуқықларын исенимли қорғаў мақсетинде олардың нызамлы ўәкили институты
енгизилип, сорастырыў өткериўдиң анық ўақыт нормалары белгиленбекте.
Презентацияда реформалар штабы тәрепинен Жиззақ
ўәлаятында мәҳәллелердиң салыстырмалы үстинлигин есапқа алған ҳалда
қәлиплестирилген жойбарлар ҳаққында да мағлыўмат берилди.
Мәмлекетимиз басшысы социаллық қорғаў тараўындағы жаңа
механизм ҳәм усынысларды мақуллап, тийисли нызам ҳүжжетлерине қол қойды.