Жумыссызлық жоқары, жаслардың жоқары оқыў орынларына қабыл етиў көрсеткиши
жүдә төмен еди. Тар ҳәм шаң көшелеримиз арқалы аталарымыз балық аўлаўға,
ағаларымыз жумыс излеп сырт елге кететуғын еди. Он сегиз жасым мине усындай
сынақлы күнлерге туўра келген. Сонда айырымлар қыйыншылықларға шыдамай,
Мойнақтан көшип кетти. Данышпан халық болса жақсы күнлер қайтып, Арал және
толысатуғынына исенип үмит пенен жасайтуғын еди. Қаншелли сынақ болмасын,
туўылған топырағын теберик билген халық шаң жутса да, биреў жәрдем қолын созбаса
да шүкиршилик етип жасай берди. Өйткени олар теңиз бенен айқасып өскен мәрт
адамлар еди!
Бердақ атындағы Қарақалпақ
мәмлекетлик университетиниң журналистика факультетинде оқып жүргенимде турмыс
қурдым. Өмирлик жолдасым да мойнақшы, қоңсы мәҳәлледен. Сонда биринши мәрте
оқыўға орамал орап келгенимде топар басшымыз бахыт тиледи. Соң: "Мойнақта
не бар? Төрткүл, Беруний, Шымбай сыяқлы топырағы өнимли жерде жасайтуғын
жигитлерди таңламайсаң ба? Мойнақта ҳеш нәрсе жоқ", деди ҳәзиллеп. Бул
ҳәзил ҳақыйқатқа туўра келетуғын еди. Районымызда жағдай аўыр еди. Бирақ ана
журтым ҳаққындағы бул гәп унамады. "Устаз, жақсы қыз мәҳәлледен аўыспаайды.
Қала берди, Мойнақтың қызыман, Мойнақ меники!" дедим. Сүйикли шайырымыз
Тилеўберген аға Жумамуратов ҳаққында сөз болғанда, уллы инсанлардың:
"Мойнақ Тилеўбергендики, Тилеўберген Мойнақтыки еди", дегенин көп
мәрте еситкенмен. Сол жерде усы гәпти өзиме байланыстырып айтқанымнан
рәҳәтленгенмен. Буның менен устазымды тартыста жеңгенимнен емес, Мойнақ, Тилеўберген
аға менен көз илмес сырлы байланыс бар екенин аңлатқаныма қуўанған едим. Соннан
берли мойнақшы қыз, деп атайтуғын болды.
Оқыўды тамамлап, Мойнағым қайдасаң,
деп аўылға қайтып келдим. Жаз күнлериниң биринде әдеттеги үй жумыслары ушын
ерте таңнан ояндым. Көзлеримизди қайта-қайта уўқалап қарадым, үй иши, гилем ҳәм
басқа да үскенелер жазда қар жаўғандай аппақ. Оның шаң емеслиги анық еди. Енем астапуралла
деп жағасын услады. Кейин билсек, бул Арал теңизиниң ултанынан ушқан дузлы
самалдың "қүдирети" екен. Буннан мойнақшылар албырады. Қаншелли экологиялық
кризис болғаны менен буншелли дузлы, шаңлы самалды ҳеш қашан көрмегенбиз.
Мойнақшылар бәрқулла қазан-табағын
таза тутатуғын еди. Ошақ тандырын ақлап, суўсызлыққа шыдамлы тереклер еккен.
Ҳәтте үйимизде апаларымыз көз нурын берип жабыўлар тоқыйды. Мине усындай азада
халық бул апаттан сескенди. Бул жағдай қоңсы мәмлекетлерге де жетип барыпты.
Усындай аўыр шараятта Аралдың қайтып келиўи ҳаққындағы ойлар да сағымдай көзге
таслана баслаған еди. Мине, усындай қыйын жағдайда жаңа Өзбекстан самалы
Мойнаққа жаңа өмир нәпесин алып келди.
Президентимиздиң қәдеми қутлы
келип, булақлар көз ашты. Сап тартқан тракторлар кәрўаны Аралдың қурыған
ултанына жол алды. Халқымыз шаң ҳәм дузлы самалды тосатуғын жасыллық туқымын
септи. Бундай ийгиликли әмеллерди Президентимиз қарақалпақ перзентимен, деп
баслап бергени бизге көтериңки руўх бағышлады. Қалаберди, аўызбиршиликте гәп
көп, деген сөз де өз тастыйығын тапты. Себеби барлық ўәлаятлардан келген
ўатанласларымыз татыў шаңарақ перзентлери сыяқлы аўызбиршилик пенен мийнет
етти.
Мәмлекетимиз жетекшиси 2018-жыл
ноябрь айындағы сапары ўақтында Мойнақ районында белсендилер, нураныйлар менен
ушырасып: "Мәденият Мойнақтан басланады", деген еди. Бул гәп ҳәр бир
мойнақшының кеўлинде үмит оятып, мақтаныш сезимин жанландырып, өзине исенимин
арттырды. Және үлкен жуўапкершилик жүкледи.
Өткен қысқа ўақыт ишинде бул сөз өз
тастыйығын таўып бармақта. Унамлы өзгерислер, жаңаланыўлардың гүўасы
болмақтамыз. Күннен-күнге шырай ашып баратырған елимниң жамалын көрип және де
беккемирек байланысып баратырмыз бул жерге. Ҳәзир Мойнақ танып болмас дәрежеде
өзгерди. Жаңа имаратлар бой тиклеген, ҳәр күни қандай да бир қайырлы иске дус
келесиз. Салтанатлар той-тамашаға уласып атыр. Ҳәттеки, бир күнде жети объект
пайдаланыўға тапсырылған күнлер болды. Бундай жумыслар себепли халқымыздың жасы
үлкенлери қолын пәтияға ашқан, жаслар бәрқулла миннетдаршылық билдиреди.
Әййемги ҳикметлерде мәмлекетти
раўажландырыў ушын сол халықтың жасларын зийрек, билимли, озық ойлы, кәмил
инсан етип тәрбияла, деген сөзлерди көп оқығанман. Президентимиз, бәринен
бурын, районымыз жасларына аталарша ғамқорлық көрсетти.
Өзбекстан Республикасы Министрлер
Кабинетиниң 2019-жыл 16-январьдағы "Қарақалпақстан Республикасының Мойнақ
районын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў илажлары
ҳаққында"ғы қарары районымызда кең көлемли жумысларға тийкар жаратты. Усы
қарар тийкарында районда ири дөретиўшилик жумыслары исленди. Таза ишимлик суўы
тәмийнаты жақсыланды, Аралдың қурыған ултанында жасыл қапламалар пайда етилди.
Саўлатлы имаратлар қурыў менен бирге, районның келешеги ушын хызмет ететуғын
жасларға да айрықша итибар қаратылды. Районда медицина хизметкерлери дерлик жоқ
еди. Талантлы жаслар көп, бирақ медицина бағдарына оқыўға қабыл етиў рейтинги
төмен еди. 2019-жылы Президентимиздиң басламасы менен районымыздан 50 жас
жоқары оқыў орынларына қабыл етилди. Олардың 25 и жақын арада районға
тәжирийбели шыпакер болып қайтыўы бизди ҳәзирден-ақ қуўандырмақта. Өткен
2025-жылы мойнақлы 550 жас студентлик бахтына миясар болды. Ҳәзирги
имканиятлардан ақылға уғрас пайдаланып атырған жаслар келешек кепили болады.
Мойнақ районының
социаллық-экономикалық, экологиялық жағдайын жақсылаў, халыққа жумыс орынларын
жаратып бериў бағдарында да нәтийжели жумыслар орынланды. Президентимиздиң
2017-жылдағы "2017-2018-жылларда Қарақалпақстан Республикасы Мойнақ
районын экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеўге
байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы қарары қабыл етилген еди. Нәтийжеде
районға инвесторларды тартыў ҳәм исбилерменлерге қолайлықлар жаратыўға айрықша
итибар қаратылды. Райондағы ески Мойнақ балық консерва комбинаты аймағында 16
гектар ҳәм ески 5-қурылыс басқармасы аймағында 4,5 гектар, жәми 20,5 гектар
майданда жаңа "Мойнақ" киши санаат зонасы жаратылды. Онда жумыс алып
барыўшы исбилерменлик субъектлери, сондай-ақ, район аймағында жайласқан барлық
жеке тәртиптеги исбилерменлер 10 жылға барлық түрдеги салықлардан азат етилди.
Буннан тысқары, Мойнақтағы бос
турған объектлер нәтийжели пайдаланыў ушын инвесторларға бийпул берилди. Усы
қарардың қабыл етилиўи менен райондағы исбилерменлик субъектлериниң саны кескин
көбейди. Усы тәризде районымызда турмыс дәрежеси жақсыланды.
"Бес баслама олимпиадасы"
район жасларын бирлестирип, жаңа шеклерге басламақта. Жасларымызда спорт, мәлимлеме
технологиялары, китапқумарлық, ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў, музыкаға
қызығыўшылық ҳәр қашанғыдан да күшли.
Президентимиз тәрепинен алға
қойылған 5 әҳмийетли баслама шеңберинде 2019-жылы район орайында жаңа имарат
бой тикледи. Онда «Future Muynak»,
яғный "Мойнақ келешеги" мәлимлеме-билимлендириў орайы жайластырылды.
Ол ең соңғы маркадағы үскенелер менен тәмийинленди. Заманагөй қурылмалар
орнатылды. Тийкарғысы, билим булағы, руўхый азық болған баҳалы китаплар менен
байытылып, Мойнақ жасларына саўға етилди. Нийетим әмелге асыўына себепши болған
бундай ғамхорлықтан басым көкке жетти. Себеби, бул жерде ҳақыйқый келешек ийелери
жетисип шығады.
Бул орайда оқыў әмелий көнликпелер
менен үнлес ҳалда алып барылады. Мақсет жасларды жоқары дәрежеде таярлап,
Мойнақ районын санлы экономика тийкарында раўажландырыў болып табылады.
Оқытыў тийкарынан анимация,
веб-дизайн, программаластырыў, фото сүўретлерди санлы қайта ислеў ҳәм компьютер
анимациясы, заманагөй моделлестириў бағдарларында шөлкемлестирилген. Барлық
зәрүр үскенелерге ийе имаратта 5 мың дана китап, заманагөй “Book cafe” шөлкемлестирилген.
Орайда 12-18 жастағы ул-қызлар
билим алады. Олар бул жерде бос ўақтын нәтийжели өткереди. Ташкент мәлимлеме
технологиялары университети Нөкис филиалы оқытыўшылары бийпул сабақ өтеди.
Ҳәзирге шекем райондағы 250 ден аслам мектеп оқыўшысы компьютер курсларында
билим алды. Процесс және даўам етпекте.
“Book cafe” 25 орынға мөлшерленген. Ол өзине тән дизайнда
исленген. Китаплар әдеттеги шкафқа емес, тәбият сүўрети сүўретленген дийўалға
жайластырылган. Кафеде китапларды сол жердиң өзинде оқыў талап етиледи. Тыныш,
жазда салқын, қыста жыллы, кең, жақты бөлмеде китап оқыў, жаңа китаплар менен
танысыў имканиятын инам етеди. Ҳәр күни бул жерге 50 ден аслам китапқумар келеди.
Олардың жасы шекленбеген. Себеби бул жерде 2 жасар балалар тамаша ететуғын
китаптан баслап, жасы үлкен ҳәм жасы киши бирдей унататуғын баҳалы әдебиятлар
жәмленген. Китапқумарларымыз арасында 70, 80 жасты қарсы алған кексе әўлад
ўәкиллери де көп. Бул бизди және де илҳамландырады.
Бул мәнзил район жасларын сыйқырлап
алғандай. Олар мектептен бос ўақтында үйине киятырғандай усы жерге асығады.
Бийпул WiFi дан
пайдаланып электрон китап оқып, шығармаларды аудио түринде тыңлаў имканияты
бар. Китапқумарлар ўақтын мазмунлы өткериў мақсетинде шайыр ҳәм жазыўшылар
менен ушырасыўлар, жаңа китаплардың презентациялары, семинар-тренинглер, сырт
елли туристлер менен сөйлесиўлер өткерилип турылады. Жаслар бул жерде шет
тиллерин толық үйрениў имканиятына да ийе. Усының өзи-ақ мәденият Мойнақтан
басланып атырғанының дәлили!
Соңғи моделдеги компьютер алдында
отырып, оның түймелерин басып атырған 12 жасар баланы көрип қуўанасыз. Оның
тымсалында жоқары мәденият ҳәм билимге ийе халықтың келешегин көресиз. “Future Muynak” мәлимлеме-билимлендириў
орайына келген ҳәр бир баланың өзин тутыўы, билимге қуштарлығы, сырт еллилер
менен биймәлел сөйлесип атырғанынан ҳайран қаласыз.
Аўа, елимниң бахытлы жасларының
биримен! Өзинен нур таратқан Мойнақтың перзенти болып, зыялылар арасында жүрип,
балаға китап услатқандай саўаплы истиң басындаман ақыры!
Районымыз халқының турмыс дәрежесин
жақсылаў, айдын келешекке берилген исеним бизге күш-қуўат болды. Мойнақшылар
инсан көп нәрселерге уқыплы екенин аңлады. Ҳәмме нәрседен тек жақсылық
излейтуғын кеңпейил халқымыз Арал теңизин жоғалтқанда да түңилмеди. Бәрқулла
үмит, жақсы нийет пенен жасады. Олар бәрқулла абадан күнлер алдында екенине биз
жасларды исендирип келди. Ақырында усындай бахытлы, жақты күнлерге жетип
келдик. Бул исеним бүгинги күнде және де беккемленип бармақта.
Венера САДУЛЛАЕВА,
“Future Muynak” мәлимлеме-билимлендириў орайының баслығы