Мағлыўматларға қарағанда, бүгинги күнде жер жүзинде жети мыңға шамалас миллет ҳәм халық жасайды. Мине, усы миллет ҳәм халықлардың арасында тек ғана еки жүзге шамаласы өзиниң ғәрезсиз мәмлекети, демек, өз аймағы, байрағы, гимни, пул бирлиги ҳәм, ең тийкарғысы, өзиниң мәмлекетлик тилине ийе миллетлер болып есапланады.
Дүньяның жети әжайыбатын зийрек оқыўшыларымыз жақсы
биледи. Соның ушын оларды бирме-бир санап отырыўдан тыйыламыз. Мине, усы жети әжайыбаттың
бири - Тажмаҳал бизиң миллетлес бабаларымыз тәрепинен қурылғаны да ҳәр
биримизге мақтаныш бағышлайды. Ақыры, жер жүзинде жасап атырған еки мыңға
шамалас миллет ҳәм халық ўәкиллеринен тек жетеўи ғана әжайып нәрсе жаратқан ҳәм
олардан бири тиккелей бизге, яғный өзбек миллетине тийисли болса, буннан
мақтанбай бола ма?!
Сөзимди не ушын дүньяда бар миллет ҳәм халықлар, олар
жаратқан әжайып нәрселер ҳаққында басладым? Егер төмендеги жазыўларды
сабырлылық пенен оқып шықсаңыз, бул сораўға жуўап табасыз, деген үмиттемен.
Соңғы он жыллықта мәмлекетимиз өз раўажланыўының
пүткиллей жаңа басқышына қәдем қойды. Бул процессте экономикалық өсиў,
инфраструктуралық раўажланыў менен бирге, руўхыйлыққа да айрықша итибар
қаратылып атырғаны, жаңа Өзбекстанның ишки ҳәм сыртқы сиясатында мәдений ояныў
әҳмийетли орын ийелеп атырғанын айрықша атап өтиў орынлы. Әсиресе, халқымыздың
бай тарийхый мийрасын тиклеў, қәстерлеп сақлаў ҳәм терең үйрениў бағдарындағы
кең көлемли жумыслар елимизде жаңа дәўир басланғанынан дәрек береди.
Ата-бабаларымыз қалдырған бийбаҳа илимий ҳәм руўхый
ғәзийнелер әсирлер даўамында адамзаттың раўажланыўына хызмет етип келген.
Бабаларымыздың шығармалары, ойлап табыўлары ҳәм идеялары бүгинги күнде де әҳмийетлилигин
жоғалтқан жоқ. Сонлықтан, бул мийрасты тек ғана сақлаў емес, ал оны заманагөй
талқылаў тийкарында кең жәмийетшиликке жеткериў артқа қалдырып болмайтуғын
ўазыйпа есапланады. Кейинги жылларда тарийхый естеликлерди реставрациялаў, әййемги
қолжазбаларды тиклеў, жаңа музей ҳәм илимий орайлар қурыў бағдарында әмелге
асырылып атырған жумыслар мине усы ийгиликли мақсетке хызмет етпекте.
Мәмлекетимиз пайтахтында қурылған Ислам цивилизациясы
орайы регионымызда соңғы он жыллықларда бой тиклеген имаратлардың дүрданасы
болды, десек асыра айтқан болмаймыз. Бул орай тек ғана архитектуралық жақтан
бийбаҳа имарат, Орайлық Азияның дүнья цивилизациясына қосқан үлкен үлесин
өзинде сәўлелендирген, муқаддес динимиздиң тарийхын жәмлеген
илимий-ағартыўшылық орай болғаны менен де үлкен әҳмийетке ийе.
Бул орай узақ әсирлер өтмиш ҳәм бүгин арасында беккем
ҳәм саўлатлы көпир сыпатында хызмет етеди.
Әлбетте, ислам цивилизациясы инсаният тарийхында
шексиз орын ийелейди. Ол тек ғана диний көзқараслар комплекси емес, ал кең
көлемли мәдений, илимий ҳәм философиялық билимлер системасы сыпатында он төрт
әсир даўамында қәлиплескен. Әсиресе, орта әсирлерде ислам дүньясы илим-пән
раўажланыўының орайы еди.
Бул дәўирде математика, астрономия, медицина,
география, философия сыяқлы көплеген пәнлер жедел раўажланды. Илимий пикирлеў
еркинлиги, излениў ҳәм тәжирийбе мәденияты Батыс ҳәм Шығыс бойлап кең тарқалды.
Бул, өз гезегинде, цивилизацияның жаңа басқышын баслап берди. Орайлық Азия бул
процесслердиң жүреги болды. Әне усы аймақта жетилисип шыққан уллы ойшыллар дүнья
илиминиң раўажланыўына шексиз үлес қосты. Олар жаратқан илимий шығармалар
әсирлер даўамында дүнья илимий ой-пикирине жол көрсетип келди.
Биринши Ренессанс деп аталыўшы дәслепки Ояныў
дәўиринде илим-пән теңсиз раўажланды. Ал-Хорезмий, Абу Райхан Беруний, Ибн
Сина, Аҳмад Ферғаний сыяқлы уллы энциклопедист ата-бабаларымыздың илимий
ой-пикирлери арқалы алгебра, тригонометрия, медицина ҳәм астрономия
тараўларында үлкен ашылыўлар исленди. Бул ашылыўлар кейин ала Европа Ояныў
дәўирине тийкар болип хызмет етти.
Екинши Ренессанс дәўиринде болса мәденият, көркем
өнер ҳәм әдебият жоқары дәрежеге көтерилди. Архитектура, нағыс ойыўшылық, китап
безеў өнери раўажланды. Бул дәўирде дөретилген шығармалар бүгинги күнде де
қәдир-қымбатын жоғалтқан жоқ.
Хорезм илимий мектеби математикалық ҳәм астрономиялық
ашылыўлары менен даңққа ерискен болса, Бухара диний философиялық билимлер орайы
сыпатында даңққа еристи. Өз нәўбетинде, Самарқанд астрономия орайына айланды.
Ата-бабаларымыздың илимий мийрасы кейин ала Европа
арқалы пүткил дүньяға тарқалды. Көплеген шығармалар латын тилине аўдарылып, дүнья
бойлап илимниң раўажланыўына түртки болды. Мине усы тийкарлар ислам
цивилизациясының жәҳән раўажланыўындағы орны қаншелли үлкен екенин көрсетеди.
Демек, бул мийрасты жыйнаў ҳәм үгит-нәсиятлаў оғада әҳмийетли.
Ислам цивилизациясы орайы әне усы ўазыйпаны атқарыўшы
орын сыпатында майданға шықты. Орайды қурыў идеясы биринши мәрте Президентимиз
тәрепинен 2017-жылы БМШ минберинен турып алға қойылған еди. Жойбар қысқа ўақыт
ишинде ири дөретиўшиликке айланды. Пухта ойланған реже, анық мақсет тийкарында
2019-жылдан әмелий ҳәрекетлер баслап жиберилди. Дерлик он жыл даўамында мисли
көрилмеген қурылыс-дөретиўшилик жумыслары орынланды. Бул процессте заманагөй технологиялар
ҳәм миллий дәстүрлер үйлестирилди. Ҳәр бир элемент өзине тән мәниске ийе болып,
ол улыўма концепцияны толықтырып турыўы менен итибар тартатуғыны соннан. Гүмбезлер,
аркалар, безеўлер - ҳәммеси тарийхый дәстүрлер тийкарында жаратылған.
Қурылыс процесинде мыңлаған қәнигелер қатнасты.
Архитекторлар, тарийхшылар, дизайнерлер ҳәм инженерлер биргеликте жумыс иследи.
Бул болса орайдың жетик формада қурылыўына хызмет етти.
Ислам цивилизациясы орайы ишки дүзилиси жағынан да
оғада бай ҳәм рәңбәрең. Бул жерде ҳәр бир зал өз алдына темаға бағышланған.
Қуран залында бийбаҳа қолжазбалар, китап безеў көркем өнериниң сийрек
ушырасатуғын үлгилери сақланса, тарийхый экспозицияларда исламға шекемги дәўир,
муқаддес динимиздиң Орайлық Азияға кирип келиўи, илим, мәденият ҳәм көркем
өнердиң раўажланыўы ашып берилген. Бул жерге кирген ҳәр бир инсан өзине тән
руўхый орталықты сезеди. Интерактив қураллар болса бул процессти және де
жанландырады.
Ойшылларға бағышланған бөлимлер орайдың ең қызықлы
бөлимлеринен бири болып есапланады. Бул жерде олардың илимий мийрасы кеңнен
сәўлеленген.
Орайда үлкен китапхана, конференция заллары, илимий
лабораториялар бар. Бул болса оны заманагөй илимий дәргайға айландырады.
Имараттың архитектурасы ҳәм инфраструктурасына
байланыслы санлар да оның қаншелли үлкен ҳәм жетик жойбар екенин айқын
көрсетеди. Улыўма аймағы дерлик 10 гектарды қурайтуғын имараттың улыўма пайдалы
майданы 42 мың квадрат метрден аслам. Усы жағынан ол Орайлық Азиядағы ең ири
илимий-ағартыўшылық комплекслерден бири болып есапланады.
Үш қабатлы имараттың узынлығы шама менен 161 метр,
кеңлиги 118 метрди қурайды. Орайдың орайлық гүмбези 65 метр бийикликке шекем
көтерилип, қала көринисине айрықша сыйқыр бағышлаған. Бул санлар ҳәм
имканиятлар орайдың тек ғана архитектуралық емес, ал функционал жақтан да
жоқары дәрежеде ойланған жойбар екенин көрсетеди.
Орайдың әҳмийети тек ғана миллий көлем менен шекленип
қалмайды. Ол дүнья цивилизациясы тарийхын үйрениў, исламның адамгершилик
мәнисин ашып бериў ҳәм глобал илимий бирге ислесиўди раўажландырыўда әҳмийетли
платформа сыпатында хызмет етеди. Орай дүнья бойлап ҳәр қыйлы мәмлекетлерден
келген жүзлеген илимпазларды бирлестирип, халықаралық илимий сөйлесиў ушын кең
имканият жаратып атырғаны да оның әҳмийетин және де арттырады.
Бүгинги күнде дүньяда ҳәр қыйлы диний ҳәм мәдений
қарама-қарсылықлар күшейип баратырған қыйын бир дәўирде мәмлекетимиз усы орай
арқалы исламның ҳақыйқый мәниси - ағартыўшылық, тынышлық ҳәм раўажланыў
идеяларын илимий тийкарда көрсетпекте. Усы көзқарастан қарағанда, бул орай тек
ғана илимий мәкеме емес, ал цивилизациялар арасында қарым-қатнас көпири
ўазыйпасын атқаратуғын стратегиялық жойбар болып есапланады.
Орайдың дүнья көлеминдеги орны және соның менен
белгиленбекте, ол көлеми ҳәм концепциясы жағынан дүньядағы ислам
цивилизациясына бағышланған ең ири комплекслерден бири сыпатында тән алынбақта.
Бул жерде жәмленген қолжазбалар, илимий изертлеўлер ҳәм мәдений экспозициялар
тек ғана Өзбекстан емес, ал пүткил адамзат тарийхы ушын әҳмийетли дәрек
ўазыйпасын атқарады. Сонлықтан, орай келешекте халықаралық туризм,
билимлендириў ҳәм илим интеграциясында да әҳмийетли орын ийелейтуғынына гүман
жоқ.
Ислам цивилизациясы орайы өтмиш, бүгин ҳәм келешекти
бирлестирген бийтәкирар руўхый-ағартыўшылық мәкан болып есапланады. Ол ата-бабалардың
мийрасын қәстерлеп сақлаў, оны терең үйрениў ҳәм кең жәмийетшиликке жеткериў
арқалы Үшинши Ренессанс тийкарын беккемлеўге хызмет ететуғыны сөзсиз.
Енди мақаламыздың басындағы ана планетамызда жасап
атырған еки мыңнан аслам миллет ҳәм халықлар және дүньяның жети әжайыбаты
ҳаққындағы пикирлерге қайтсак.
Ислам цивилизациясы орайы дүньяда инсан қолы менен
жаратылған сегизинши әжайыбатқа айланыўы мүмкин бе?!
Бизиңше, мүмкин!
Дүньяның жети әжайыбатынан бирин жаратқан миллет неге
енди сегизинши әжайыбатты жарата алмайды екен?!
Жуўмақ орнында айтпақшы болғанымыз, Ислам
цивилизациясы орайына келиң, көзиңиз бенен көриң ҳәм жаңа Өзбекстанда дүньяның
сегизинши әжайыбаты бой тиклегенине өзиңиз гүўа болың!
Ислам ҲАМРА,
журналист