Маўараўннахрды бирден-бир мәмлекетке бирлестирген Әмир Темур пайтахты Самарқанд болған қүдиретли империя дүзди. Ол өзиниң дүньяға белгили "Темур тузуклери" арқалы мәмлекетти басқарыўдың ҳуқықый нормаларын орнатты, сондай-ақ, илим ҳәм мәденияттың раўажланыўына теңсиз үлес қосып, Екинши Ояныў дәўири - Темурийлер Ренессансына тийкар салды.

Оның ҳүкимдарлығы дәўиринде қурылған бийбаҳа архитектуралық естеликлер халқымыздың миллий мақтанышы ҳәм өлмес тарийхый мийрасы болып хызмет етпекте.

Бабамыздың "Ҳәмме ислеримизде әдиллик жолдасымыз ҳәм жолбасшымыз болсын" деген ҳикметли сөзлери бүгинги күнде Жаңа Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформаларда өзиниң айқын көринисин таппақта.

Бул уллы тулға туўылған күниниң 690 жыллығын 5-февраль күни кеңнен белгилеў мақсетинде Президенттиң тийисли қарары қабыл етилди.

Ҳүжжетке муўапық, апрель айы "Амир Темур айы" деп жәрияланды, билимлендириў мәкемелери, илимий орайлар ҳәм мәҳәллелерде темуртаныўшы илимпазлар, жазыўшылар ҳәм көркем өнер ғайраткерлериниң қатнасыўында ушырасыўлар, дөгерек сәўбетлери ҳәм сәўбетлесиўлер өткерилиўи режелестирилди.

Усы қарардың орынланыўы шеңберинде дүньяның белгили музейлериниң ең жақсы тәжирийбелеринен пайдаланған ҳалда Темурийлер тарийхы мәмлекетлик музейиниң имараты реконструкцияланып, заманагөй әсбап-үскенелер менен тәмийинленди. Санластырыў есабынан оның имканиятлары кеңейтилди, экспозициясы, соның ишинде, сырт ел коллекцияларынан алынған экспонатлар менен байытылды.

Атап айтқанда, музейдиң биринши қабатында "Уллы Саҳыпқыран - Екинши Ренессанстың тийкарын салыўшы" атамасында бөлим шөлкемлестирилген. Екинши қабатта болса жасалма интеллект ҳәм смарт технологиялар тийкарында Әмир Темур ҳәм Темурийлер дәўирине байланыслы интерактив экспозициялар жаратылған. Сондай-ақ, 3D-экспонатлар ҳәм географиялық карталар көрсетилмекте.

Президентимиз Темурийлер тарийхы мәмлекетлик музейиниң жаңаланған экспозициясы ҳәм мийманлар ушын жаратылған шараятлар менен танысып, ата-бабаларымыз мийрасын үйрениў, үгит-нәсиятлаў ҳәм қәстерлеп сақлаў әҳмийетли екенин атап өтти.

– Бизиң пүткил дүнья мақтанатуғын тарийхымыз ҳәм мийрасымыз бар. Саҳыпқыран тарийхы сақланып атырған музейдиң жаңаланып, заман руўхына сәйкесленгени қуўанышлы. Ендиги тийкарғы ўазыйпамыз – оны халқымыз, жасларымыз ҳәм сырт елли мийманларға жеткериў. Жаңа Өзбекстанды раўажландырыў ушын зәрүр болған билимди қай жерден алыў мүмкин десениз, бәрин ата-бабаларымыз қалдырған мийрастан, билимлерден табыў мүмкин. Соның ушын жаслар, нураныйлар, улыўма, халықты мәҳәлле дәрежесинде музейлерге тартып, олардың уллы тарийхымыз ҳаққындағы билимлерин кеңейтиўимиз керек, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Сапар етиў ўақтында Президент Шавкат Мирзиёев Темурийлер тарийхы мәмлекетлик музейиниң мийманлар китабына естелик жазыўын қалдырды.