Мәмлекетимиз басшысы Ферғана халқын усы тарийхый ўақыя менен қызғын қутлықлап, комплекс тек ғана Марғилан емес, ал пүткил Ферғана ойпатлығы турмысында әҳмийетли орын ийелейтуғынын атап өтти.
Атап өтилгениндей, кейинги жылларда ўәлаятты 2030-жылға шекем социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламасы избе-из әмелге асырылмақта. Қоқандта аеропорт тикленди, Марғилон қаласы ҳәм басқа да қала ҳәм районларда заманагөй өндирис кәрханалары, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм мәденият объектлери, IТ-парклер, "Жаңа Өзбекстан" массивлери қурылмақта.
Бул илажлар халықтың мийнет етиўи ҳәм жасаўы ушын қолайлы шараятлар жаратыў, инсан мәплери, қәдир-қымбатын тәмийинлеў, аймақларға "Жаңа Өзбекстан" руўхын алып кириўге қаратылған.
Президентимиз кейинги ўақытта Ферғана ўәлаяты тек ғана республикалық емес, ал халықаралық көлемдеги ири форумларға да басшылық етип атырғанын атап өтти. Қоқандта Халықаралық өнерментшилик фестивалын, Риштанда Гүлалшылық фестивалын өткериў дәстүрге айланды. Ферғанада Орайлық Азия мәмлекетлериниң регионаллық бирге ислесиў форумлары табыслы өткерилмекте.
Кейинги жылларда тарийхый ҳәм заманагөй дәстүрлерди өзинде жәмлеген миллий архитектуралық шешимлерден пайдаланған ҳалда ири туризм комплекслери қурылмақта. Мәселен, Самарқандта "Уллы жипек жолы" ҳәм Имам Бухарий комплекслери, Хорезмде "Арда Хийўа" халықаралық туризм орайы ашылды. Ташкентте Ислам цивилизациясы орайының ашылғаны да бул бағдарда үлкен қәдем болды.
Бул комплекс экспозициясында Ферғана ўәлаятының тарийхы айрықша орын ийелейтуғыны атап өтилди. Орайдың төрт ири дәрўазасынан бири Қоқандтың аты менен аталып, онда Биринши Ренессанс дәўиринде жасаған уллы ата-бабаларымыз - Аҳмад Фарғоний ҳәм Бурҳониддин Марғинонийдиң жумысы ҳәр тәреплеме сәўлелендирилген.
Туризм инфраструктурасын раўажландырыў өз нәтийжесин бермекте. Усы жылдың биринши шерегинде елимизге дерлик 3 миллион турист келген, туризм экспорты 1,1 миллиард доллардан артқан.
Мәмлекетимиз басшысы Ферғана үлкесиниң бай руўхый-мәдений мийрасына айрықша тоқтап өтти. Увайсий, Нодира, Анбар атын, Дилшод Барно, Гулханий, Муқимий, Фурқат, Завқий, Чархий, Собир Абдулла сыяқлы шайыр ҳәм жазыўшылар, Әзиз Қаюмов, Еркин Ваҳидов, Худайберди Тохтабоев, Умарали Норматов, Энахан Сиддиқова, Анвар Обиджан сыяқлы илимпаз ҳәм мәденият ғайраткерлери халқымыздың руўхый байлығына үлкен үлес қосқаны атап өтилди.
Юсуфжон қизиқ Шакаржонов, Уста Олим Комилов, Муҳиддин Қарияқубов, Тамарахоним, Ҳалима Носирова, Мукаррама Турғунбоева, Журахон Султонов, Маъмуржон Узоқов сыяқлы белгили көркем өнер ғайраткерлери өзбек көркем өнери ҳәм мәдениятының раўажланыўына шексиз үлес қосқаны атап өтилди.
Президентимиз көркем өнер шеберлериниң талантын ҳәм хызметлерин мүнәсип қәдирлеў, олардың дөретиўшилик мийрасын келешек әўладқа жеткериў бойынша үлкен жумысларды әмелге асырыў режелестирилгенин атап өтти. Шерали Жураев, Фаррух Зокиров мектеплери шөлкемлестирилди. Келешекте ферғаналы шебер көркем өнер шеберлериниң мектеплери де ашылады.
Мәмлекетимиз басшысы "Бурҳониддин Марғиноний" илимий-ағартыўшылық ҳәм туризм комплексиниң ашылыўы жаңа дәўирди баслап беретуғынын атап өтти.
Миллий архитектуралық дәстүрлер тийкарында қурылған, 35 гектар майданды ийелеген бул сийрек ушырасатуғын комплекс қурамында Ислам ҳуқықтаныў институты, мақам театры, ашық амфитеатр, үлкетаныў музейи, жазыўшы ҳәм дөретиўшилер қыябаны, өнерментлер орайы, мийманханалар, хызмет көрсетиў шақапшалары бар.
Комплекс Бурҳониддин Марғинонийдиң бай илимий мийрасын үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў, аймақтың әемги өнерментшилик дәстүрлерин қәстерлеп сақлаў, зыярат туризмин раўажландырыўға хызмет етеди.
Президентимиз бул саўлатлы имарат Жаңа Өзбекстанның бийбаҳа естеликлери қатарынан мүнәсип орын ийелейтуғынына, Ферғана ўәлаятының "мирәт қағазы"на айланатуғынына исеним билдирди.
- Бул комплексти Марғилан қаласында қурғанымызда терең тарийхый ҳәм турмыслық мәни бар. Бул қутлы қаладан көплеген илим ҳәм ағартыўшылық ғайраткерлери жетисип шыққан. Тарийхый дәреклерге бола, бул қутлы жер "ағартыўшылар ўатаны" деп аталған.
Мине, усындай үлкен руўхый мийрасқа сүйенип, биз Марғулан, пүткил Ферғана тарийхының даңқлы китабына жаңа бетлер жазамыз. Биз буның менен мақтаныўға ҳәм қуўаныўға ҳақылымыз, - деди Президент.
Мәмлекетимиз басшысы бул ийгиликли иске үлес қосқан илимпаз ҳәм жойбарлаўшыларға, инженер ҳәм қурылысшыларға, жумысшы-хызметкерлерге шын жүректен миннетдаршылық билдирди.
Мәресим үлкен коньцерт бағдарламасы менен даўам етти. Фольклор-этнографиялық жәмәәтлер ҳәм көркем өнер шеберлериниң шығыўлары, халық ойынлары ҳәм аскиялары бәршеге қуўанышлы кейпият бағышлады.