Өзбек тилинде самалдың онлаған эквиваленти бар: боран, даўыл, ызғырын, гармсел, сәўмим, насым, саба, жеңил самал. Бул сөзлердин ишинен биз көбирек "жеңил самал" сөзин пайдаланамыз. Ерксиз түрде оны "Жаңа Өзбекстан" сөз бирикпеси менен үнлес тәризде қолланамыз. Жеңил самал боранға усамайды: ол ағашларды қулатпайды, төбелерди ушырмайды, қапыны тарс еттирип жаппайды. Бирақ ҳаўа райының өзгергенин, бәҳәр киятырғанын биринши болып жеңил самал хабарлайды. Биз оны көрмеймиз, еситпеймиз, бирақ кеўилден сеземиз.

Кейинги он жылда елимиздеги өзгерислерди жеңил самалға теңеўимиз бийкарға емес. Бул өзгерислер тек ғана қарар ҳәм пәрманлар текстинде емес, ал күнделикли турмысымыздың киши тәреплеринде де көринеди.

Ер жеткен ҳәр бир ўатанласымыздың ядында еле бир көринис бар - сентябрь айы. Класс бөлмелери бос, парта үстинде оқыўшысын күтип турған дәптерлер. Балалар пахта қарықларына шашылған, муғаллимниң қолында болса китап ҳәм журнал емес, тәрези ҳәм пахта етеги.

Сол ўақытларда биз пахта теримин трагедия деп емес, әдетимиз деп билетуғын едик. Әдет сөзиниң қәўипли жери де сонда - ол трагедияларды жасырады. Нәресте балалардың қолларын пахта паҳаллары тырнап алғанын, бараклардың дийўалларындағы ашшы ҳәм ызғар ийисин, кеште тосаттан светлер өшкенде китап ҳәм дәптерлерине қараған муңлы көзлердиң қайғысын бир емес, үш әўлад басынан кеширди. Дүнья буған қарсы болды, бирақ биз буны билип билмегенге, көрип көрмегенге алдық.

2011-жылы Өзбекстан пахтасына қарсы халықаралық бойкот жәрияланды ҳәм бул бойкотқа 331 ири бренд ҳәм де саўда тармағы қосылды. Атыздан мың машақат пенен жыйнап алған пахтамыз дүнья базарында қара дизимге түсти. Бул экономикалық санкциядан да аўыр нәрсе еди. Бул өзбек халқының абырайының төменлеўи, өз мийнетин, өзин қәдирлемеген халықтың дүнья базарында қәдирленбей атырғаны еди. Бул бизиң бетимизге тутылған айна еди.

Қатнасықлардың өзгериўи болса тарийхый қарарлар менен басланды. Президентимиздиң сиясий ерк-ықрары себепли мәжбүрий мийнет системасы жоқ етилди, реже ҳәм квота дегенлер бийкар етилди. Жаңа кластер тәртиби енгизилди. Нәтийже болса көп күттирмейди: 2021-жылғы пахта мәўсими бойынша Халықаралық мийнет шөлкеминиң бийғәрез мониторинг есабаты мәмлекетимизде системалы мәжбүрий мийнет ҳәм балалар мийнети пүткиллей сапластырылғанын атап өтти.

Әдетте пахта ҳаққында айтқанда көпшилик экспортты, валюта түсимин, экономикалық мәпти ойлайды. Мен болса ҳеш қандай валюта орнын толтырмайтуғын басқа есап-китапты ойлап атырман. Бир оқыўшы бир жылда орташа 40 күн сабақтан қалса, бул 11 жылда 2 оқыў жылын жоғалтады, дегени. Сол жойтылған 2 жыл ишинде үйренилмеген математика, оқылмаған китап, жазылмаған шығарма қайда? Олар ҳеш жерде, олар тек ғана жоқ. Пахта ерте ме, кеш пе атызлардан жыйнап алынады. Балаларымыздың жойтылған ўақтын болса ҳеш ким, ҳеш қашан қайтарып бере алмайды.

***

30 жылдан берли жоқары билимлендириў системасында сабақ беремен. Бүгин жеке меншик билимлендириў ҳаққында сөз болғанда, көпшилик шәртнама төлеми ҳәм пул ҳаққында ойлайды. Негизинде жеке меншик билимлендириўдиң мәниси пулда емес - жуўапкершиликте. Мәмлекетлик жоқары оқыў орнында студент системаға, мәмлекетлик емес университетте болса система студентке байланыслы болады. Мине, усы өзгерис жасларымыздың билимлендириўге ҳәм илимге қатнасын, соның менен бирге жоқары билимлендириўдиң студентлерге қатнасын өзгертип жиберди. Ата-ана ҳәр семестрде пул төлер екен, әлбетте сорайды: "Перзентим кимнен билим алып атыр? Бул программа қай жерде дүзилген? Питкериўшилериңиз қай жерде ислеп атыр?". Университетлер бул сораўларға қанаатландырарлы жуўап бере алмаса, студентсиз қалыўы анық. Мине усы әпиўайы қағыйдада көп нәрсе жәмленген.

Японияда студентлердиң ярымынан көби жеке меншик университетлерде билим алады. Қубла Кореяның илимий секириўи әйне жеке меншик жоқары оқыў орынлары есабынан болды. Дүнья рейтинглеринде жыллар даўамында биринши орынды ийелеп киятырған Гарвард, Стенфорд, Массачусетс университетлери мәмлекетлик мәкемелер емес. Түркия болса бар-жоғы 30 жыл ишинде ўақыф университетлери арқалы пүткил илимий орталықты жаңалады.

Мәмлекетимизде бул процесс басланғанына көп ўақыт болмады. Бирақ өзгерислер тезлиги таң қаларлық. Жаңа оқыў жылында елимизде 215 жоқары билимлендириў шөлкеми жумыс алып барып атырған болса, соннан дерлик ярымы мәмлекетлик емес. Буннан он жыл бурын да жоқары оқыў орнына кириў оғада үлкен жетискенлик сыпатында көрилген болса, бүгин ол еркин турмысқа қәдем қойыўдың гезектеги имканиятына айланбақта.

Қоқанд университети де мине усы өзгерислердиң мәнисин анық көрсете алады. Университет 2019-жылы шөлкемлестирилген. Онда оқытыў өзбек, рус ҳәм инглис тиллеринде төлемли-шәртнама тийкарында алып барылады. Әсирлер даўамында Қоқанд илим, әдебият ҳәм мәденият қаласы болған. Бирақ жақын өтмиште Қоқанд көбирек саўда-сатық орнына айланып қалған еди. Илимге, мәдениятқа, әдебиятқа ҳәм көркем өнерге қызығатуғын балалар болса оқыў ушын Ташкентке келетуғын еди. Қоқандта жаңа университеттиң пайда болыўы мине усы ағысты пәсейтти. Енди жас қәниге өз қаласында қалады, өз қаласында сабақ береди, изертлеў алып барады.

Әлбетте, машқалалар да жоқ емес. Айырым мәмлекетлик емес университетлер елеге шекем сапаны көбирек ойлайды. Айырымларында профессор-оқытыўшылар қурамы тек ғана қағазда бар. Бирақ буны жасырыўдың да қәжети жоқ, себеби кеселликтиң еми системаның өзинде - саламат бәсекиде. Өйткени, билимлендириў базарында жаман университет узақ жасай алмайды.

***

Қәдирине жетиў дегенде көпшилик мақтаў ямаса миннетдаршылық билдириўди түсинеди. Негизинде қәдирине жетиў бул реформаларға мүнәсип болыў демек. Биз берилген имканиятлардан қаншелли көп пайдалансақ, қаншелли көп мийнет етсек, сонда бул жемислердиң қәдирине жеткен боламыз. Және бир мәрте өзиме сораў беремен: қашан жақсырақ қәдирлеймиз?

Зебо ҚОБИЛОВА,

Қоқанд университети илимий ислер ҳәм

инновациялар бойынша проректоры,

филология илимлериниң докторы, профессор